Коринфлилерге жазылған екинши хат 4 bob

1 Ылай ыдыслардағы ғәзийне. 16 Өткинши қыйыншылықлар ҳәм мәңгилик даңқ. 

1 Сонлықтан биз хызметшилер бул хызметти Кудайдың мийрим-шєпєєти менен ислеп атырғанымыз себепли, руўхымызды түсирмеймиз.
2 Бизлер жасырын ҳєм уят ислеримизди тасладық, ҳийлекерлик пенен ҳєрекет қылмаймыз. Кудайдың сѳзин бурмаламай, ҳақыйқатты ашық айтыўымыз арқалы ѳзимизди Кудай алдында ҳєр бир адамның ҳүжданына тапсырамыз.
3 Егер бизлер жєриялап атырған Хош Хабар жабық болса, ол набыт болатуғынлар ушын жабық болады.
4 Исенбейтуғын бундай адамлар Хош Хабардың жақтысын кѳрмесин деп, бул дүньяның ҳєкими – шайтан олардың жүрек кѳзлерин соқыр еткен. Хош Хабар Кудайдың қандай екенин кѳрсеткен Масихтың даңқын билдиреди.
5 Бизлер ѳзлеримиз ҳаққында жєриялап атырған жоқпыз. Ал Масих Ийсаны ҳєммемиздиң Ийемиз деп, Ийса ушын сизлердиң хызметшилериңиз екенлигимиз ҳаққында жєриялап атырмыз.
6 Себеби «Караңғылықтан нур жарқырасын», – деп буйырған Кудай Масихтың жүзинде жарқыраған Ѳзиниң даңқын билиўимиз ушын жүреклеримизди жақты қылды.
7 Биз елшилер усы ғєзийнени ылай ыдыс сыяқлы болған денемизде алып жүрмиз. Бул уллы қүдиреттиң бизлерден емес, ал Кудайдан екенлиги кѳринип тур.
8 Бизлер ҳєр тєреплеме қысқыдамыз, бирақ езилмеймиз. Албыраймыз, бирақ үмитсизликке берилмеймиз.
9 Куўдаланамыз, бирақ Кудай бизлерди таслап кетпейди. Бизлерди жығылтады, бирақ жоқ болып кетпеймиз.
10 Ийсаның ѳмири денемизде ашық кѳринсин деп, бизлер бєрқулла азап шегип, Ийсаның ѳлимине шерик боламыз.
11 Ѳйткени Ийсаның ѳмири бизиң ѳлетуғын денемизде ашық кѳринсин деп, жасап атырған бизлер Ийса ушын ѳлим қєўпине үзликсиз дуўшар болып атырмыз.
12 Солай етип, бизлердиң ѳлим қєўпине дуўшар болып атырғанымыз арқалы сизлер мєңгилик ѳмирге ерисип атырсызлар.
13 Забурда: «Мен исендим ҳєм соның ушын сѳйледим», – деп жазылған. Усындай исенимди пайда еткен Мухаддес Руўхқа ийе болғанымыз себепли, бизлер де исенемиз ҳєм сонлықтан сѳйлеймиз.
14 Себеби Ийемиз Ийсаны ѳлимнен тирилткен Кудайдың бизлерди де Ийса менен бирге тирилтетуғынын ҳєм сизлер менен бирликте Ѳзиниң алдында турғызып қоятуғынын билемиз.
15 Булардың ҳєммеси сизлердиң пайдаңыз ушын болып атыр. Солай етип, бизлердиң басымыздан кеширген қыйыншылықларымыз себепли, Кудайдың сизлерге деген мийрими артады. Сол мийрим еле де кѳп адамларға жетип барыўы арқалы Кудайға кѳп шүкирликлер айтылады ҳєм Ол даңққа бѳленеди.
16 Сонлықтан руўхымызды түсирмеймиз. Бизлердиң кѳринетуғын денемиз тозып баратырған болса да, ишки дүньямыз күннен-күнге жаңаланып атыр.
17 Ѳйткени ҳєзирги ѳткинши ҳєм арзымас қыйыншылықларымыз бизлерге ҳєдден тыс уллы ҳєм мєңгилик даңқ алып келеди.
18 Бизлер кѳзге кѳринетуғын қыйыншылықларға емес, ал кѳзге кѳринбейтуғын уллылыққа қараймыз. Себеби кѳзге кѳринетуғын нєрселер ѳткинши, ал кѳзге кѳринбейтуғын нєрселер мєңги болады.