1 Ийсаны өлтириў ушын тил бириктириў. 3 Ийсаның басына әтир май қуйылыўы. 10 Яҳуданың сатқынлығы. 22 Ийсаның соңғы кешеси. 27 Петрдиң Ийсадан таныўы ҳаққында. 32 Ийсаның Гетсеманиде дуўа етиўи. 43 Ийсаның қолға алыныўы. 53 Ийса жоқарғы кеңес алдында. 66 Петрдиң Ийсадан таныўы.
Марк жазған Хош Хабар 14 bob
1 Ќутқарылыў ҳәм Ашытқысыз нан байрамына еки күн қалған еди. Бас руўханийлер ҳәм диний муғаллимлер Ийсаны ҳийле менен услап алып, ѳлтириўдиң жолын излестирди.
2 Бирақ олар: «Халық арасында қозғалаң болмаўы ушын, бул исти байрам күнлери ислемейик», – дести.
3 Ийса Бетанияда, бурын мақаў кесел болған Симонның үйинде, дастурхан басында отырғанда, мәрмер ыдыста сап нардтан исленген қымбат баҳалы әтир майы бар бир ҳаял келди. Ол ыдысты сындырды да, майды Ийсаның басына қуйды.
4 Гейбиреўлер ашыўланып, бир-бирине: – Бул май неге бийкарға ысырап етилди?
5 Оны үш жүз динардан да қымбатыраққа сатып, ақшасын жарлыларға үлестирип бериўге болар еди-ғо, – десип, ҳаялды айыплай баслады.
6 Бирақ Ийса: – Ҳаялды тынышына қойыңлар. Оны неге уялтып атырсызлар? Ол Маған жақсылық иследи-ғо.
7 Ѳйткени жарлылар сизлер менен бәрқулла бирге, оларға қәлеген ўақтыңызда жәрдем бере аласызлар. Бирақ Мен сизлер менен бәрқулла бирге болмайман.
8 Ол қолынан келгенин иследи. Мениң денеме алдын ала әтир май қуйып, оны жерлеўге таярлады.
9 Сизлерге шынын айтып турман: Хош Хабар дүньяның қай жеринде жәрияланса да, бул ҳаял еске алынып, оның ислеген иси айтылатуғын болады, – деди.
10 Соңынан он еки шәкирттиң бири болған Яҳуда Исқариот Ийсаны услап бериў ушын бас руўханийлерге барды.
11 Олар буны еситип, қуўанысып қалды ҳәм оған гүмис теңге бериўди ўәде етти. Яҳуда да Ийсаны услап бериўге қолайлы пайыт изледи.
12 Ашытқысыз нан байрамының биринши күни Ќутқарылыў байрамының қозысы шалынғанда, шәкиртлери Ийсаға: – Ќутқарылыў байрамының асын жеўиң ушын, бизлердиң қай жерге барып таярлық кѳриўимизди қәлейсең? – дести.
13 Ол шәкиртлериниң екеўин жиберип, оларға: – Ќалаға барыңлар, ол жерде сизлерге гүзе менен суў кѳтерип киятырған адам гезлескенде, оның изине ериңлер.
14 Ол кирген үйдиң ийесине: «Устазымыз: „Шәкиртлерим менен бирге байрам асын жейтуғын бѳлме қәне?“ – деп сорап атыр», деңлер.
15 Ол сизлерге тѳсеклер тѳселип таяр турған жоқарыдағы үлкен бѳлмени кѳрсетеди. Бизлерге сол жерде байрам асын таярлаңлар, – деди.
16 Шәкиртлери шығып, қалаға келди ҳәм Ийсаның айтқанларын таўып, байрам асын таярлады.
17 Кеш болғанда, Ийса он еки шәкирти менен бирге келди.
18 Олар аўқатланып отырғанда, Ийса: – Сизлерге шынын айтып турман: Мениң менен аўқатланып отырған араңыздағы бириңиз Маған сатқынлық ислейди, – деди.
19 Олар қапа болып, биринен соң бири Оннан: – Мен емеспен-ғо, я? – деп сорай баслады.
20 Ийса оларға жуўап берип: – Он еки шәкиртимниң бири, Мениң менен бир табаққа нанын малып атырған адам – сол.
