1 Қудайдың садықлығы. 9 Бирде бир ҳақ адам жоқ. 21 Исеним менен ақланыў.
Римлилерге жазылған хат 3 bob
1 Олай болса, яҳудий болыўдың қандай да бир артықмашылығы бар ма? Я болмаса, сүннетлениўдиң пайдасы бар ма?
2 Єлбетте, бар. Яҳудий болыў – ҳєр тєреплеме артықмашылыққа ийе. Ѳйткени ең алды менен Кудайдың сѳзлери оларға исенип тапсырылған.
3 Егер олардың айырымлары Кудайдың сѳзлерине садықсыз болып шыққан болса не болыпты? Олардың садықсызлығы Кудайдың садықлығын бийкарлай ала ма?
4 Ҳеш қашан! Ҳємме адамлар ѳтирикши болса да, Кудай ҳақ. Себеби Мухаддес Жазыўда Кудай ҳаққында былай делинген: «Ҳақ екениңди сѳзлериң менен кѳрсетесең, Сени айыплағанда, жеңиске ерисесең».
5 Бирақ, бизлердиң наҳақлығымыз Кудайдың ҳақлығын ашып кѳрсетсе, онда не деймиз? Кудай бизлерди ғєзеп пенен жазаласа, єдилсиз болғаны ма? (Мен буларды адамлардың ойы бойынша айтып атырман.)
6 Ҳеш қашан! Егер Кудай єдилсиз болса, Ол дүньяны ҳүким ете алар ма еди?
7 Деген менен, айырымлар былай деп сораў қойыўы мүмкин: «Егер мениң наҳақлығым Кудайдың ҳақлығының артып, Оның уллыланыўына хызмет етсе, сонда неге мен гүнакар болып ҳүким етилмектемен?»
8 Солай етип: «Жақсылық шықсын деп, жаманлық ислей берейик», – дейик пе? Базы адамлар бизлерге жала жаўып, усындай сѳзлерди айтты демекте. Бундай адамлар Кудайдың жазасына ылайықлы.
9 Енди не деўге болады? Биз яҳудийлер басқа миллетлерден артықпыз ба? Єлбетте, яқ! Ѳйткени єлле қашан дєлиллегенимдей, яҳудий де, басқа миллет адамы да, яғный ҳєр бир адам гүнаның бийлиги астында.
10 Мухаддес Жазыўларда айтылғандай: «Ҳеш бир ҳақ адам жоқ, бирде бири жоқ.
11 Саналы ҳеш бири жоқ. Кудайды излейтуғын ҳеш ким жоқ.
12 Ҳємме жолдан адасқан, барлығы жарамсыз болған. Жақсылық ислеўши ҳеш ким жоқ. Бирде бири жоқ».
13 «Олар сѳзлери менен адамларды ашық гѳрге тығар». «Тиллери менен алдайды, еринлеринде жылан зєҳєри».
14 «Аўызлары толы нєлет-ғарғыс сѳзлерге».
15 «Аяқлары шаққан қан тѳгиўге.
16 Олар қєдем басқан жерге келер қыйралыў ҳєм бєле.
17 Билмес олар тынышлық жолын».
18 «Кудайдан қорқыў да жоқ кеўиллеринде ».
19 Мухаддес Нызамда айтылғанлардың ҳєммеси Мухаддес Нызам астында болғанларға айтылғанын билемиз. Солай етип, ҳєр бир тил байланып, пүткил дүнья Кудайдың алдында есап береди.
20 Сонлықтан Мухаддес Нызамды орынлағаны арқалы ҳеш бир адам Кудайдың алдында ақлана алмайды. Керисинше, Мухаддес Нызам арқалы адам ѳзиниң гүнакар екенин билип алады.
21 Енди болса, Кудайдың адамды ақлайтуғын єдиллиги Мухаддес Нызамға байланыслы болмай-ақ ашық кѳрсетилди. Таўрат та, пайғамбарлардың Жазыўлары да бул ҳаққында гүўалық береди.
22 Кудайдың єдиллиги адамларды олардың Ийса Масихқа деген исеними арқалы ақлайды. Буны Ол исенетуғын ҳєр бир адам ушын ислейди. Себеби адамлар арасында ҳеш қандай айырмашылық жоқ.
23 Ѳйткени ҳємме гүна ислеген ҳєм Кудайдың салтанатынан айырылған.
24 Бирақ, адамлар Кудайдың мийрими менен, Ийса Масихтың қаны арқалы ешейин ақланады.
25 Масихқа деген исеним менен, Оның қаны арқалы гүналары кеширилсин деп, Кудай Масихты адамлар ушын қурбанлыққа бағышлады. Кудай бул арқалы Ѳз єдиллигин кѳрсетти. Себеби Кудай сабырлылық етип, бурыннан бери исленген гүналарды кеширди.
26 Жєне де, ҳєзирги ўақытта Ол єдиллигин дєлиллеп, Ѳзиниң ҳақ екенин ҳєм Ийсаға исенген ҳєр бир адамды ақлайтуғынын кѳрсетти.
27 Енди бизлер не менен мақтана аламыз? Ҳеш нєрсе менен. Кандай жол менен ақлана аламыз? Мухаддес Нызамды орынлаў жолы менен бе? Яқ, исеним менен.
28 Ѳйткени бизлер адамның Мухаддес Нызамды орынлағаны арқалы емес, ал исеним менен ақланатуғынын мойынлаймыз.
29 Расында да, Кудай тек яҳудийлердиң Кудайы ма? Ол басқа миллетлердиң де Кудайы емес пе? Єлбетте, Ол басқа миллетлердиң де Кудайы.
30 Себеби сүннетли яҳудийлерди де, сүннетсиз болған басқа миллетлерди де тек исеним менен ақлайтуғын Кудай – жалғыз.
31 Солай етип, бизлер: «Адамлар тек исеним менен ақланады», – деп, Мухаддес Нызамды бийкарлаймыз ба? Яқ, керисинше, Оны тастыйықлаймыз.