Коринфлилерге жазылған екинши хат 6 bob

3 Павел көрген қыйыншылықлар ҳаққында. 14 Бизлер – Қудайдың ибадатханасымыз. 

1 Кудай менен бирге мийнет етип атырған бизлер ѳзлериңиз қабыл қылған Оның мийримине итибарсызлық пенен қарамаўыңызды сизлерден ѳтиниш етемиз.
2 Себеби Кудай былай дейди: «Мениң мийримим берилетуғын ўақытта сени еситтим, Кутқарылыў күнинде саған жєрдем бердим». Минекей, ҳєзир Кудайдың мийрими берилетуғын ўақыт болды! Минекей, ҳєзир қутқарылыў күни келди!
3 Хызметимизге сѳз келмесин деп, ҳеш кимге ҳеш бир нєрседе тосқынлық жасамаймыз.
4 Ал ҳємме нєрседе Кудайдың хызметкерлери сыпатында ис тутамыз: қыйыншылық кѳрсек те, мүтєжликте ҳєм аўыр жағдайларда қалсақ та, шексиз сабырлы болдық.
5 Жєне де, таяқ жедик, қамақта отырдық, топалаң ишинде қалдық, аўыр мийнет еттик, түнлерди уйқысыз ѳткиздик, аш қалдық.
6 Солай болса да, бизлер пєк болдық, дурыс түсиник, шыдамлылық, кең кеўил, Мухаддес Руўх ҳєм ҳақыйқый сүйиспеншилик пенен жасадық.
7 Ҳақыйқат сѳзин айтып, Кудайдың қүдиретин кѳрсеттик. Оң ҳєм шеп қолымызда ҳақлық қуралын услап жүрдик.
8 Бизлерди ҳүрмет етеди ҳєм масқаралайды да, бизлерге сѳгис айтады ҳєм мақтайды да. Бизлерди ѳтирикшилер деп есаплайды, бирақ бизлер ҳақыйқатты айтамыз.
9 Бизлерди белгисиз адамлар деп санайды, бирақ бизлер ҳєммеге белгилимиз. Бизлерди ѳлген деп есаплайды, бирақ, мине, бизлер тиримиз. Жазаланып таяқ жесек те, ѳлмей атырмыз.
10 Бизлерди қапа қылады, бирақ бизлер бєрқулла қуўанышлымыз. Жарлымыз, бирақ кѳп адамларды байытамыз. Ҳеш нєрсемиз болмаса да, ҳємме нєрсеге ийемиз.
11 Ҳєй коринфлилер, бизлер сизлерге ашық сѳйлеп, жүрегимизди кең аштық.
12 Сизлерден мийримимизди аямадық, бирақ сизлер бизлерден ѳз мийримиңизди аядыңыз.
13 Сизлерге балаларыма сѳйлегендей, сѳйлеп атырман: бизлер сыяқлы, сизлер де бизлерге жүреклериңизди кең ашыңлар.
14 Исенбейтуғынлар менен бирге бир мойынтырықтың астына кирмеңлер. Ѳйткени ҳақлық пенен нызамсызлықтың арасында қандай уқсаслық бар? Нур менен қараңғылықтың арасында қандай байланыс бар?
15 Масих пенен шайтанның арасында қандай келисим ҳєм исенетуғын адам менен исенбейтуғын адамның арасында қандай шериклик болыўы мүмкин?
16 Кудайдың ибадатханасы менен бутлар арасында қандай бирлик болыўы мүмкин? Ҳеш қандай! Себеби бизлер тири Кудайдың ибадатханасымыз. Кудай былай дейди: «Мен олар арасында жасап, Олар арасында жүретуғын боламан». «Мен олардың Кудайы боламан, Олар Мениң халқым болады».
17 Сол себептен Кудай Ийемиз былай дейди: «Исенбейтуғын адамлар арасынан шығып, олардан бѳлеклениңлер. Ҳарам нєрсеге қол тийгизбеңлер, Сонда Мен сизлерди қабыл етемен».
18 Жєне де, ҳємме нєрсеге қүдиретли Кудай Ийемиз былай дейди: «Мен сизлерге Єке боламан, Сизлер Мениң ул-қызларым боласызлар».