1 Ийсаның қолы ләң адамға шыпа бериўи. 7 Теңиз жағасындағы халық. 13 Ийсаның он еки елшисин таңлаўы. 20 Ийса ҳәм Белзебүл. 31 Ийсаның анасы ҳәм туўысқанлары.
Марк жазған Хош Хабар 3 bob
1 Ийса және мәжилисханаға кирди. Ол жерде қолы ләң бир адам бар еди.
2 Гейбиреўлер Ийсаны айыпламақшы болып, дем алыс күни сол адамға шыпа бермес пе екен деп, Оны аңлыды.
3 Ийса қолы ләң адамға: – Ортаға шық, – деди.
4 Соңынан олардан: – Нызам бойынша дем алыс күни не ислеген дурыс: жақсылық па ямаса жаманлық па? Адамның жанын қутқарыў ма ямаса набыт қылыў ма? – деп сорады. Бирақ олар үндемеди.
5 Ийса оларға ашыўлы нәзер таслап, олардың тас баўырлығына қыйналды ҳәм сол адамға: – Ќолыңды соз, – деди. Ол қолын созғанда, қолы бурынғыдай сап-саў болып қалды.
6 Бирақ парисейлер сыртқа шығып, Ийсаны жоқ қылыў туўралы Ҳиродтың адамлары менен дәрриў тил бириктире баслады.
7 Ийса Ѳз шәкиртлери менен теңиздиң жағасына шықты. Оған Галиладан кѳп халық ерип жүрди.
8 Яҳудиядан, Ерусалимнен, Идумеядан, Иорданның арғы жағасынан ҳәм Тир менен Сидон әтирапынан жүдә кѳп адамлар Оның ислеген ислери ҳаққында еситип, Оған келди.
9 Халық кѳп жыйналғанлықтан, Ѳзин тығылыстырмасын деп, Ийса шәкиртлерине қайық таярлаўды тапсырды.
10 Себеби Ол кѳп адамларға шыпа бергенликтен, аўырыў адамлардың ҳәммеси Оған қолларын тийгизбекши болып, әтирапына тығылысты.
11 Ҳәр қашан жаўыз руўхлар Ийсаны кѳргенде, Оның алдына жығылып: – Сен – Ќудайдың Улысаң! – деп бақырысатуғын еди.
12 Бирақ Ол Ѳзиниң ким екенлигин ашық айтыўды оларға қатаң қадаған ететуғын еди.
13 Ийса таўға шығып, Ѳзи қәлеген адамларды шақырғанда, олар Оның қасына келди.
14 -
15 Ѳзи менен бирге болыў ушын, Ќудайдың сѳзин жәриялаўға жибериў ушын ҳәм жинлерди қуўып шығарыўға бийлик бериў ушын он екисин таңлады.
16 Ийса тайынлаған он еки елши мыналар еди: Ол Петр деп атаған Симон,
17 Ийса Боанергес, яғный «гүлдирмаманың балалары» деп атаған Зебедейдиң уллары Яқып ҳәм Юхан,
18 Андрей, Филип, Бартоломей, Матта, Томас, Алпейдиң улы Яқып, Тадей, ўатансүйер Симон
19 ҳәм кейин Ийсаға сатқынлық ислеген Яҳуда Исқариот.
20 Соңынан Ийса үйге киргенде, және кѳп халық жыйналып, Оған ҳәм шәкиртлерине аўқатланыўға мүмкиншилик болмай қалды.
21 Ийсаның үй-иши буны еситип, Оны алып кетиў ушын келди. Ѳйткени адамлар: «Ол есинен аўыпты», – деген еди.
22 Ерусалимнен келген диний муғаллимлер: – Онда Белзебүл-шайтан бар. Ол жинлерди жинлердиң баслығының күши менен қуўып шығарып жүр, – дести.
23 Сонда Ийса оларды Ѳзине шақырып алып, оларға тымсаллар менен сѳйлей баслады: – Шайтанды шайтан қалай қуўып шығара алады?
24 Егер бир патшалық ѳз ишинен бѳлинсе, ол қулайды.
25 Бир үй ѳз ишинен бѳлинсе, ол қулайды.
26 Егер шайтан ѳзине ѳзи қарсы шығып, ѳз ара бѳлинсе, онда оның патшалығының қулап, тамам болатуғын ўақтының жеткени.
27 Ҳеш ким де күшли адамның үйине кирип, мал-мүлкин тонай алмайды. Тек оны байлағаннан кейин ғана оның үйин тонай алады-ғо.
28 Сизлерге шынын айтып турман: адамлардың ҳәр қандай гүнасы да, тил тийгизиўлери де кешириледи.
29 Бирақ ким де ким Мухаддес Руўхқа тил тийгизсе, ҳеш қашан кеширилмейди. Ол мәңгиге гүналы болады.
30 Ийса бул сѳзлерди адамлардың: «Онда жаўыз руўх бар», – дегени себепли айтты.
31 Сонда Ийсаның анасы ҳәм туўысқанлары келди. Олар үйдиң сыртында турып, адам жиберип, Оны шақыртты.
32 Єтирапында отырған аламан Ийсаға: – Сениң анаң менен туўысқанларың келип, Сени сыртта шақырып тур, – дести.
33 Ийса оларға жуўап қайтарып: – Мениң анам ким, туўысқанларым кимлер? – деди де,
34 әтирапында отырғанларға қарап: – Мине, Мениң анам ҳәм туўысқанларым!
35 Ким де ким Ќудайдың еркин орынласа, Мениң туўысқаным да, анам да – сол, – деди.