Коринфлилерге жазылған биринши хат 14 bob

1 Басқа тиллерде сөйлеў сыйы ҳәм пайғамбаршылық айтыў сыйы ҳаққында. 26 Жәмәәт жыйналысындағы тәртип ҳаққында. 

1 Сүйиспеншилик пенен жасаўға умтылыңлар ҳєм руўхый сыйларды, єсиресе пайғамбаршылық айтыў сыйын алыўға тырысыңлар.
2 Себеби басқа тилде сѳйлеген адам адамларға емес, ал Кудайға сѳйлейди. Оны ҳеш ким түсинбейди. Ол Мухаддес Руўхтың басқарыўында сырларды айтады.
3 Ал пайғамбаршылық айтқан адам адамларды беккемлеў, жубатыў ҳєм руўхландырыў ушын сѳйлейди.
4 Басқа тилде сѳйлеген адам ѳзин ѳзи беккемлейди. Ал, пайғамбаршылық айтқан адам исениўшилер жємєєтин беккемлейди.
5 Мен сизлердиң ҳєммеңиздиң басқа тиллерде сѳйлеўиңизди қєлеймен. Бирақ оннан гѳре, пайғамбаршылық айтыўыңызды кѳбирек қєлеймен. Басқа тиллер исениўшилер жємєєтиниң беккемлениўи ушын түсиндирилмесе, онда пайғамбаршылық айтыўшы басқа тиллерде сѳйлеген адамнан артығырақ.
6 Солай етип, туўысқанларым, мен сизлерге барып басқа тиллерде сѳйлесем, бирақ сизлерге я Кудайдың аянын, я билим, я пайғамбаршылық сѳзин, я тєлим бермесем, онда мениң сизлерге қандай пайдам тийеди?
7 Сырнай ямаса дуўтар сыяқлы, сес шығаратуғын жансыз нєрселер де анық сес шығармаса, сырнай ямаса дуўтардың не шерткенин ким түсинеди?
8 Егер кєрнай урыстың басланғанын жєриялап, анық сес шығармаса, ким урысқа таярланады?
9 Сол сыяқлы, сизлер де басқа тилде сѳйлеп, түсиниксиз сѳзлерди айтсаңыз, сѳйлеген сѳзиңизди ким түсинеди? Сизлер қуры далаға сѳйлегендей боласызлар-ғо!
10 Дүньяда түрли-түрли тиллер бар ҳєм олардың ҳєр бир сѳзи ѳз мєнисине ийе.
11 Деген менен, егер мен ѳзиме айтылған сѳзди түсинбесем, сѳйлеп турған адам ушын мен жат жерли адам боламан, сѳйлеп турған адам да мен ушын жат жерли адам болады.
12 Сол себептен сизлер руўхый сыйларды алыўға умтылғаныңызда, исениўшилер жємєєтин беккемлейтуғын сыйларды кѳбирек алыўға тырысыңлар.
13 Сонлықтан ким де ким басқа тилде сѳйлейтуғын болса, ол ѳзиниң айтқанларын түсиндире алыўы ушын дуўа етсин.
14 Ѳйткени мен басқа тилде дуўа етсем, руўхым дуўа етеди, бирақ мен буны сана-сезимим менен түсинбеймен.
15 Олай болса, мен не ислеўим керек? Мен руўхым менен де, сана-сезимим менен де дуўа етиўим керек. Руўхым менен алғыс-мақтаў қосығын айтсам, сана-сезимим менен де алғыс-мақтаў қосығын айтыўым керек.
16 Егер сен тек руўхың менен шүкирлик билдирсең, сол жерде турған түсинбейтуғын адам сениң билдирген шүкирлигиңе қалай «аўмийин» дейди?
17 Дурыс, сениң шүкирлик билдиргениң жақсы, бирақ бул арқалы басқа адам руўхый азық алмайды.
18 Кудайға шүкир, мен ҳєммеңизден гѳре, басқа тиллерде кѳбирек сѳйлеймен.
19 Деген менен, исениўшилер жємєєтинде басқа тилде он мың сѳз айтқанымнан гѳре, басқаларға тєлим бериўим ушын түсиникли бес сѳз айтқаным абзалырақ.
20 Туўысқанларым, ақыл-ойыңыз бенен баладай болмаңлар. Жаманлық ислеўде гѳдек сыяқлы, ал ақыл-ойыңыз бенен ересек адам сыяқлы болыңлар.
