1 Сәлемнама. 3 Қудай толық жубаныш береди. 12 Павелдиң сапарының өзгериў себеби.
Коринфлилерге жазылған екинши хат 1 bob
1 Кудайдың қєлеўи менен Масих Ийсаның елшиси болған мен, Павелден ҳєм туўысқанымыз Тимофейден, Коринф қаласындағы Кудайдың жємєєтине ҳєм пүткил Ахая үлкесиндеги барлық мухаддеслерге сєлем!
2 Єкемиз Кудай ҳєм Ийемиз Ийса Масих сизлерге мийрим ҳєм тынышлық берсин!
3 Кудайға, яғный Ийемиз Ийса Масихтың Єкесине алғыслар болсын! Ол бизлердиң реҳимли Єкемиз ҳєм толық жубаныш бериўши Кудай.
4 Кудай бизлерге барлық қыйыншылықларымызда жубаныш береди. Солай етип, бизлер де Кудайдан алған жубаныш пенен ҳєр қыйлы қыйыншылықларда болған адамларға жубаныш бере аламыз.
5 Себеби Масих шеккен азап-ақыретлерди бизлер қаншелли кѳп шексек, Кудай бизлерге Масих арқалы соншелли үлкен жубаныш береди.
6 Бизлер кѳрип атырған қыйыншылық сизлердиң жубаныш алыўыңыз ҳєм қутқарылыўыңыз ушын болып атыр. Бизлердиң жубаныш алыўымыз да сизлердиң жубаныш алыўыңыз ушын болып атыр. Сизлер ѳзлериңиз алған усы жубаныш арқалы бизлер шеккен азап-ақыретлер менен бирдей болған азап-ақыретлерге шыдай аласызлар.
7 Бизлердиң сизлерге байланыслы болған үмитимиз беккем. Ѳйткени сизлердиң тек азап-ақыретлеримизге емес, ал алған жубанышымызға да шерик екениңизди билемиз.
8 Туўысқанларым, Азия үлкесинде кѳрген қыйыншылықларымыздан сизлердиң хабарсыз қалыўыңызды қєлемеймиз. Бизлер шектен тыс аўыр қыйыншылық астында болып, тири қалыўдан да үмитимизди үзген едик.
9 Ишимизден ѳзимизди ѳлимге ҳүким етилгендей сездик. Бирақ бул ѳзлеримизге емес, ал ѳлилерди тирилтетуғын Кудайға сүйениўимиз ушын болды.
10 -
11 Кудай бизлерди усындай үлкен ѳлим қєўпинен қутқарды ҳєм еле де қутқара береди. Сизлердиң дуўаларыңыздың жєрдеминде Кудай бизлерди еле де қутқара береди деп, бизлер Оннан үмит етемиз. Кѳп адамлардың еткен дуўаларына Кудай жуўап берип, бизлерди қутқарғанлықтан, кѳплер бизлер ушын Кудайға шүкирлик билдиреди.
12 Бизлер мақтаныш тутатуғын ҳєм пєк ҳүжданымыз бенен гүўалық беретуғын нєрсемиз мынаў: бизлер дүньяға, єсиресе сизлерге адамның даналығы менен емес, ал Кудайдың мийрими менен, Кудайдан келген ҳадаллық ҳєм ҳақ нийет пенен қатнас жасадық.
13 -
14 Бизлер сизлерге оқып түсине алатуғын нєрселерди ғана жазып атырмыз. Ҳєзир бизлерди толық түсинбесеңиз де, ўақты келгенде толық түсинетуғыныңыздан үмит етемен. Солай етип, Ийемиз Ийса қайтып келетуғын күни бизлердиң мақтанышымыз сизлер болатуғыныңыз сыяқлы, сизлердиң мақтанышыңыз да бизлер боламыз.
15 Усындай исеним менен сизлерди еки есе қуўанышқа бѳленсин деп, сизлерге барыўды бурын нийет еткен едим.
16 Македонияға баратырғанымда да, Македониядан қайтып киятырғанымда да, сизлерге барыўды нийет еткен едим. Соңынан сизлер мени Яҳудияға шығарып саларсыз деп ойлаған едим.
17 Усылай нийет етип, мен жеңилтеклик қылыппан ба? Мени денесиниң қєлеўи бойынша кеўлинде «яқ» деп ойлап, аўзы менен «аўа» дейтуғын адам деп есаплайсызлар ма?
18 Мен Кудайдың садықлығы ҳақы ант ишемен: бизлер еки жүзли адамлар емеспиз. Бизлер сизлерге сѳйлегенимизде, «яқ» деп ойлап, «аўа» деп айтпадық.
19 Бизлер тєрепимизден, яғный мен тєрепимнен, Сила ҳєм Тимофей тєрепинен сизлерге жєрияланған Кудайдың Улы Ийса Масих ҳєм «аўа», ҳєм «яқ» емес. Онда тек «аўа» ғана бар.
20 Кудайдың барлық ўєделери Масих арқалы «аўа» болып, толық орынланады. Сонлықтан Кудайдың даңққа бѳлениўи ушын, Масих арқалы Кудайға «аўмийин» деймиз.
21 Бизлер менен сизлердиң Масих пенен болған байланысымызды беккем қылған ҳєм бизлерди хызметке тайынлаған Кудайдың Ѳзи болады.
22 Ол бизлерди мѳрлеп тамға басты ҳєм буның дєлили сыпатында Мухаддес Руўхты жүрегимизге жайластырды.
23 Мениң жүрегимде не бар екенин билетуғын Кудайдың Ѳзи гүўа: сизлерди аяғаным себепли, усы ўақытқа дейин Коринфке бармаған едим.
24 Бизлер сизлердиң исенимиңиздиң үстинен бийлик орнатқымыз келмейди. Керисинше, сизлердиң қуўаныўыңыз ушын, бизлер сизлер менен бирликте мийнет етип атырмыз. Себеби сизлер исенимде беккем турсызлар.