Коринфлилерге жазылған биринши хат 3 bob

1 Қудайдың хызметкерлери ҳаққында. 

1 Туўысқанларым! Мен сизлерге Мухаддес Руўхқа бойсынатуғынларға сѳйлегендей, сѳйлей алмадым. Мен сизлерге гүнакар тєбиятқа бойсынатуғынларға, яғный Масих пенен болған қатнаста еле гѳдеклик дєрежесинде болғанларға сѳйлегендей, сѳйледим.
2 Мен сизлерге күшли аўқат емес, ал сүт бердим. Ѳйткени сизлер еле күшли аўқатты жеўге єззилик қылатуғын едиңиз. Ҳєтте, ҳєзир де оны жеўге єззилик қыласызлар.
3 Себеби сизлер еле де гүнакар тєбиятыңызға бойсынасызлар. Араңызда қызғаншақлық ҳєм тартыслардың болғаны, сизлердиң гүнакар тєбиятыңызға бойсынып, исенбейтуғын адамлар сыяқлы жасап атырғаныңызды кѳрсетпей ме?
4 Бириңиз: «Мен Павелге тийислимен», басқа бириңиз: «Мен Аполосқа тийислимен» десе, сизлер исенбейтуғын адамлар сыяқлы болып қалмайсызлар ма?
5 Олай болса, Аполос ким? Павел ким? Аполос ҳєм мен – сизлердиң тек исенимге келиўиңиз ушын қойылған Кудайдың хызметкерлеримиз ғана. Ийемиз ҳєр биримизге хызмет тапсырған.
6 Туқымды мен ектим, Аполос суўғарды. Бирақ, егинди Кудай ѳсирди.
7 Солай етип, еккен адам да, суўғарған адам да єҳмийетли емес, ал егинди ѳсирген Кудай єҳмийетли.
8 Еккен адам менен суўғарған адамның мақсети бир. Олардың ҳєр бири ѳз мийнетиниң ҳақысын алады.
9 Бизлер Кудай менен бирге ислеймиз. Ал сизлер – Кудайдың атызы ҳєм имаратысыз.
10 Кудайдың ѳзиме берген мийрими менен, мен уста қурыўшы сыяқлы тийкар салдым. Басқалары усы тийкардың үстине имарат салмақта. Бирақ, ҳєр бир адам қалай салып атырғанына дыққат аўдарсын.
11 Ѳйткени ҳеш бир адам салынған тийкардан басқа, яғный Ийса Масихтан басқа бир тийкар сала алмайды.
12 Усы тийкардың үстине адамлар алтыннан, гүмистен, ҳасыл таслардан, ағаштан, пишеннен ямаса сабаннан имарат салады.
13 Деген менен, ҳәр бир адамның ислеген иси ақырзаманда ашылып, отта белгили болады. Себеби ҳәр бир адамның исиниң қандай екенлигин от сынап береди.
14 Кимниң салғаны отқа шыдаса, ол сыйлық алады.
15 Ал шыдамай жанып кетсе, зыян кѳреди. Оның ѳзи қутылады, бирақ оттың ишинен қашқандай болып қутылады.
16 Ѳзлериңиздиң Кудайдың ибадатханасы екениңизди ҳєм Кудайдың Руўхы ишиңизде жасап атырғанын сизлер ҳақыйқаттан да билмейсизлер ме?
17 Егер ким де ким Кудайдың ибадатханасын бузса, оны Кудай урады. Ѳйткени Кудайдың ибадатханасы – мухаддес ҳєм сол ибадатхана сизлерсиз.
18 Ҳеш бир адам ѳзин ѳзи алдамасын. Егер араңыздағы бириңиз ѳзин бул дүньяның кѳз қарасы бойынша данаман деп есапласа, Кудай нєзеринде дана болыў ушын, бул дүньяның кѳз қарасы бойынша «ақылсыз» болсын.
19 Себеби бул дүньяның даналығы Кудай нєзеринде ақылсызлық болады. Мухаддес Жазыўда айтылғандай: «Ол даналарды олардың ҳийлелери менен қолға түсиреди».
20 Жєне де: «Даналардың ой-пикирлериниң пуш екенлигин Ийемиз биледи», – деп жазылған.
21 Сонлықтан ҳеш бир адам адамлар менен мақтанбасын. Ѳйткени ҳєммеси сизлерге тийисли:
22 Павел де, Аполос та, Кифа да, дүнья да, ѳмир ҳєм ѳлим де, ҳєзирги ҳєм келешек заман да, ҳєммеси сизлерге тийисли.
23 Сизлер Масихқа тийислисиз, ал Масих Кудайға тийисли.