21 Мухаддес Жазыўда былай делинген: «Ийемиз былай дейди: „Жат тиллерде сѳйлегенлер арқалы, Жат адамлардың аўызлары арқалы бул халыққа сѳйлеймен. Олар сонда да Мени тыңламайды“».
22 Солай етип, басқа тиллерде сѳйлеў исениўшилер ушын емес, ал исенбейтуғын адамлар ушын берилген белги болады. Ал пайғамбаршылық исенбейтуғын адамлар ушын емес, исениўшилер ушын берилген белги болады.
23 Егер пүткил исениўшилер жємєєти бир жерге жыйналып, ҳєммеси бирликте басқа тиллерде сѳйлесе, бул руўхый сыйды түсинбейтуғын ямаса исениўши емес адамлар ишке кирип: «Сизлер ақылдан азыпсыз!» – демей ме?
24 Бирақ, ҳємме пайғамбаршылық қылғанда, исениўши емес ямаса бул руўхый сыйды түсинбейтуғын бир адам ишке кирсе, ҳємме тєрепинен оның гүнасы єшкара етилип, ол ҳємме тєрепинен ҳүким қылынады.
25 Солай етип, оның жүрегиндеги жасырын нєрселер ашылып қалады ҳєм ол жерге жығылып: «Кудай ҳақыйқаттан да, сизлердиң араңызда екен!» – деп Кудайға сыйынады.
26 Туўысқанларым, енди буннан қандай жуўмақ шығарамыз? Сизлер жыйналғаныңызда, бириңиз алғыслаў қосығын айтасыз, бириңиз тєлим бересиз, бириңиз Кудай берген аянды билдиресиз, бириңиз басқа тилде сѳйлейсиз ҳєм жєне бириңиз басқа тилди түсиндиресиз. Булардың ҳєммеси исениўшилер жємєєтиниң беккемлениўи ушын исленсин.
27 Басқа тилде сѳйлегениңизде, еки ямаса ең кѳп дегенде үш адам сѳйлесин, бирақ олар гезек пенен сѳйлесин. Басқа бир адам айтылғанларды түсиндирсин.
28 Егер түсиндиретуғын адам жоқ болса, басқа тилде сѳйлейтуғын адам жємєєтте үндемесин, ал ѳзи жалғыз қалғанда ѳзи ушын Кудайға сѳйлесин.
29 Пайғамбаршылық айтыўшылардың да екеўи ямаса үшеўи сѳйлесин, ал басқалар олардың айтқан сѳзлерин тексерип кѳрсин.
30 Отырған басқа бир адамға сол ўақытта Кудайдан аян берилсе, сѳйлеп турған пайғамбаршылық айтыўшы адам үндемей қалсын.
31 Жємєєттеги ҳєр бир адамды үйретип, ҳєр бир адамға жубаныш бериўиңиз ушын, ҳєммеңиз гезек пенен пайғамбаршылық айтыўыңызға болады.
32 Пайғамбаршылық айтыў сыйы пайғамбаршылық айтыўшы адамлар тєрепинен басқарылады.
33 Себеби Кудай тєртипсизлик Кудайы емес, ал тынышлық Кудайы. Барлық исениўшилердиң жємєєтлеринде болғаны сыяқлы,
34 сизлердиң жємєєтиңизде де ҳаяллар жыйналысларда үндемесин. Олардың сѳйлеўине рухсат етилмеген. Муўсаның Нызамында айтылғандай, олар бойсыныўы керек.
35 Егер олар бир нєрсени үйренбекши болса, үйде күйеўлеринен сорасын. Ѳйткени ҳаялдың жємєєт жыйналысында сѳйлегени айып болады.
36 Кудайдың сѳзи сизлерден шығып, тек жалғыз сизлерге жетип барды ма?
37 Егер ким де ким ѳзин пайғамбар ямаса руўхый жетик адам деп санаса, сизлерге жазып атырған бул сѳзлеримниң Ийемиздиң буйрығы екенин билсин.
38 Ал ким де ким буларды қабыл алмаса, оның ѳзи де қабыл алынбайды.
39 Солай етип, туўысқанларым, пайғамбаршылық айтыўға умтылыңлар. Басқа тиллерде сѳйлеўге тосқынлық жасамаңлар.
40 Бирақ, ҳєммеси де єдеп ҳєм тєртип пенен исленсин.