1 Ийсаның Ерусалимге салтанатлы түрде кириўи. 12 Ийсаның әнжир ағашын ғарғаўы. 15 Ийсаның Ибадатханадан сатыўшыларды қуўыўы. 20 Қуўрап қалған әнжир ағашы. 27 Ийсаның бийлиги ҳаққында сораў.
Марк жазған Хош Хабар 11 bob
1 Олар Ерусалимге жақынлап, Зәйтүн таўының етегиндеги Бетфаге ҳәм Бетания деген аўылларға келгенде, Ийса шәкиртлериниң екеўин жумсап,
2 оларға былай деди: – Ќарсы алдыңыздағы аўылға барыңлар. Оған кириўден-ақ, еле ҳеш ким минбеген, байлаўлы турған бир гүррени табасызлар. Оны шешип, алып келиңлер.
3 Егер биреў сизлерден: «Неге бундай ислеп атырсызлар?» – деп сораса, сизлер: «Бул Ийемизге керек. Ол буны тез қайтарып жибереди», – деп жуўап бериңлер.
4 Олар барып, кѳшедеги дәрўаза қасында байланған гүррени тапты ҳәм оны шешип алды.
5 Сол жерде турған гейбиреўлер оларға: – Гүррени шешип алып не қылажақсызлар? – деп сорады.
6 Олар Ийсаның айтқанындай жуўап бергенде, адамлар оларға рухсат берди.
7 Гүррени Ийсаға алып келип, ѳзлериниң шапанларын оның үстине салғанда, Ийса минип алды.
8 Кѳп адамлар шапанларын жолға тѳсеп, ал гейбиреўлер даладағы тереклерден шақа кесип алып, жолға жайды.
9 Алдында ҳәм изде ерип киятырғанлар былай деп бақырысты: – «Ҳосанна! Ийемиздиң атынан Келиўши жарылқанған!
10 Бабамыз Даўыттың жақынлап киятырған патшалығы жарылқанған! Ең жоқарыда ҳосанна!»
11 Ийса Ерусалимге келип, Ибадатханаға кирди. Ол жерде ҳәмме нәрсени кѳзден кеширип болып, кеш болғанлықтан, он еки шәкирти менен Бетанияға кетти.
12 Келеси күни олар Бетаниядан шыққанда, Ийса аш болды.
13 Ол алыстан жапырақлары менен қапланған бир әнжир ағашын кѳрип, оннан бир нәрсе табылар ма екен деп, қасына барды. Бирақ жемис беретуғын ўақты болмағанлықтан, жапырақларынан басқа ҳеш нәрсе таппады.
14 Сонда Ол ағашқа: – Буннан былай, мәңгиге сениң мийўеңнен ҳеш ким жемесин! – деди. Буны шәкиртлери де еситти.
15 Олар Ерусалимге келгенде, Ийса Ибадатханаға кирип, ол жерден сатыўшылар менен алыўшыларды қуўып шығара баслады. Ақша алмастырыўшылардың столларын, кептер сатыўшылардың отырғышларын аўдарып таслады
16 ҳәм Ибадатхананың ҳәўлиси арқалы ҳеш кимге ҳеш нәрсе алып ѳтиўге рухсат етпеди.
17 Соңынан халыққа тәлим берип: – «Мениң үйим ҳәмме халықлар ушын, дуўа етиў үйи деп аталады», – деп жазылмаған ба? Ал сизлер оны қарақшылардың уясына айландырдыңлар, – деди.
18 Бас руўханийлер ҳәм диний муғаллимлер буны еситип, Оны жоқ қылыў жолын излестире баслады. Ѳйткени пүткил халық Ийсаның тәлимине таң қалысқанлықтан, олар Оннан қорқатуғын еди.
19 Кеш болғанда, Ийса шәкиртлери менен қаладан шығып кетти.
20 Олар ерте азанда ѳтип баратырып, әнжир ағашының тамырына дейин қуўрап қалғанын кѳрди.
21 Петр болған ўақыяны есине түсирип, Ийсаға: – Устаз! Ќара, Сен ғарғаған әнжир ағашы қуўрап қалыпты, – деди.
22 Ийса оларға жуўап берип: – Ќудайға исениңлер.
23 Сизлерге шынын айтып турман: егер ким де ким бул таўға: «Орныңнан кѳтерилип, теңизге қула», – десе ҳәм кеўлинде гүманланбай, айтқанының орынланатуғынына исенсе, оның айтқаны орынланады.
24 Сонлықтан да, сизлерге айтатуғыным: дуўа еткениңизде нени сорасаңлар да, алғаныңызға исениң, сонда ол сизлерге бериледи.
25 Дуўа етип турғаныңызда, биреўге ѳкпели болсаңыз, оны кешириң,
26 сонда аспандағы Єкеңиз де сизлердиң гүналарыңызды кеширеди, – деди.
27 Олар және Ерусалимге келди. Ийса Ибадатхананың ҳәўлисинде айланып жүргенде, Оған бас руўханийлер, диний муғаллимлер ҳәм ақсақаллар келип,
28 Оннан: – Сен буларды қандай бийлик пенен ислеп жүрсең? Саған бул ислерди ислеўге ким бийлик берген? – деп сорады.
29 Ийса оларға жуўап берип: – Мен де сизлерге бир сораў берейин, жуўап бериңлер. Сонда Мен де буларды қандай бийлик пенен ислейтуғынымды айтаман.
30 Яқыяның шомылдырыўы аспаннан болды ма ямаса адамлардан ба? Жуўап бериңлер, – деди.
31 Олар ѳз ара ойласа баслады: «Егер „аспаннан“ десек, Ол: „Сонда неге оған исенбедиңлер“, дейди.
32 „Адамлардан“ дейик пе?» Бирақ ондай деўге халықтан қорқты, себеби ҳәмме Яқыяны ҳақыйқый пайғамбар деп санайтуғын еди.
33 Сонлықтан олар Ийсаға: – Билмеймиз, – деп жуўап берди. Ийса оларға: – Мен де сизлерге бул ислерди қандай бийлик пенен ислейтуғынымды айтпайман, – деди.