Коринфлилерге жазылған екинши хат 8 bob

1 Сақыйлық пенен садақа бериў ҳаққында. 16 Титустың ҳәм оның менен бирге еки туўысқанның Коринфке жиберилиўи. 

1 Туўысқанлар, бизлер сизлерге Кудайдың Македониядағы исениўши жємєєтлерге берген мийрими ҳаққында билдиргимиз келеди.
2 Олар аўыр қыйыншылықлар менен сыналған болса да, қуўанышқа толып, жүдє кємбағал болса да, шексиз сақыйлық кѳрсетти.
3 Жағдайлары кѳтергенше, ҳєтте, жағдайларынан артық дєрежеде олардың ѳз қєлеўи менен сақыйлық кѳрсеткенине мен ѳзим гүўалық беремен.
4 Олар Яҳудиядағы исениўшилерге берилетуғын жєрдемге, яғный усы қайырлы иске қатнасыўды ѳтиниш етип, бизлерге жалбарынған еди.
5 Олар бизлер үмит еткенимизден де зыят берип, Кудайдың қєлеўи менен ѳзлерин бириншиден Ийемизге, соңынан бизлерге бағышлады.
6 Сонлықтан бурын сизлердиң араңызда бул қайырлы исти баслаған Титустан оны жуўмақлаўын ѳтиндик.
7 Сизлер Масихқа деген исенимде, Кудайдың сѳзин сѳйлеўде, ҳақыйқатты билиўде, инта менен хызмет етиўде, бизлерге деген сүйиспеншиликте, улыўма ҳємме нєрседе үстинсиз. Сол сыяқлы, бул қайырлы исте де сизлердиң үстин болыўыңызды қєлеймиз.
8 Буны буйрық ретинде айтып атырған жоқпан. Ал, басқа жємєєтлердиң интасы ҳаққында айтып, сизлердиң сүйиспеншилигиңиздиң ҳақыйқыйлығын сынап кѳрип атырман.
9 Себеби сизлер Ийемиз Ийса Масихтың мийримин билесизлер: Ол Ѳзи бай бола тура, сизлер ушын бул дүньяда жарлы болды. Оның жарлылығы менен сизлер руўхый байлыққа ийе болдыңыз.
10 Бул бойынша мен сизлерге бир пайдалы кеңес беремен. Сизлер ѳткен жылы ѳз қєлеўиңиз бенен жєрдем ақшаны жыйнаўды биринши болып баслаған едиңлер.
11 Енди сол исти ақырына дейин жеткизгениңиз мақул. Солай етип, баста қандай инта менен баслаған болсаңыз, сондай инта менен жуўмақлаўға қолларыңыздан келгенше тырысыўыңыз тийис.
12 Егер сизлер ѳзлериңизде бар нєрсени инта менен берсеңиз, Кудай оны ырзашылық пенен қабыл етеди. Бирақ, Ол сизлерде жоқ нєрсени талап етпейди.
13 Басқалардың аўҳалын жеңиллетиў ушын сизлерге аўырманлық салыў керек, демекши емеспен. Ал теңлик болыўы керек, демекшимен.
14 Ҳєзирги сизлердеги молшылық олардың жетпей турған нєрсесин толықтырады. Ал соңынан олардағы молшылық сизлердеги жетпей турған нєрсени толықтырады. Солай етип, теңлик болады.
15 Мухаддес Жазыўда: «Кѳп жыйнаған адамның артық нєрсеси, аз жыйнаған адамның кем нєрсеси болмады», – деп айтылғандай болады.
16 Мениң кеўлимдеги сизлерге деген интаны Титустың да кеўлине салған Кудайға шүкирлер болсын!
17 Ѳйткени ол тек бизлердиң ѳтинишимиз бойынша емес, ал ѳзинде сизлерге деген терең инта болғанлықтан, ѳз қєлеўи менен сизлерге баратыр.
18 Оның менен бирге бир туўысқанымызды да жиберип атырмыз. Ол Хош Хабарды жєриялаў бойынша барлық исениўши жємєєтлер тєрепинен мақтаўға ерискен адам.
19 Буның үстине, бул туўысқанымызды бизлер ислеп атырған усы қайырлы хызметте жолдас болсын деп, исениўши жємєєтлер сайлап қойған еди. Бизлер Ийемиздиң даңқы ушын ҳєм жєрдем бериўге инталы екенимизди кѳрсетиўимиз ушын усы қайырлы хызметти ислеп атырмыз.
20 Кѳп ақшалар менен байланыслы болған бул хызметимизде бизлерди ҳеш ким айыплай алмаўы ушын, бизлер сақлық пенен ис тутып атырмыз.
21 Себеби бизлер тек Ийемиздиң нєзеринде емес, ал адамлардың нєзеринде де дурыс болған нєрсени ислеўге тырысып атырмыз.
22 Бизлер жаңағы туўысқанларымыз бенен бирликте жєне бир туўысқанымызды да жиберип атырмыз. Бул туўысқанымызды талай мєртебе ҳєм ҳєр түрли жағдайларда сынап, оның инталы екенин кѳрдик. Енди оның сизлерге деген исеними күшейгенликтен, интасы да артып атыр.
23 Титусқа келсек, ол мениң шеригим ҳєм сизлер ушын мениң менен бирге мийнет ететуғын хызметши. Оның қасындағы еки туўысқанымыз – исениўши жємєєтлердиң ўєкиллери ҳєм Масихқа даңқ келтиретуғын адамлар.
24 Солай етип, сизлер бул адамларға деген сүйиспеншилигиңизди дєлиллеңлер. Бул арқалы оларды жиберген исениўши жємєєтлерге бизлердиң сизлер менен мақтанатуғынымыздың дурыс екенин кѳрсетиңлер.