1 Ийсаның Ибадатхананың қыйралыўын болжаўы. 14 Ең уллы апат. 24 Адам Улының қайта келиўи. 28 Әнжир ағашын мысалға алыңлар! 32 Сол күнди ямаса сол саатты ҳеш ким де билмейди.
Марк жазған Хош Хабар 13 bob
1 Ийса Ибадатханадан шығып баратырғанда, шәкиртлериниң бири: – Устаз, қара, қандай әжайып таслар, қандай әжайып имаратлар! – деди.
2 Ийса оған: – Мына саўлатлы имаратларды кѳрип турсаң ба? Бул жерде тас үстинде тас қалмайды, ҳәммеси қыйратылады, – деди.
3 Соңынан Ийса Зәйтүн таўында, Ибадатхананың қарсы алдында отырғанда, Петр, Яқып, Юхан ҳәм Андрей аўлақта Оннан:
4 – Бизлерге айт, булар қашан болады ҳәм булардың ҳәммесиниң болатуғынын қандай белги билдиреди? – деп сорады.
5 Сонда Ийса оларға былай деп айта баслады: – Биреўлердиң сизлерди алдаўынан сақ болыңлар!
6 Ѳйткени кѳплер Мениң атым менен келип: «Мен – Масихпан» деп, кѳп адамларды алдайды.
7 Сизлер урыслардың шаўқымын ҳәм урыслар ҳаққында мыш-мышларды еситкенде қәўетерленбеңлер. Булардың болыўы шәрт, бирақ бул еле ақыры емес.
8 Себеби миллет миллетке қарсы, патшалық патшалыққа қарсы кѳтериледи. Кѳп жерлерде жер силкиниўлер ҳәм ашаршылықлар болады. Бул ўақыялар толғақ азабының басланыўындай болады.
9 Ѳзлериңизге сақ болыңлар! Ѳйткени сизлер ҳүким етилиўге услап берилесизлер ҳәм мәжилисханаларда таяқ жейсизлер. Және де, Мен себепли ҳәкимлер ҳәм патшалардың алдыларына апарылып, оларға гүўалық бересизлер.
10 Бирақ дәслеп Хош Хабар ҳәмме халықларға жәрияланыўы шәрт.
11 Сизлерди услап алып, ҳүким етиўге апаратырғанда, не айтыўды ойлап, алдын ала тынышсызланбаңлар. Сол ўақытта сизлерге не берилсе, соны айтыңлар. Себеби сизлер емес, ал Мухаддес Руўх сѳйлейди.
12 Туўысқаны туўысқанын, әкеси баласын ѳлимге услап береди. Балалары да ата-аналарына қарсы шығып, оларды ѳлтиртеди.
13 Мениң атым себепли, сизлерди ҳәмме жек кѳреди. Бирақ ақырына дейин шыдаған қутқарылады.
14 – Ўайран етиўши жеркенишлиниң турыўға болмайтуғын жерде турғанын кѳргениңизде (оқыған адам мәнисин түсинсин), Яҳудиядағылар таўларға қашсын!
15 Ким де ким үйиниң тѳбесинде болса, тѳменге түспесин ҳәм бир нәрсе алайын деп үйине кирмесин.
16 Ал ким де ким атызда болса, шапанын алыў ушын изине қайтпасын.
17 Сол күнлери жүкли ҳәм емизиўли ҳаялларға қандай қыйын болады!
18 Булардың қыс мәўсиминде болмаўы ушын дуўа етиңлер.
19 Ѳйткени сол күнлери Ќудай бул дүньяны жаратқаннан бери усы күнге дейин болмаған ҳәм қайтып болмайтуғын апат болады.
20 Егер Ийемиз сол күнлердиң санын қысқартпағанда, ҳеш ким аман қалмас еди. Бирақ Ол Ѳзиниң таңлап алғанлары ушын, сол күнлердиң санын қысқартты.
21 Сонда егер сизлерге биреў: «Ќараңлар, Масих бул жерде» ямаса: «Ќараңлар, Ол ана жерде» десе, исенбеңлер.
22 Себеби жалған масихлар ҳәм жалған пайғамбарлар пайда болып, егер мүмкин болса, таңлап алынғанларды алдаў ушын, кәраматлы белгилер ҳәм таң қаларлық ислерди кѳрсетеди.
23 Сонлықтан сақ болыңлар! Мен ҳәммесин сизлерге алдын ала айтып атырман.
24 – Бирақ сол күнлери, сол апаттан кейин, «күн қараңғыланады, ай ѳз жақтысын түсирмейди.
25 Жулдызлар аспаннан түсип, аспан күшлери силкинеди».
26 Сонда адамлар Адам Улының уллы қүдирет ҳәм салтанат пенен бултларда киятырғанын кѳреди.
27 Ол Ѳз периштелерин жиберип, дүньяның тѳрт тәрепинен, жердиң шетинен баслап аспанның шетине дейин, Ѳзиниң таңлап алғанларын жыйнап алады.
28 – Єнжир ағашын мысалға алыңлар: оның шақалары жумсарып, жапырақ шығара баслағанда, жаздың жақын екенин билесизлер.
29 Сол сыяқлы, усы ўақыялардың орынланып атырғанын кѳрсеңлер, Адам Улының жақынлап, есик алдында турғанын билиңлер.
30 Сизлерге шынын айтып турман: бул әўлад жоқ болып кетпестен бурын булардың ҳәммеси болады.
31 Аспан ҳәм жер жойылады, бирақ Мениң сѳзлерим ҳеш қашан жойылмайды.
32 – Сол күнди ямаса сол саатты ҳеш ким де билмейди: аспандағы периштелер де, Улдың Ѳзи де, тек ғана Єкем биледи.
33 Абайлаңлар ҳәм сергек болыңлар, ѳйткени сол ўақыттың қашан келетуғынын билмейсизлер.
34 Бул – бир адамның саяхатқа кетип баратырып, үйиндеги хызметшилерине басқарыўға бийлик бергени ҳәм ҳәр бирине ис тапсырып, дәрўаза қараўылына сергек болыўды буйырғаны сыяқлы.
35 Солай етип, сизлер де сергек болыңлар. Себеби үй ийесиниң кеште ме, ярым ақшамда ма, қораз шақырғанда ма, ерте азанда ма, қашан келетуғынын билмейсизлер.
36 Ол күтилмегенде келип, сизлердиң уйықлап атырғаныңызды кѳрмесин.
37 Сизлерге айтатуғынымды ҳәммеге айтаман: сергек болыңлар!