1 Павелдиң өз хызметин жақлаўы.
Коринфлилерге жазылған екинши хат 10 bob
1 «Бизлер менен бирге болған ўақтында жуўас, бирақ арамызда болмаған ўақтында қатал», – деп айырымларыңыз сѳз қылатуғын мен, Павел, Масихтың мүлєйимлилиги ҳєм сабырлылығы менен сизлерден ѳтинемен:
2 сизлерге барғанымда, ѳзимди қатал тутыўға мєжбүр қылмаңлар. Ѳйткени бизлерди бул дүньядағы адамлар сыяқлы денесиниң қєлеўи бойынша жасап атыр, деп санайтуғын гейбиреўлерге қарсы қатал боламан деген нийетим бар.
3 Бизлер дүньяда жасап атырған болсақ та, дүньяның жолы менен урыспаймыз.
4 Бизлердиң урысымыздың қураллары дүньяға тийисли қураллар емес, ал душпанның беккем қорғанларын қыйрататуғын Кудайдың қүдиретине ийе болған қураллар.
5 Сол қураллар менен сандырақ сѳзлерди ҳєм Кудайды билиўге тосқынлық қылатуғын ҳєр қандай менменликти жоқ қыламыз, Масихқа бойсынбайтуғын ҳєр бир ой-пикирди Масихқа тутқын етип бойсындырамыз.
6 Сизлер Масихқа толық бойсынғаныңызда, Оған бойсынбаған араңыздағы ҳєр бир адамды жазалаўға таярмыз.
7 Сизлер тек сыртқы кѳриниске қарап баҳа бересизлер. Егер ким де ким ѳзиниң Масихқа тийисли екенине исенсе, онда ол бизлердиң де Масихқа тийисли екенимизди билсин.
8 Ийемиздиң бизлерге берген бийлиги менен бираз кѳбирек мақтансам да, уялмайман. Бул бийлик сизлерди қулатыў ушын емес, ал тиклеў ушын берилген.
9 Мен хатларым менен сизлерди қорқытып атырғандай болып кѳрингим келмейди.
10 Себеби гейбиреўлер: «Хатларында ол қатал ҳєм күшли, бирақ жүзбе-жүз кѳрискенимизде ҳєлсиз ҳєм сѳзге де шебер емес», – дейди екен.
11 Бирақ, бундай адамлар билип қойсын: сизлерден узақта болып, хатларымызда не десек, араңызда болғанымызда да, солай ис тутамыз.
12 Ѳзлерин єҳмийетли етип кѳрсетип атырған айырым адамлар менен ѳзлеримизди теңлестиргимиз ямаса салыстырғымыз келмейди. Олар ѳзлерин ѳз ѳлшемлери менен баҳалайды ҳєм ѳзлерин ѳзлери менен ғана салыстырады. Олар қаншелли ақылсыз!
13 Бирақ, бизлер ҳєдден тыс дєрежеде мақтанбаймыз. Ал, Кудайдың бизлер ушын белгилеген жер шегарасы ишиндеги мийнетимиз бенен мақтанамыз. Бизлердиң араңызда ислеген мийнетимиз де усы жер шегарасы ишинде исленди.
14 Сизлер жасайтуғын жер усы жер шегарасы ишинде жайласқанлықтан, бизлер сизлерге Масихтың Хош Хабарын биринши болып жеткизгенимизде, шегарадан тыс шығып кетпедик.
15 Бизлер басқалардың мийнети менен мақтанып ҳєддимизден аспаймыз. Керисинше, исенимиңиздиң ѳсиўи менен араңыздағы мийнетимиздиң кѳлеми кеңейе бериўинен үмит етемиз.
16 Солай етип, бизлер Хош Хабарды сизлерден узағырақ жерлерге жєриялай аламыз. Ѳйткени басқаның ислеген хызмети менен мақтаныўды қєлемеймиз.
17 Мухаддес Жазыўда айтылғандай: «Мақтанатуғын адам Ийемиз бенен мақтансын».
18 Себеби ѳзин ѳзи мақтаған адам емес, ал Ийемиз мақтаған адам ҳақыйқаттан қєдирлениўге ылайықлы.