Коринфлилерге жазылған екинши хат 11 bob

1 Павел ҳәм жалған елшилер. 16 Павелдиң елши сыпатында көрген қыйыншылықлары. 

1 Мениң бираз ақылсыз адамдай болып енди айтатуғын сѳзлериме сизлердиң шыдаўыңызды қєлер едим. Аўа, мен сизлерден усыны ѳтиниш етемен!
2 Сизлерди Кудайдың қызғанышы менен қызғанаман. Ѳйткени мен сизлерди бир пєк қыз сыяқлы жалғыз күйеўге, яғный Масихқа усынып, Оған некеледим.
3 Бирақ, жыланның Ҳаўа-енени ҳийлекерлик пенен алдағанындай, сизлердиң ақыл-ойларыңыздың да бузылып, Масихқа деген ҳақыйқый ҳєм пєк садықлықтан аўып кетиўинен қорқаман.
4 Себеби биреў келип, бизлер жєриялаған Ийсаны басқаша қылып жєриялағанда, сизлер исенесизлер. Жєне де, ѳзлериңиз алған Мухаддес Руўхтан басқа бир руўхты ҳєм ѳзлериңиз қабыл еткен Хош Хабардан басқа бир «хош хабарды» аңсат қабыл етесизлер.
5 Сизлер «мєртебели елшилер» деп атайтуғын сол адамлардан мен ѳзимди ҳеш бир нєрседе кем санамайман!
6 Мен сѳзге шебер болмасам да, билимим жеткиликли. Буны сизлерге ҳєр қандай жағдайда ҳєм ҳєр тєреплеме ашық кѳрсеттик.
7 Сизлердиң мєртебели болыўыңыз ушын, мен ѳзимди пєс қойып, Кудайдың Хош Хабарын сизлерге ешейин жєрияладым. Мениң усылай ислегеним гүна ма?
8 Сизлерге хызмет етиў ушын, мен басқа исениўши жємєєтлерден ақшалай жєрдем алып, оларды тонағандай болдым.
9 Араңызда болған ўақтымда мүтєжлигим болса да, ҳеш бириңизге аўырманлық салмадым. Ѳйткени Македониядан келген туўысқанларымыз мүтєжликлеримниң орнын толтырды. Мен сизлерге ҳеш бир нєрседе аўырманлық салмаўға тырыстым ҳєм буннан былай да тырыса беремен.
10 Ѳзимдеги Масихтың ҳақыйқаты менен билдиремен: Ахая үлкесиндеги ҳеш бир адам мениң усы мақтаныўымды тоқтата алмайды.
11 Мен не себептен усылай ислеп атырман? Сизлерди сүймегеним себепли ме? Мениң сизлерди сүйетуғынымды Кудай биледи.
12 Ѳзлерин бизлерге теңлестирмекши болып мақтанып атырған сол адамларға жол бермеў ушын, мен сизлерге аўырманлық салмадым ҳєм солай ислеўди даўам ете беремен.
13 Себеби жалған елшилер ҳєм ѳтирик жумысшылар болған бундай адамлар ѳзлерин Масихтың елшилери қылып кѳрсетеди.
14 Бирақ, бул таң қаларлық нєрсе емес. Шайтан да ѳзин нур периштеси қылып кѳрсетеди-ғо.
15 Сонлықтан оның хызметшилериниң ѳзлерин ҳақыйқаттың хызметшилери қылып кѳрсетиўи де таң қаларлық нєрсе емес. Кудай ақырында бундай адамларға ислеген ислерине қарай ылайықлы жаза береди.
16 Мен жєне тєкирарлап айтаман: ҳеш ким мени ақылсыз деп санамасын. Егер сизлер ақылсыз деп санасаңыз, мени ҳеш болмаса ақылсыз адам сыпатында қабыл етиңлер, сонда мен де аз-маз мақтанайын.
17 Сѳйлеп атырған сѳзлеримди Ийемиздиң басқарыўында айтып атырған жоқпан, ал ѳзине исенетуғын ақылсыз мақтаншақтай болып айтып атырман.
18 Кѳплер ѳзлери менен дүньяның кѳз қарасы бойынша мақтанғанлықтан, мен де мақтанажақпан.
19 Сизлер ѳзлериңизди сондай ақыллымыз деп санап турып, ақылсызларға жан-жан деп шыдайсызлар!
20 Биреў сизлерди қул қылса да, ҳақыңызды жесе де, таласа да, ѳзин сизлерден жоқары тутып, үстемлик етсе де ямаса бетиңизге шапалақ пенен урса да шыдайсызлар.
21 Бирақ, сизлердиң ойыңыз бойынша ҳєлсиз болып есапланған бизлер бундай ислерди ислеўге уяламыз! Деген менен, биреўдиң не менен болса да мақтаныўға батылы барса, мениң де мақтаныўға батылым жетеди. Мен буны ақылсыз адам сыяқлы айтып атырман.
22 Сол жалған елшилер яҳудиймиз дей ме? Мен де яҳудиймен. Олар израиллылармыз дей ме? Мен де израиллыман. Олар Ибрайымның урпағымыз дей ме? Мен де Ибрайымның урпағыман.
23 Олар Масихтың хызметкерлеримиз дей ме? Ақылдан азған адам сыяқлы айтып атырман: мен Масихқа олардан гѳре кѳбирек хызмет еттим. Мен оларға қарағанда кѳбирек мийнет еттим, кѳп мєртебе қамақта болдым, сансыз рет таяқ жедим ҳєм талай мєртебе ѳлим менен жүзбе-жүз ушырастым.
24 Яҳудийлерден бир кем қырықтан, бес рет қамшы жедим.
25 Үш мєртебе таяқ жедим, бир мєртебе тас пенен урды. Үш мєртебе кемеде апатқа ушырап, бир күн, бир түн теңизде ығып жүрдим.
26 Кѳп мєртебе сапарға шыққанымда, қєўип астында болдым: дєрьялардағы суў тасқыны себепли, қарақшылар себепли, ѳз миллетимниң адамлары себепли ҳєм басқа миллет адамлары себепли, жєне қалада, шѳлде, теңизде ҳєм жалған туўысқанлар себепли қєўип-қєтерге ушырадым.
27 Аўыр мийнет етип, қыйыншылық кѳрдим. Кѳп түнлерди уйқысыз ѳткиздим, ашлық ҳєм шѳлди басымнан кеширдим. Талай мєртебе аўқатсыз қалып, суўықта кийимсиз болдым.
28 Булардың ҳєммесинен тысқары, күн сайын барлық исениўши жємєєтлердиң ғам-тєшиўишлери еңсемди басып, мени ойландырады.
29 Кайсы дєрменсизлер менен, мен бирге дєрменсизленбедим? Кайсы азғырылған адам ушын, мен күйип-жанбадым?
30 Сизлер мени мақтаныўға мєжбүр еткениңиз себепли, мен ҳєлсизлигимди кѳрсеткен нєрселер менен мақтанаман.
31 Ийемиз Ийсаның Єкеси, мєңгиге алғысланатуғын Кудай биледи: мен ѳтирик сѳйлеп атырған жоқпан.
32 Мен Дамаск қаласында болғанымда, Аретас патшаның қол астындағы бир ҳєким қала дєрўазасын қараўыллатып, мени қолға алмақшы болды.
33 Бирақ, исениўши туўысқанларымыз мени себетке салып, қала дийўалындағы терезеден түсирип жиберди ҳєм мен усылай етип оның қолынан қашып қутылдым.