Коринфлилерге жазылған екинши хат 3 bob

7 Жаңа Келисимниң уллылығы. 

1 Бизлерди жєне ѳзлерин мақтап атыр, деп ойлайсыз ба? Айырым адамлар сыяқлы, сизлерге кѳрсетиў ушын ямаса сизлерден алып басқаларға кѳрсетиў ушын, минезлемемиз жазылған хатларға бизлер мүтєжбиз бе?
2 Бизлердиң минезлеме хатымыз – сизлер боласызлар. Бул хат бизлердиң жүреклеримизде жазылған болып, оны барлық адамлар биледи ҳєм оқыйды.
3 Сизлер ҳақыйқаттан да, бизлердиң хызметимиз арқалы жазылған Масихтың хаты екениңизди анық кѳрсетесизлер. Бул хат сыя менен емес, ал тири Кудайдың Руўхы менен жазылды ҳєм ол тасқа емес, ал адамлардың жүреклерине ойып жазылды.
4 Бизлер Масих арқалы Кудай алдында усындай исенимге ийе болғанымыз себепли, буларды айтып атырмыз.
5 Бизлер хызметимизди уқыплы болғанымыз себепли атқарып атырмыз, демекши емеспен. Бизлердеги бар уқып ѳзимизден шықпаған, ал Кудайдан берилген.
6 Кудай бизлерди Жаңа Келисимниң хызметшилери қылды. Жаңа Келисим жазылған нызам тийкарында емес, ал Мухаддес Руўх тийкарында пайда болды. Себеби жазылған нызам ѳлимге ҳүким етеди, ал Мухаддес Руўх ѳмир береди.
7 Тасқа ойып жазылған ҳєриплерден ибарат болған Мухаддес Нызам уллылық пенен берилгенликтен, Израил халқы Муўсаның жүзинен шыққан ѳткинши нурға қарай алмаған еди. Ѳлимге ҳүким ететуғын Мухаддес Нызамға хызмет етиў соншелли уллы болса,
8 онда ѳмир беретуғын Мухаддес Руўхқа хызмет етиў оннан анағурлым кѳп уллылыққа ийе емес пе?
9 Адамды ҳүким еткен Мухаддес Нызамға хызмет етиў уллы болған болса, ақланыў беретуғын Жаңа Келисимге хызмет етиў оннан гѳре қаншелли уллырақ болады!
10 Ҳақыйқаттан да, жоқары уллылыққа ийе болған Жаңа Келисим пайда болғанда, бурын уллылыққа ийе болған Мухаддес Нызам ѳз уллылығын жойтты.
11 Солай етип, ѳткинши болған нєрсе уллы болса, мєңги қалатуғын нєрсе оннан да уллырақ.
12 Усындай үмитке ийе болғанымыз себепли үлкен батырлық пенен сѳйлей аламыз.
13 Бизлер жүзиндеги ѳшип баратырған нурды Израил халқына кѳрсетпеў ушын жүзин перде менен жапқан Муўса сыяқлы ис тутпаймыз.
14 Бирақ, Израил халқының жүреги қайсар болғанлықтан, ҳєтте, усы күнге дейин олар Ески Келисимди оқығанда, олардың санасы сондай перде менен жабыўлы турғандай болады. Ѳйткени бул перде тек Масих арқалы алып тасланады.
15 Ҳақыйқаттан да, усы күнге дейин олар Муўсаның китабын оқығанда, жүреклери перде менен жабылғандай болып түсинбейди.
16 Деген менен, адам Ийемизге жүз бурғанда, сол перде алып тасланады.
17 Ийемиз – Руўх. Ийемиздиң Руўхы бар жерде азатлық бар.
18 Бизлердиң ҳєммемиз пердесиз жүз бенен Ийемиздиң уллылығын кѳремиз. Сол арқалы Оған уқсаў ушын ѳзгерип, уллылық үстине уллылыққа ерисип барамыз. Бул Руўх болған Ийемиздиң жєрдеминде иске асады.