11 Жарастырыўшылық хызмети.
Коринфлилерге жазылған екинши хат 5 bob
1 Бизлер ишинде жасап атырған дүньядағы бул шатырымыз, яғный денемиз қыйралғанда, Кудай бизлерге адамның қолы менен қурылмаған аспандағы мєңгилик үйимизди, яғный жаңа денени беретуғынын билемиз.
2 Аспандағы үйимизди, яғный жаңа денемизди кийим сыяқлы кийиўди қатты күсеп, ҳєзир бизлер дүньядағы шатырымызда, яғный денемизде «аҳ» урмақтамыз.
3 Оны кийсек, бизлер жалаңаш қалмаймыз.
4 Бизлер дүньядағы шатырымызда, яғный денемизде жасап жүрип, аўыр жүк астында қыйналмақтамыз. Негизинде дүньядағы денемизди шешип таслаўды емес, ал оның үстинен аспандағы денемизди кийиўди қєлеймиз. Солай етип, ѳлетуғын дене мєңгилик ѳмир тєрепинен жутып жибериледи.
5 Бизлерди усы ушын таярлаған ҳєм буның гиреўи сыпатында бизлерге Мухаддес Руўхты берген Кудайдың Ѳзи болады.
6 Сонлықтан денеде жасап атырған ўақтымызда Ийемиздиң аспандағы мєканынан узақта екенимизди билсек те, бизлер бєрқулла батырлыққа ийемиз.
7 Ѳйткени бизлер кѳзге кѳринетуғын нєрселерге емес, ал исенимимизге сүйенип жасаймыз.
8 Аўа, батырлыққа ийемиз ҳєм денеден шығып, Ийемиз бенен бирге жасағанымыз жақсырақ деп ойлаймыз.
9 Бирақ денеде жасасақ та, денеден шығып кетсек те, бизлер Ийемиздиң кеўлинен шығыўға қатты тырысамыз.
10 Себеби денеде жасаған ўақтымызда ислеген жақсы исимиз ушын да, жаман исимиз ушын да ылайықлы баҳа алыў ушын, ҳєр биримиз Масихтың ҳүким гүрсисиниң алдында турыўымыз керек.
11 Солай етип, бизлер Ийемизден қорқыўдың не екенин билгенимиз себепли, адамларды ақылландырыўға ҳєрекет етемиз. Бизлердиң қандай екенлигимиз Кудайға аян. Бизлердиң қандай екенлигимизди сизлер де жақсы билетуғыныңыздан үмит етемен.
12 Бизлер жєне сизлерге ѳзлеримизди усыныўға ҳєрекет етип атырған жоқпыз. Бирақ ишки дүньясы менен емес, ал сыртқы кѳриниси менен мақтанатуғын адамларға ылайықлы жуўап бериўиңиз ушын, сизлерге бизлер менен мақтаныўға мүмкиншилик берип атырмыз.
13 Егер бизлер ақылымыздан азғандай болып кѳринсек, онда бул Кудай ушын. Егер есимиз дурыс болып кѳринсе, онда бул сизлер ушын.
14 Усылай ислеўге бизлерди Масихтың сүйиспеншилиги мєжбүр етеди. Ѳйткени бир Адам, яғный Масих ҳємме ушын ѳлгенликтен, ҳємме Оның ѳлимине шерик болған болады, деген жуўмаққа келдик.
15 Аўа, Масих ҳємме ушын ѳлди. Солай екен, жасап атырғанлар енди ѳзлери ушын емес, ал ѳзлери ушын ѳлген ҳєм қайта тирилген Масих ушын жасаўы шєрт.
16 Сонлықтан бизлер енди ҳеш кимге дүньяның кѳз қарасы менен қарамаймыз. Масихқа бурын усылай қараған болсақ та, енди олай қарамаймыз.
17 Солай етип, ким де ким Масих пенен байланысқа ийе болса, ол – жаңа жаратылыс. Ески нєрселер ѳтип кетти, минекей, енди ҳєммеси жаңа болды.
18 Буның ҳєммеси Кудайдан. Кудай Масих арқалы бизлерди Ѳзи менен жарастырды ҳєм адамларды Ѳзи менен жарастырыў хызметин бизлерге тапсырды.
19 Яғный, Кудай Масих арқалы дүньяны Ѳзи менен жарастырып, адамлардың гүналарын есапқа алмады ҳєм усы жарастырыўшы сѳзлерди бизлерге берди.
20 Солай етип, бизлер Масихтың елшилеримиз. Кудайдың Ѳзи бизлер арқалы сизлерге ақыл-нєсият берип атыр. Масихтың атынан жалбарынамыз: Кудай менен жарасыңлар!
21 Кудай бизлердиң гүналарымызды ҳеш қашан гүна ислемеген Масихқа жүкледи. Масих пенен байланысқа ийе болған бизлер Кудай алдында усы арқалы ақландық.