Коринфлилерге жазылған екинши хат 12 bob

1 Қудайдың Павелге көрсеткен көринислери ҳәм аянлары ҳаққында. 11 Павелдиң Коринфтеги исениўшилер жәмәәтине деген ғамхорлығы. 

1 Мақтаныўдың ҳеш қандай пайдасы жоқ болса да, енди мен Ийемиз кѳрсеткен кѳринислер ҳєм аянлар ҳаққында айтпақшыман.
2 Мен Масихқа исенетуғын бир адамды таныйман. Ол буннан он тѳрт жыл бурын үшинши аспанға кѳтерилип єкетилген еди. Ол сол ўақытта денеде болды ма ямаса денеден шығып руўхта болды ма, мен буны билмеймен, Кудай биледи.
3 -
4 Бул адам ҳаққында мынаны билемен: ол жєннетке кѳтерилип апарылды. Ол сол жерде айтып жеткизиў мүмкин болмаған ҳєм адам баласына айтыўға рухсат етилмеген сѳзлерди еситти. Бирақ, ол денеде болды ма ямаса денеден шығып, руўхта болды ма билмеймен, буны Кудай биледи.
5 Мен усындай адам менен мақтанаман. Бирақ, ѳзиме келсем, тек ѳзимдеги ҳєлсизликтен басқа ҳеш нєрсем менен мақтанбайман.
6 Мақтаныўды қєлеген жағдайымда да мен ақылсыз болмайман. Ѳйткени мен ҳақыйқатты айтып атырман. Бирақ, ҳеш ким мен туўралы ҳєдден тыс жоқары пикирге ийе болмай, мени тек меннен еситкенлери ямаса кѳргенлери бойынша баҳалаўы ушын, мен ѳзимди мақтаныўдан тыйып атырман.
7 Кудайдың маған берген єжайып аянлары себепли ѳзимди жоқары тутпаўым ушын, Ол денеме бир тикен, яғный мени қыйнайтуғын шайтанның бир периштесин берип, мени менменликтен сақлап киятыр.
8 Буны меннен алып таслаўды сорап, Ийемизге үш мєртебе жалбарынған едим.
9 Бирақ, Ийемиз маған: «Саған берген мийримим жетеди. Себеби Мениң қүдиретим ҳєлсизлик арқалы толық кѳрсетиледи», – деди. Сонлықтан Масихтың қүдирети менде болсын деп, мен ҳєлсизликлериме еле де кѳбирек қуўанып, олар менен мақтана беремен.
10 Сол себептен Масих ушын ҳєлсизликлерге, масқараланыўға, мүтєжликлерге, қуўдаланыўға ҳєм қыйыншылықларға ушырағанымда, мен қуўанышлыман. Ѳйткени мен қашан ҳєлсиз болсам, сонда күшлимен.
11 Мен мақтанып, ақылсыз адам болып кѳриндим. Бирақ мени буған сизлер мєжбүр еттиңиз-ғо. Негизинде мени сизлер мақтаўыңыз керек еди. Себеби мен ҳеш ким болмасам да, сизлер «мєртебели елшилер» деп атайтуғын сол адамлардан ҳеш қандай кемшилигим жоқ.
12 Мениң Кудайдың ҳақыйқый елшиси екенимди дєлиллейтуғын кѳп белгилер, таң қаларлық ислер ҳєм кєраматлар сизлердиң араңызда күшли сабырлылық пенен кѳрсетилди.
13 Сизлерден ақшалай жєрдем сорап, ѳз аўырманлығымды салмағаным себепли, басқа исениўши жємєєтлерден сизлерди кем кѳргендей болдым ба? Егер мени қєте иследи деп ойласаңыз, мени кешириң!
14 Минекей, мен сизлерге үшинши мєртебе келиўге таярман. Бирақ, мен сизлерге аўырманлық салмайман. Маған сизлердиң мал-мүлкиңиз емес, ал сизлердиң ѳзлериңиз керексиз. Ѳйткени балалар ата-анасы ушын емес, ал ата-ана балалары ушын мал-мүлик жыйнаўы тийис.
15 Сол сыяқлы мен де сизлер ушын ѳзимде бар ҳємме нєрсени, ҳєтте, ѳз жанымды да бериўге қуўанышлы түрде таярман. Мен сизлерди соншелли сүйсем де, сизлердиң мени азырақ сүйиўиңиз дурыс болмайды.
16 Мениң сизлерге аўырманлық салмағанымды сизлер де тастыйықлайсызлар. Бирақ, гейбир адамлардың айтыўы бойынша, мен ҳийлекер адам болғаным себепли, сизлерди алдаў жолы менен қолға киргизген қусайман.
17 Деген менен, ѳзим сизлерге жиберген адамлардың бири арқалы болса да, сизлердиң есабыңыздан пайдаландым ба?
18 Мен Титустан сизлерге барыўды ѳтинип, оның менен бирге басқа бир туўысқанымызды да жиберген едим. Титус сизлердиң есабыңыздан пайдаланған ба еди? Єлбетте, яқ. Себеби бизлер бир руўх пенен ис-ҳєрекет етип, бир жол менен жүремиз-ғо.
19 Бизлерди усы ўақытқа дейин алдыңызда ақланып киятыр деп ойлап атырсыз ба? Яқ, олай емес. Бизлер Масихқа тийисли адамлар сыпатында Кудай алдында сѳйлеп турмыз. Сүйикли туўысқанларым, бизлер не ислейтуғын болсақ та, ҳєр бир нєрсени сизлердиң руўхый беккемлениўиңиз ушын ислеймиз.
20 Ѳйткени мен сизлерге барған ўақтымда, сизлерди ѳзим қєлегендей емес аўҳалда кѳремен бе деп ҳєм сизлер де мени ѳзлериңиз күтпеген аўҳалда кѳресиз бе деп қєўетердемен. Сизлерге барғанымда, араңызда жєнжел, күншиллик, ғєзеп, даў, жала, ѳсек, менменлик ҳєм тєртипсизлик бар екенин кѳриўден қорқаман.
21 Тағы да, сизлерге жєне барғанымда, Кудайдың мени сизлер себепли уялтыўынан, бурын гүна ислеп, ѳзлериниң ҳарамылығы, бузықшылығы ҳєм жүўенсизлиги ушын тєўбе етпеген кѳп адамлар ушын кѳз жасымды тѳгиўден қорқаман.