Коринфлилерге жазылған биринши хат 7 bob

1 Неке ҳаққында. 25 Турмысқа шықпаған қызлар ҳәм жесир ҳаяллар ҳаққында. 

1 Енди сизлер жазған нєрселерге келсек: дурыс, ер адамның ҳаял менен жақынласпағаны жақсы.
2 Бирақ, бузықшылыққа жол қоймаў ушын, ҳєр бир ер адамның ѳз ҳаялы ҳєм ҳєр бир ҳаялдың ѳз күйеўи болсын.
3 Ер адам ѳз ҳаялына деген, ҳаял да ѳз күйеўине деген ерли-зайыплылық ўазыйпасын орынласын.
4 Себеби ҳаялдың денеси үстинен ҳаялдың ѳзи емес, ал күйеўи бийлик етеди. Сол сыяқлы, ер адамның денеси үстинен де ер адамның ѳзи емес, ал ҳаялы бийлик етеди.
5 Ерли-зайыплылық ўазыйпасын орынлаўда бир-бириңизден бас тартпаңлар. Тек ѳз ара келискеннен соң, ѳзлериңизди дуўа етиўге толық бағышлаў ушын ғана ўақытша бѳлек болыңлар. Ѳзиңизди тыя алмағаныңыздан шайтан пайдаланып, сизлерди азғырмаўы ушын кейин жєне бирге болыңлар.
6 Буны бир буйрық сыпатында емес, ал рухсат сыпатында айтып атырман.
7 Барлық адамлардың мен сыяқлы жалғыз жасаўын қєлеймен. Бирақ, ҳєр бир адамның Кудайдан алған сыйы бар: биреўлер хожалық болып некеде жасайды, екиншилер некесиз жалғыз жасайды.
8 Үйленбегенлер менен турмысқа шықпағанларға ҳєм жесир ҳаялларға айтатуғыным: мен сыяқлы жалғыз жасаса, ѳзлери ушын жақсы болады.
9 Бирақ, ѳзлерин тыя алмайтуғын болса, үйленсин ямаса турмысқа шықсын. Ѳйткени жынысый қєлеўлер себепли күйип-жанғаннан гѳре, үйленгени ямаса турмысқа шыққаны жақсырақ.
10 Ал некеде болғанларға мен мынаны буйыраман, анығырағы мен емес, Ийемиз солай буйырған: ҳаял адам күйеўи менен ажыраспасын.
11 Егер ажырасса, я күйеўсиз қалсын, я ѳз күйеўи менен жарассын. Ер адам да ҳаялы менен ажыраспасын.
12 Ал қалғанларға Ийемиз емес, мен былай деймен: егер бир туўысқанымыздың ҳаялы исениўши болмаса, бирақ оның менен жасаўға ыразы болса, ол ҳаялы менен ажыраспасын.
13 Бир исениўши ҳаялдың да күйеўи исениўши болмаса, бирақ күйеўи оның менен жасаўға ыразы болса, ҳаял күйеўи менен ажыраспасын.
14 Себеби исенбейтуғын күйеў ҳаялы себепли, исенбейтуғын ҳаял да исениўши күйеўи себепли, Кудайдың панасында болады. Олай болмағанда, балаларыңыз қудайсыз болар еди, бирақ енди олар Кудайдың панасында.
15 Бирақ, егер исенбейтуғын адам ажырасқысы келсе, ажырассын. Ер ямаса ҳаял туўысқанымыз бундай жағдайда азат болады. Кудай сизлерди тынышлықта жасаўға шақырды.
16 Ҳєй ҳаял, сен арқалы күйеўиң де қутқарылыўы мүмкин екенлигин билесең-ғо. Ҳєй еркек, сен арқалы ҳаялың да қутқарылыўы мүмкин екенлигин билесең-ғо.
17 Ҳєр бир адам Ийемиздиң ол ушын белгилеген жағдайына бойсынып, Кудай оны қандай жағдайда шақырған болса, сондай болып қалсын. Буны барлық исениўши жємєєтлерге буйыраман.
18 Егер ким де ким сүннетли болып шақырылса, буны жасырмасын. Ким де ким сүннетсиз болып шақырылса, сүннет етилмесин.
19 Сүннетли болыў ямаса болмаў єҳмийетли емес. Ал єҳмийетлиси – Кудайдың буйрықларын орынлаў.
