Коринфлилерге жазылған биринши хат 8 bob

1 Бутларға берилген қурбанлықтың гөши ҳаққында. 

1 Енди бутларға берилген қурбанлықтың гѳшине тоқтайық. Дурыс, ҳєммемиз де билимли екенлигимизди билемиз. Деген менен, билим адамды менмен қылады, ал сүйиспеншилик адамды жигерлендиреди.
2 Адам бир нєрсени билемен деп ойласа, ол еле билиўи керек нєрсени билмегени болады.
3 Бирақ, Кудайды сүйген адамды Кудай биледи.
4 Ал, бутларға берилген қурбанлық гѳшин жеўге келсек, хабарымыз бар, бут дүньяда негизинде ҳеш қандай єҳмийетке ийе емес ҳєм жалғыз Кудайдан басқа қудай жоқ.
5 Адамлардың ойы бойынша жерде де, аспанда да «қудай» деп аталатуғынлар бар. Олар шынында да, кѳп «қудайлар» ҳєм «ийелер» бар деп есаплайды.
6 Бирақ, бизлер ушын тек жалғыз ғана Кудай Єкемиз бар. Ол ҳємме нєрсениң тийкары ҳєм бизлер Ол ушын жасап атырмыз. Жєне де, бизлердиң тек жалғыз ғана Ийемиз – Ийса Масих бар. Ҳємме нєрсе Ол арқалы жаратылған, бизлер де Ол себепли жасап атырмыз.
7 Деген менен, исениўшилердиң ҳєммеси де усындай билимге ийе емес. Олардың айырымлары бул гѳшти жегенде, ѳзлериниң бурынғы бутпаразлық єдети бойынша, елеге дейин оны бутқа берилген қурбанлықтың гѳши деп есаплайды. Сонлықтан олардың ҳүжданы қыйналып, ѳзлерин ипласландық деп ойлайды.
8 Аўқат бизлерди Кудайға жақынластырмайды: бизлер жемесек те, ҳеш нєрсе жойтпаймыз, жесек те, ҳеш нєрсе арттырмаймыз.
9 Бирақ, абайлы болыңлар, бул азатлығыңыз исеними ҳєлсизлердиң азғырылыўына себеп болмасын.
10 Егер исеними ҳєлсиз болған адам алдында айтылған билимге ийе болған сениң буттың ибадатханасында аўқат жеп отырғаныңды кѳрсе, оның да бутларға берилген қурбанлықтың гѳшин жеўге қєлеўи туўылмай ма?
11 Солай етип, сениң билимиң себепли, бул исеними ҳєлсиз туўысқаның набыт болады. Бирақ, Масих ол ушын да қурбан болған-ғо.
12 Сизлер усы тєризде туўысқанларыңызға қарсы гүна ислеўиңиз арқалы ҳєм олардың қыйналып атырған ҳүжданын азапқа түсириўиңиз арқалы Масихқа қарсы гүна ислеген боласызлар.
13 Сонлықтан мениң жеп атырған нєрсем туўысқанымның азғырылыўына себеп болатуғын болса, мен туўысқанымды азғырмаў ушын, ҳеш қашан гѳш жемеймен.