21 Адам Улы Ѳзи ҳаққында жазылғандай баратыр, бирақ Адам Улына сатқынлық қылыўшы ҳәсирет шегеди! Ол адамның бул дүньяға келмегени ѳзи ушын жақсырақ болар еди, – деди.
22 Олар аўқатланып отырғанда, Ийса нан алып, Ќудайға шүкирлик етти. Оны сындырып, шәкиртлерине берди де: – Алыңлар, бул – Мениң денем, – деди.
23 Соң кесени алып, Ќудайға шүкирлик етти де, оларға берди. Оннан ҳәммеси ишти.
24 Оларға: – Бул – кѳп адамлар ушын тѳгилетуғын, Жаңа Келисимди бекитетуғын Мениң қаным.
25 Сизлерге шынын айтып турман: Ќудай Патшалығында жаңасын ишетуғын күниме дейин, жүзим ишимлигинен қайтып ишпеймен, – деди.
26 Соңынан олар Ќудайды жырлайтуғын қосық айтып, Зәйтүн таўына кетти.
27 Ийса оларға: – Сизлердиң ҳәммеңиз Мени таслап кетесизлер. Себеби былай деп жазылған: «Шопанды урғанымда, Ќойлар тарқап кетеди».
28 Бирақ қайта тирилгенимнен кейин, сизлерден бурын Галилаға бараман, – деди.
29 Петр Оған: – Сени ҳәммеси таслап кетсе де, мен таслап кетпеймен, – деди.
30 Сонда Ийса оған: – Саған шынын айтып турман: бүгин түнде қораз еки рет шақыраман дегенше, сен Меннен үш рет танасаң, – деди.
31 Бирақ Петр қызып кетип: – Маған Сениң менен бирге ѳлиўге туўра келсе де, Сеннен ҳеш қашан танбайман, – деди. Ќалғанларының ҳәммеси де солай деди.
32 Олар Гетсемани деп аталатуғын жерге келди. Ийса шәкиртлерине: – Мен дуўа етип боламан дегенше, сизлер усы жерде отырыңлар, – деди.
33 Ѳзи менен бирге Петр, Яқып ҳәм Юханды алып, қатты қәўетерленип, қыйнала баслады.
34 Оларға: – Жаным ѳлердей қыйналып тур. Сизлер усы жерде қалып, сергек болып турыңлар, – деди.
35 Шетирек шығып, жерге жығылды да, мүмкин болса бул сааттың Ѳзинен ѳтиўин сорап, дуўа ете баслады.
36 – Єке, Єкежаным! Саған ҳәммеси мүмкин. Бул азап кесесин Меннен ѳткизип жибер. Бирақ Мениң емес, Сениң қәлегениң болсын, – деди.
37 Ийса шәкиртлериниң қасына қайтып келип, олардың уйықлап атырғанын кѳрди де, Петрге: – Симон, уйықлап атырсаң ба? Уйықламай бир саат та отыра алмадың ба?
38 Азғырылмаўыңыз ушын сергек болып, дуўа етиңлер. Руўх қәлейди, бирақ дене ҳәлсиз, – деди.
39 Ол және барып, сол сѳзлерин айтып, дуўа етти.
40 Ќайтып келип, олардың және уйықлап атырғанын кѳрди. Ѳйткени кѳзлерин уйқы басқан еди. Олар Ийсаға не деп жуўап берерин билмеди.
41 Ийса үшинши рет қайтып келип, оларға: – Сизлер еле уйықлап, дем алып атырсызлар ма? Болды, ўақыт келди. Адам Улы гүнакарлардың қолына услап бериледи.
42 Турыңлар, кеттик. Ќараңлар, Маған сатқынлық қылыўшы жақынлады, – деди.
43 Тап сол ўақытта, Ийса еле сѳйлеп турғанда, он еки шәкиртиниң бири Яҳуда келди. Оның менен бирге бас руўханийлер, диний муғаллимлер ҳәм ақсақаллар жиберген бир топар адамлар бар еди. Адамлар қолына қылыш ҳәм шоқмар услаған еди.
44 Сатқынлық қылыўшы оларға белги берип: «Мен кимди сүйсем, Ол – Соның Ѳзи. Оны услап, абайлап алып кетиңлер», – деген еди.
45 Яҳуда келди де, дәрриў Ийсаға жақынласып, Оған: – Устаз! – деп, Оны сүйди.
46 Ал адамлар Ийсаға қол салып, услап алды.
