Коринфлилерге жазылған екинши хат 13 bob

1 Соңғы ескертиў ҳәм сәлемлер. 

1 Мен сизлерге үшинши мєртебе баражақпан. Мухаддес Жазыўда айтылғандай: «Ҳєр бир ис еки ямаса үш адамның гүўалығы тийкарында қаралады».
2 Буннан алдын араңызда екинши мєртебе болғанымда ескерткен едим. Енди ҳєзир сизлерден узақта болғанымда да тєкирарлап ескертип атырман: мен сизлерге жєне барғанымда, бурын гүна ислегенлердиң де, басқа ҳємме адамлардың да ҳеш бирин аямайман!
3 Себеби сизлер Масихтың мен арқалы сѳйлейтуғынына дєлил излейсизлер. Масих сизлерге деген ис-ҳєрекетинде ҳєлсиз емес, Ол сизлердиң араңызда Ѳз қүдиретин кѳрсетеди.
4 Ол ҳєлсиз болып атанақ ағашқа шегеленсе де, ҳєзир Кудайдың қүдирети менен жасап атыр. Масих пенен қатнаста болған бизлер де ҳєлсиз болсақ та, Оның менен бирге Кудайдың қүдирети арқалы сизлердиң пайдаңыз ушын жасаймыз.
5 Исенимде турған я турмағаныңызды билиўиңиз ушын, ѳз-ѳзиңизди сынап кѳриңлер. Ийса Масихтың ишиңизде екенлигин билмейсизлер ме? Егер билмесеңиз, сынаўдан ѳте алмай жығылған болар едиңиз.
6 Бизлердиң сынаўдан ѳткенимизди билетуғыныңыздан мен үмит етемен.
7 Ҳеш қандай жаманлық ислемеўиңизди сорап, бизлер Кудайға дуўа етемиз. Бундағы мақсетимиз ѳзлеримиздиң сынаўдан ѳткенимизди кѳрсетиў емес, ал бизлер сынаўдан ѳтпеген болып кѳринсек те, сизлердиң жақсылық ислеўиңизден ибарат.
8 Ѳйткени бизлер ҳақыйқатқа қарсы ҳеш нєрсе ислей алмаймыз, ал тек ҳақыйқат ушын ҳєрекет етемиз.
9 Ѳзлеримиз ҳєлсиз, ал сизлер күшли болсаңыз, бизлер қуўанамыз. Бизлер сизлердиң туўрыланып, жетилисип барыўыңыз ушын да дуўа етемиз.
10 Сонлықтан сизлерге келген ўақтымда Ийемиздиң маған берген бийлиги менен қаталлық қолланыўға мєжбүр болмаўым ушын, бул нєрселерди араңызда болмаған ўақтымда жазып атырман. Мен бул бийликти сизлерди қулатыў ушын емес, ал тиклеў ушын алғанман.
11 Кулласы, туўысқанларым, хош болыңлар. Жетилисип барыңлар, мениң айтқанларыма қулақ асыңлар, бир ой-пикирли болыңлар ҳєм татыўлықта жасаңлар. Сүйиспеншилик ҳєм тынышлық тийкары болған Кудай сизлер менен бирге болады.
12 Бир-бириңизди мухаддес поса менен сүйип сєлемлесиңлер. Барлық исениўшилер сизлерге сєлем айтып атыр.
13 Ийемиз Ийса Масихтың мийрими, Кудайдың сүйиспеншилиги ҳєм Мухаддес Руўхтың шериклиги ҳєммеңизге яр болсын!