1 Мүтәжликте жасаўшы исениўшилерге жәрдем бериў ҳаққында.
Коринфлилерге жазылған екинши хат 9 bob
1 Яҳудиядағы исениўшилерге жиберилетуғын бул жєрдемге байланыслы сизлерге жазыўдың ҳєжети жоқ.
2 Ѳйткени сизлердиң жєрдемге таяр екенлигиңизди билемен. «Ахая үлкесиндегилер ѳткен жылдан бери таяр», – деп мен Македониядағылар алдында сизлер менен мақтанып жүрмен. Сизлердиң интаңыз олардың кѳбисин ҳєрекетке келтирди.
3 Бул нєрседе сизлер менен мақтанғаным босқа шықпасын деп ҳєм ѳзим айтқанымдай, сизлерди таяр турасыз деп, усы туўысқанларымызды сизлерге жиберип атырман.
4 Себеби айырым македониялылар мениң менен бирге сизлерге барып, сизлердиң таяр емес екенлигиңизди кѳрсе, сизлерге қатты исенген бизлер уятқа қаламыз, сизлер де сѳзсиз уятқа қаласыз.
5 Сонлықтан мен усы туўысқанларымыздан ѳзимнен бурын сизлерге барыўды ҳєм сизлердиң ўєде еткен жєрдемиңизди алдын ала таярлап қойыўды ѳтиниш еткеним дурыс деп ойладым. Солай етип, сизлер беретуғын бул жєрдем мєжбүрий түрде берилген салықтай емес, ал ыразылық пенен берилген сыйдай болсын.
6 Мынаны умытпаңлар: сықмарланып еккен адам аз орады, сақыйлық пенен еккен адам кѳп орады.
7 Ҳєр бир адам қыйналып ямаса мєжбүрий түрде емес, ал кеўлинен шыққанын берсин. Ѳйткени Кудай ыразы болып берген адамды сүйеди.
8 Жєне де, Кудай сизлерди мол мийрим менен байытыўға қүдиретли. Солай етип, барлық ўақытта ҳємме нєрсеңиз жетерли болып, ҳєр қандай жақсы иске бай боласызлар.
9 Сонлықтан Мухаддес Жазыўда былай делинген: «Ол ѳзиникин сақыйлық пенен тарқатып, жарлыларға берди, Оның ҳақлығы мєңгиге бар болады».
10 Дийханға себиў ушын туқым, жеў ушын нан беретуғын Кудай сизлердиң сақыйлық пенен еккен егиниңиздиң зүрєєтин мол қылып береди ҳєм ҳақлығыңыздың жемисин арттырады.
11 Аўа, Кудай сизлерди ҳєр тєреплеме байытады. Солай етип, сизлер сақый боласызлар ҳєм бизлер сизлердиң сақыйлық пенен берген сыйларыңызды апарғанымызда, алған адамлар Кудайға шүкирлик билдиреди.
12 Сизлердиң бул хызметиңиз тек Яҳудиядағы исениўшилердиң мүтєжликлерин толықтырып қоймай, кѳп адамлардың Кудайға шексиз шүкирлик айтыўына себеп болады.
13 Сизлердиң бул хызметиңиз себепли, олар Кудайға алғыслар айтады. Себеби сизлердиң бул хызметиңиз ѳзлериңиз мойынлаған Масихтың Хош Хабарына бойсынатуғыныңызды, Яҳудиядағы мухаддеслер ҳєм кѳп басқа адамлар менен сақыйлық пенен бѳлисип атырғаныңызды дєлиллейди.
14 Жєне де, Кудайдың сизлерге берген мол мийрими себепли, Яҳудиядағылар сизлерди кѳриўди єрман етип, сизлер ушын дуўа етеди.
15 Сѳз бенен тєрийиплеп жеткизиў қыйын болған Кудайдың сыйы, яғный Оның Улы ушын Кудайға шүкирлер болсын!