Коринфлилерге жазылған биринши хат 10 bob

1 Израил халқының тарийхынан сабақ алыңлар! 14 Бутпаразлық ҳаққында. 23 Ҳәр бир ис-ҳәрекетиңиз арқалы Қудайды даңққа бөлеңлер! 

1 Туўысқанларым! Сизлердиң мынадан хабарсыз қалыўыңызды қєлемеймен: Кудай бизлердиң, яғный яҳудийлердиң ата-бабаларының ҳєммесин булттың жетелеўи менен жүргизип, олардың барлығын теңизден кешип ѳткизди.
2 Олардың ҳєммеси булт астында ҳєм теңизде суўға шомылдырыў рєсиминен ѳткендей болып, Муўсаның изине ериўшилер болды.
3 Ҳәммеси Қудай кәраматлы жол менен берген бирдей аўқатты жеди.
4 Жєне де, олардың ҳєммеси Кудай кєраматлы жол менен берген бирдей суўды ишти. Себеби олар ѳзлери менен бирге болған кєраматлы жартастан суў ишкен еди. Бул жар тас – Масих еди.
5 Деген менен, олардың кѳбисине Кудайдың кеўли толмағанлықтан, сүйеклери шѳлде қалды.
6 Израиллылар сыяқлы жаман нєрселерди қєлемесин деп, бул ўақыялар бизлерге сабақ болыўы ушын жүз берди.
7 Олардың айырымлары сыяқлы бутпараз болмаңлар. Ѳйткени Мухаддес Жазыўда былай деп айтылған: «Халық ишип-жеў ушын отырды, соңынан орынларынан турып, бутпаразлық ойынына түсти».
8 Олардың айырымлары сыяқлы бузықшылық ислемейик. Усылай ислеп, бир күнниң ишинде жигирма үш мың адам набыт болды.
9 Олардың базылары сыяқлы Ийемизди сынамайық. Усылай ислегенлерди жылан шағып ѳлтирген еди.
10 Олардың айырымлары сыяқлы налымаңлар. Усылай ислегенлерди набыт қылыўшы периште ѳлтирген еди.
11 Олардың басынан кешкен бул ўақыялар басқаларға сабақ болыўы ушын жүз берди ҳєм соңғы заманларда жасап атырған бизлерге ескертиў болыўы ушын жазылды.
12 Сонлықтан исенимде беккем турман деп есаплайтуғын адам усындай гүналарды ислеўден сақ болсын!
13 Сизлердиң басыңызға ҳємме адамлардың басына түсетуғын сынақлардан басқа сынақлар түскен жоқ. Кудай садық, Ол күшиңизден артық сынақларға түсиўиңизге жол қоймайды. Сынақларға шыдаўыңыз ушын, Ол сынақлар менен бирликте олардан шығыў жолын да береди.
14 Сонлықтан сүйикли туўысқанларым, бутпаразлықтан қашыңлар!
15 Мен сизлерге ақыллы адамларға сѳйлегендей, сѳйлеп атырман. Сѳзлеримди ѳзлериңиз ақылға салып кѳриңлер.
16 Ийемизди еслеў кешесинде бизлер шүкирлик билдирип ишетуғын жарылқаў кесеси арқалы Масихтың қанына шериклес болмаймыз ба? Сындырып жеген нанымыз арқалы да Масихтың денесине шериклес болмаймыз ба?
17 Нан бир болғанлықтан, бизлер кѳп болсақ та, бир денемиз. Себеби ҳєммемиз бир нанды бѳлисемиз.
18 Израил халқына қараңлар: қурбанлыққа берилгенлерди жеген адамлар қурбанлық шалынатуғын орындағы хызметке шериклес болмай ма?
19 Енди мен не демекшимен? Бутқа шалынған қурбанлық айрықша ма? Буттың қандай да бир єҳмийети бар ма?
20 Яқ, олай емес! Мениң айтатуғыным мынаў: бутқа табыныўшылар қурбанлықларын Кудайға емес, ал жинлерге береди. Мен сизлердиң жинлерге шериклес болыўыңызды қєлемеймен.
21 Сизлер ҳєм Ийемиздиң кесесинен, ҳєм жинлердиң кесесинен ише алмайсызлар. Жєне де, ҳєм Ийемиздиң дастурханына, ҳєм жинлердиң дастурханына шерик бола алмайсызлар.
22 Ийемизди қызғандырыўға қалай батылымыз барады? Бизлер не, Оннан күшлимиз бе?
23 Сизлер: «Не ислесем де ерклимен» дейсизлер, бирақ ҳємме нєрсе де пайдалы емес. «Не ислесем де ерклимен», – дейсизлер, бирақ ҳємме нєрсе де исенимди жетилистирмейди.
24 Ҳєр бир адам ѳзиниң емес, ал басқалардың пайдасын гѳзлесин.
25 Ҳүжданыңыздың тыныш болыўы ушын, базарда сатылатуғын ҳєр қандай гѳштиң қандай гѳш екенин сорамастан жеңлер.
26 Ѳйткени: «Жер жүзи ҳєм жер жүзиндеги пүткил барлық Ийемизге тийисли».
27 Егер исениўши емес бир адам сени аўқатқа шақырса ҳєм сен де барыўды қєлесең, ҳүжданыңның тыныш болыўы ушын, алдыңа қойылған ҳєр бир нєрсени сорамастан же.
28 Бирақ, биреў саған: «Бул бутқа берилген қурбанлықтың гѳши» десе, айтқан адамның ҳүрмети ушын ҳєм оның ҳүжданы ушын аўқатты жеме.
29 Мен ҳүждан деп, сениң емес, ал басқа адамның ҳүжданын нєзерде тутып атырман. Себеби неге мениң азатлығымды басқа биреўдиң ҳүжданы ҳүким етиўи керек?
30 Егер мен аўқатты шүкирлик пенен қабыл етсем, мен неге шүкирлик етип жеген аўқатым себепли айыпланыўым керек?
31 Солай етип, жесеңиз де, ишсеңиз де, не нєрсени ислесеңиз де, ҳємме нєрсени Кудайдың даңққа бѳлениўи ушын ислеңлер.
32 Яҳудийлердиң де, греклердиң де, Кудайдың жємєєтлериниң де азғырылыўына себеп болмаңлар.
33 Мен де ѳзимниң пайдамды емес, ал кѳплердиң қутқарылыўы ушын олардың пайдасын гѳзлеп, ҳєр бир исте ҳєр бир адамның кеўлинен шығыўға тырысып атырман.