Коринфлилерге жазылған биринши хат 5 bob

1 Бузықшылық ислегенге шара көриў ҳаққында. 

1 Сизлердиң араңызда бузықшылық исленип атырғаны ҳаққында анық хабарлар бар. Ҳєтте, Кудайға исенбейтуғынлар арасында да ушыраспайтуғын бузықшылық исленипти: араңыздағы бириңиз єкесиниң ҳаялы, яғный ѳгей анасы менен жасайтуғын қусайды.
2 Усылай болса да, сизлер менменликке берилип кетипсизлер. Буның орнына қайғырып, усындай ис қылғанды араңыздан қуўып шығарыўыңыз керек емес пе еди?
3 Мениң ѳзим араңызда болмасам да, руўхым сизлер менен бирге. Сонлықтан ѳзим араңызда болғандай, усындай исти ислегенди ҳүким етиўге қарар қылдым.
4 Сизлер Ийемиз Ийсаның аты менен жыйналғаныңызда, Ийемиз Ийсаның қүдирети менен мениң руўхым да сизлер менен бирге болады.
5 Сонда бул адамның гүнакар тєбияты набыт болып, руўхы Ийемиз Ийса Масих келген күни қутқарылыўы ушын оны жємєєттен қуўып шығарып, шайтанға тапсырың.
6 Сизлердиң мақтанғаныңыз дурыс емес. Азғантай ашытқы пүткил қамырды ашытатуғынын билмейсизлер ме?
7 Сонлықтан сизлер ески ашытқыдан тазаланып, жаңа қамыр болыңлар. Сизлер негизинде ашытқысыз қамырсызлар. Ѳйткени Кутқарылыў байрамының Козысы болған Масих бизлер ушын қурбанлыққа берилди.
8 Сонлықтан ески ашытқы менен, яғный жаўызлық ҳєм жаманлық пенен емес, ал пєклик ҳєм ҳақыйқатлық пенен, яғный ашытқысыз нан менен байрамлайық.
9 Мен ѳз хатымда бузықшылық ислейтуғынлар менен қатнас жасамаң, деп сизлерге жазған едим.
10 Деген менен, мен улыўма бул дүньядағы бузық, нєпсиқаў, тонаўшы ямаса бутпараз адамларды нєзерде тутқан жоқпан. Егер олай болғанда, сизлер бул дүньядан шығып кетиўге мєжбүр болар едиңлер!
11 Бирақ, ѳзин исениўши туўысқаныңызбан деп атап турып, бузық, нєпсиқаў, бутпараз, жалахор, мєскүнем ямаса тонаўшы болған адам менен қатнас жасамаўыңызды, ҳєтте, сондай адам менен бирге аўқат та жемеўиңизди жазған едим.
12 Исениўшилер жємєєтиниң сыртындағы адамларды ҳүким қылыў мениң жумысым емес. Сизлер исениўшилер жємєєтиниң ишиндеги адамларды ҳүким қылыўыңыз керек.
13 Ал исениўшилер жємєєтиниң сыртындағы адамларды Кудайдың Ѳзи ҳүким қылады. Мухаддес Жазыўда айтылғандай: «Жаман адамды араңыздан қуўып шығарыңлар».