Коринфлилерге жазылған екинши хат 2 bob

5 Гүна ислеген адамды кешириў ҳаққында. 12 Жаңа Келисимниң хызметшилери. 

1 Солай етип, сизлерди жєне қапа қылмайын деп, сизлерге бармаўға кеўлимде қарар еттим.
2 Ѳйткени егер мен сизлерди жєне қапа қылсам, онда мени ким қуўантады? Ѳзим қапа қылған сизлерден басқа, ким кеўлимди кѳтереди? Єлбетте, ҳеш ким!
3 Сонлықтан мен барғанымда, қуўантыўы керек болған адамлар мени қапа қылмаўы ушын, сол хатты жазып жиберген едим. Себеби мениң қуўанышым сизлердиң ҳєммеңиздиң қуўанышыңыз екенине исенген едим.
4 Мен сол хатты терең қайғырып, жүрегим езилип, кѳз жасларымды тѳгип отырып жаздым. Бундағы мақсетим – сизлерди қапа қылыў емес, ал сизлерге деген шексиз сүйиспеншилигимди билдириў еди.
5 Егер араңызда бир адам басқаларды қапа қылған болса, ол тек мени емес, ал қандай да бир дєрежеде сизлердиң ҳєммеңизди қапа қылған болады. Мен буны асырып айтып атырған жоқпан.
6 Бул адамға сизлердеги кѳпшилик тєрепинен берилген жаза жетерли болады.
7 Солай етип, ол ҳєдден тыс қайғырмаўы ушын оны кеширип, жубаныш бергениңиз мақулырақ болады.
8 Сонлықтан оған деген сүйиспеншилигиңизди дєлиллеўиңизди ѳтиниш етемен.
9 Ҳєр бир исте сѳзиме қулақ асатуғыныңызды ямаса аспайтуғыныңызды сынап билиў ушын, мен сизлерге сол хатты жазған едим.
10 Сизлер оны кеширсеңиз, оны мен де кеширемен. Егер мен оны кеширген болсам, оны сизлер ушын Масих алдында кеширдим.
11 Солай етип, шайтанның аўҳалдан пайдаланып, пєнт бериўине жол қоймайық. Ѳйткени бизлер оның жаўыз жобаларынан хабарсыз емеспиз.
12 Мен Масихтың Хош Хабарын жєриялаў ушын Троасқа барғанымда, Ийемиз маған кѳп мүмкиншилик берген еди.
13 Деген менен, туўысқанымыз Титусты сол жерде ушырата алмағаным себепли, руўхым тынышсызланды. Сонлықтан сол жердегилер менен хошласып, Македонияға кеттим.
14 Кудайға шүкирлер болсын! Ол бизлерди бєрқулла Масихтың жеңисиниң салтанатлы жүрисинде жетелеп жүреди ҳєм бизлер арқалы ҳємме жерде Масих ҳаққында билимди хош ийис сыяқлы тарқатады.
15 Себеби бизлер қутқарылып атырғанлар арасында да, набыт болып атырғанлар арасында да, Масихтың Кудайға бағышлаған хош ийисимиз.
16 Бизлер Хош Хабарды жєриялаған ўақтымызда, набыт болып атырғанлар ушын ѳлимге апаратуғын ѳлим ийисимиз. Ал қутқарылып атырғанлар ушын ѳмир беретуғын ѳмир ийисимиз. Бундай хызметке ылайықлы ҳеш ким жоқ!
17 Ѳйткени ѳз пайдасы ушын Кудайдың сѳзин сатып беретуғын кѳп адамлар бар. Бирақ, бизлер ондай адамлар емеспиз. Бизлер Кудай тєрепинен жиберилген ҳєм Масихқа тийисли болған адамлар сыпатында Хош Хабарды Кудай алдында ҳақ кеўил менен жєриялаймыз.