20 Ким қандай жағдайда шақырылған болса, сол жағдайда қалсын.
21 Кул болып шақырылдың ба? Капа болма. Бирақ, азат болыўға мүмкиншилик туўылса, оннан пайдалан!
22 Ийемиз шақырған ўақытта қул болған адам енди Ийемизге тийисли азат адам болады. Сол сыяқлы, азат болып шақырылған адам да Масихтың қулы болады.
23 Кудай бийбаҳа тѳлем тѳлеп, сизлерди сатып алды, сонлықтан адамлардың қулы болмаңлар.
24 Туўысқанларым, ким қандай жағдайда шақырылған болса, Кудай алдында сол жағдайда қалсын.
25 Енди қызларға келсек, Ийемизден оларға байланыслы буйрық алғаным жоқ. Бирақ, Ийемиздиң мийрим-шєпєєтин алған исенимли адам сыпатында мен ѳз пикиримди айтаман.
26 Мениң ойым бойынша, ҳєзирги қыйыншылықларға байланыслы, адам сол ҳалында қала бергени жақсы.
27 Бир ҳаялға басың байланған ба? Онда ажырасыўға умтылма. Ҳаялсызсаң ба? Онда ѳзиңе ҳаял излеме.
28 Деген менен, егер үйленсең де гүна ислемейсең. Егер қыз да турмысқа шықса, гүна ислеген болмайды. Бирақ, турмыс қурғанлар ѳмирде қыйыншылық кѳреди. Мен сизлерди усы қыйыншылықлардан сақлаўды қєлеймен.
29 Туўысқанларым, сизлерге мынаны айтыўды қєлеймен: ўақыт қысқа. Буннан былай, ҳаялы болғанлар ҳаялы жоқтай болсын.
30 Жылап атырғанлар жыламайтуғындай, қуўанып атырғанлар қуўанбайтуғындай, сатып алып атырғанлар ийелик етпейтуғындай,
31 дүньядағы затларды пайдаланып атырғанлар пайдаланбайтуғындай болсын. Ѳйткени бул дүнья ѳткинши.
32 Мен сизлердиң ғам-тєшиўишсиз болғаныңызды қєлеймен. Үйленбеген еркек Ийемизге қалай жағынсам екен деп, Ийемиздиң ислери ҳаққында ойлайды.
33 Бирақ, үйленген еркек ҳаялыма қалай жағынсам екен деп, дүньяның ислери ҳаққында ойлайды.
34 Сол себептен ол алағада болып жүреди. Күйеўсиз ҳаял ямаса турмысқа шықпаған қыз денеси менен ҳєм руўхый жақтан мухаддес болыў ушын, Ийемиздиң ислери ҳаққында ойлайды. Бирақ, турмысқа шыққан ҳаял күйеўиме қалай жағынсам екен деп, дүньяның ислери ҳаққында ойлайды.
35 Мен буны мойныңызға буғаў салыў ушын емес, ал сизлердиң пайдаңыз ушын айтып атырман. Сизлердиң ҳеш нєрсеге алаң болмай, Ийемизге ѳзлериңизди толық бағышлаўыңызды ҳєм ылайықлы түрде жасаўыңызды қєлеймен.
36 Егер ким де ким ѳз қызының турмысқа шықпағанын уят деп санаса, қызының жасы да ѳтип, турмысқа шығатуғын ўақты келген болса, ол адам қєлегенин ислесин. Кызын күйеўге берсе де, гүна ислеген болмайды.
37 Бирақ сол адам қызын күйеўге бермеўге қарар етсе ҳєм усы нийетинде беккем турып, буны мєжбүрий түрде емес, ал ѳз ерки бойынша ислесе, жақсы қылған болады.
38 Солай етип, қызын күйеўге берген адам жақсы қылған болады, ал күйеўге бермеген адам оннан да жақсырақ қылған болады.
39 Ҳаял күйеўи тири ўақтында басы байлаўлы болады. Күйеўи ѳлсе, ҳаял қєлеген адамына турмысқа шығыўға ерки бар. Тек ол адам Ийемизге тийисли болсын.
40 Бирақ, ҳаял жесир болып қала берсе бахытлырақ болады. Бул мениң пикирим ҳєм менде де Кудайдың Руўхы бар деп ойлайман.