47 Бирақ Ийсаның қасында турғанлардың биреўи қылышын суўырып алып, бас руўханийдиң қулының қулағын шаўып таслады.
48 Сонда Ийса оларға: – Мени услаў ушын, жынаятшыға қарсы шыққандай болып, қылыш ҳәм шоқмар алып келдиңлер ме?
49 Мен ҳәр күни сизлер менен Ибадатханада бирге болып, тәлим бергенимде, Мени усламадыңлар. Бирақ, Мухаддес Жазыўлар орынланыўы шәрт, – деди.
50 Сонда шәкиртлериниң ҳәммеси Оны таслап, қашып кетти.
51 Жалаңаш денесине таўар ораған бир жас жигит Оның изине ерип баратыр еди. Олар оны услап алғанда,
52 ол оранған таўарын таслап, жалаңаш қашып кетти.
53 Олар Ийсаны бас руўханийге апарды. Ол жерге ҳәмме бас руўханийлер, ақсақаллар ҳәм диний муғаллимлер жыйналды.
54 Петр Ийсаға бас руўханийдиң ҳәўлисиниң ишине дейин узақтан ерип келип, ҳәўлиде сақшылар менен бирге отқа жылынып отырды.
55 Бас руўханийлер ҳәм пүткил жоқарғы кеңес Ийсаны ѳлим жазасына ҳүким етиў ушын, Оған қарсы гүўалық изледи, бирақ таба алмады.
56 Себеби кѳп адамлар Оған қарсы жалған гүўалықлар берсе де, гүўалықлары бир-бирине сәйкес келмес еди.
57 Соңынан гейбиреўлер орнынан турып, Оған қарсы жалған гүўалық берип:
58 – Бизлер Оның: «Адам қолынан қурылған бул Ибадатхананы Мен бузып таслап, үш күнниң ишинде адам қолынан қурылмаған басқа Ибадатхана қураман», – дегенин еситтик, – деди.
59 Бирақ олардың гүўалығы да сәйкес келмеди.
60 Сонда бас руўханий ортаға шығып, Ийсадан: – Олар Саған қарсы гүўалық берип атыр-ғо. Сен неге ҳеш жуўап бермейсең? – деп сорады.
61 Бирақ Ийса үндемеди ҳәм ҳеш жуўап қайтармады. Бас руўханий Оннан және: – Алғыслының Улы – Масих Сенбисең? – деп сорады.
62 Ийса: – Аўа, Мен. Сизлер Адам Улының Ќүдиретли Ќудайдың оң жағында отырғанын ҳәм аспандағы бултларда киятырғанын кѳресизлер, – деди.
63 Сонда бас руўханий ѳз кийимлерин жыртып: – Енди бизлерге гүўалардың неге кереги бар?
64 Ќудайға тил тийгизгенин еситтиңлер-ғо. Сизлердиң қарарыңыз қандай? – деди. Олардың ҳәммеси Ийсаны ѳлим жазасына ҳүким етиўге қарар етти.
65 Гейбиреўлер Оған түкире баслады ҳәм бетин байлап, Оны мушлап урды да, Оған: – Ќәнекей, ўәлийлик ет, – дести. Сақшылар да Оны шапалақ пенен урды.
66 Петр ишки ҳәўлиде отырғанда, бас руўханийдиң шоры қызларынан бири келди.
67 Ол отқа жылынып отырған Петрди кѳрип, оған тигилип қарады да: – Сен де сол Насыралы Ийса менен бирге едиң-ғо, – деди.
68 Бирақ Петр танып: – Сениң не айтып турғаныңды билмеймен ҳәм түсинбеймен, – деди де, сыртқы ҳәўлиге шығып кетти.
69 Шоры қыз оны кѳрип, сол жердегилерге және: – Бул адам – солардың бири, – деп айта баслады.
70 Бирақ Петр және танды. Бираздан соң, сол жерде турғанлар Петрге: – Расында да, сен солардың бирисең, ѳйткени галилалысаң-ғо, – деди.
71 Ол: – Сизлер айтып турған бул Адамды мен танымайман, – деп ант ишип, ѳзин ѳзи ғарғай баслады.
72 Сол ўақытта-ақ қораз екинши рет шақырды. Петр Ийсаның ѳзине: «Ќораз еки рет шақыраман дегенше, сен Меннен үш рет танасаң», – деген сѳзи есине түсип, жылап жиберди.