1 Елшиниң ҳуқықлары.
Коринфлилерге жазылған биринши хат 9 bob
1 Мен азат адам емеспен бе? Мен елши емеспен бе? Мен Ийемиз Ийсаны кѳрмедим бе? Мениң Ийемиз ушын ислеген мийнетимниң жемиси сизлер емессиз бе?
2 Мени басқалар елши деп санамаса да, сизлер мени елши деп санаўыңыз тийис! Ѳйткени сизлер – мениң Ийемиздиң елшиси екенлигимниң дєлилисизлер.
3 Мени сынға алып атырғанлардан ѳзимди былай қорғайман:
4 сизлерге қылған хызметимиз ушын, сизлердиң есабыңыздан ишип-жеўимизге ҳақымыз бар-ғо.
5 Басқа елшилер сыяқлы, Ийемиздиң туўысқанлары ҳєм Кифа сыяқлы, бизлер де қасымызға исениўши ҳаялымызды ертип жүриўге ҳақымыз бар-ғо.
6 Басқа елшилер сыяқлы, мен ҳєм Барнаба да күн кѳриў ушын мийнет етпеў ҳуқықына ийемиз-ғо.
7 Ким ѳз есабынан єскерлик қылады? Ким бағ отырғызып, мийўесин жемейди? Ким сүриўди бағып, сүриўдеги малдың сүтинен ишпейди?
8 Мен буларды тек адамлардың пикири бойынша айтып атырған жоқпан. Муўсаның Нызамында да анық усылар ҳаққында айтылған жоқ па?
9 Онда: «Түйек айдаған ѳгиздиң аўзын буўма», – деп жазылған-ғо. Кудай тек ѳгизлерди қайғырады ма?
10 Кудайдың хызметкерлери болған бизлер ушын айтып атырған жоқ па? Аўа, єлбетте, бул бизлер ушын жазылған-ғо. Мысалы: жерди сүрген адам да, түйек айдаған адам да ѳз үлесин алыўдан үмит етип, мийнет ислейди.
11 Араңызда руўхый туқым егип, сизлерден дүньяға тийисли затларды орып алғанымыз орынсыз ба?
12 Басқалар сизлерден усы затларды алыў ҳуқықына ийе болса, бизлер олардан да кѳбирек ҳуқыққа ийемиз-ғо. Бирақ, бизлер усы ҳуқықымыздан пайдаланған жоқпыз. Масихтың Хош Хабарына тосқынлық жасамайық деп, бизлер ҳємме нєрсеге шыдап атырмыз.
13 Хабарыңыз бар, Ибадатханада хызмет ететуғынлар Ибадатханадан аўқат алып жейди. Сизлерге мєлим, қурбанлық шалынатуғын орын єтирапында хызмет ететуғынлар да қурбан етилген нєрселерден ѳз үлесин алады.
14 Сол сыяқлы, Ийемиз де Хош Хабарды жєриялаўшылар усы хызмети арқалы күн кѳрсин деп буйырған.
15 Бирақ, мен бул ҳуқықларымды ҳеш қашан қолланған емеспен. Маған усындай қылынсын, деп те жазып атырған жоқпан. Бундай ислегенимнен гѳре, ѳлгеним абзалырақ. Мени усы мақтанышымнан айырыўға ҳеш кимге жол қоймайман!
16 Деген менен, Хош Хабарды жєриялап атырғаным себепли мақтаныўға ҳақым жоқ. Себеби бул – мениң миннетли ўазыйпам. Хош Хабарды жєрияламасам, мен ҳєсирет шегемен!
17 Егер мен Хош Хабарды ѳз ықтыярым менен жєриялап атырған болсам, онда мийнетимниң ҳақысын аламан. Бирақ егер мен оны ѳз ықтыярым менен емес, ал исенип тапсырылған миннетли ўазыйпам сыпатында орынлап атырған болсам,
18 онда мениң мийнет ҳақым қандай болады? Хош Хабарды жєриялағанымда ҳуқықларымнан пайдаланбай, оны ешейин жєриялаўым – мениң мийнет ҳақым болады.
19 Мен азат адамман, ҳеш кимниң қулы емеспен. Бирақ, кѳп адамларды Масихқа алып келиў ушын, ҳєммениң қулы болдым.
20 Яҳудийлерди Масихқа алып келиў ушын, мен яҳудийлерге яҳудий сыяқлы болдым. Муўсаның Нызамының қол астында болғанларды Масихқа алып келиў ушын, ѳзим Муўсаның Нызамының қол астында болмасам да, мен оларға Муўсаның Нызамының қол астындағы адам сыяқлы болдым.
21 Муўсаның Нызамына жат болған басқа миллетлерди Масихқа алып келиў ушын, мен оларға Муўсаның Нызамына жат адамдай болдым. Бирақ, мен Кудайдың Нызамына жат адам емеспен, ѳйткени мен Масихтың Нызамының қол астындаман.
22 Исеними күшсизлердиң Масих пенен байланысын беккем қылыў ушын, мен олардың бири сыяқлы болдым. Ҳеш болмаса айырым адамларды болса да қутқарыў ушын, мен ҳєммеге ҳємме нєрсе болдым.
23 Хош Хабар арқалы келетуғын берекеттен үлес алайын деп, мен булардың ҳєммесин Хош Хабар ушын ислеп атырман.
24 Жарысқа қатнасатуғынлардың ҳєммеси жуўырғаны менен, тек бир адам ғана сыйлық алатуғынын билмейсизлер ме? Сизлер де сыйлық алыўыңыз ушын солай жуўырыңлар.
25 Жарысқа қатнасатуғынлардың ҳєммеси ѳзлерин барлық нєрседен тыяды. Олар буны ѳткинши тажды алыў ушын ислейди. Ал бизлер мєңгилик тажды алыў ушын ҳєрекет етемиз.
26 Сонлықтан мен мақсетсиз жуўырған адам сыяқлы жуўырмайман. Жудырығымды бийкарға силтеп, ҳаўаны урған адам сыяқлы болмайман.
27 Ал, басқаларға Хош Хабарды жєриялап, ѳзим ылайықсыз адам болып қалмаўым ушын, ѳзимди тыйып, денемди бағындырып атырман.