Коринфлилерге жазылған биринши хат 11 bob

2 Жәмәәт жыйналысында орамал тартыў ҳаққында. 17 Ийемизди еслеў кешеси ҳаққында. 

1 Мениң Масихтан ѳрнек алғаным сыяқлы, сизлер де меннен ѳрнек алыңлар.
2 Мени ҳєр бир исте ядыңызға түсирип, мен сизлерге үйреткен дєстүрлер бойынша ис тутып атырғаныңыз ушын сизлерди мақтайман.
3 Бирақ, мен мына нєрсени де билиўиңизди қєлеймен: ҳєр бир ер адамның басы Масих, ҳаялдың басы күйеўи, ал Масихтың басы Кудай.
4 Жємєєт жыйналысында басын жаўып дуўа еткен ямаса пайғамбаршылық қылған ҳєр бир ер адам ѳз басын бийабырай қылады.
5 Ал, басын жаўмай дуўа еткен ямаса пайғамбаршылық қылған ҳєр бир ҳаял ѳз басын бийабырай қылады. Бундай ҳаялдың шашын алдырып таслаған ҳаялдан парқы болмайды.
6 Егер ҳаял басын жапқысы келмесе, шашын кестиргени жақсы. Бирақ, ҳаял шашын кестириўди ямаса алдырыўды айып деп билсе, басын жабыўы керек.
7 Ер адам басын жаппасын. Ѳйткени ер адам Кудайға усатып жаратылған ҳєм Оның даңқын кѳрсетеди. Ал ҳаял ер адамның даңқын кѳрсетеди.
8 Себеби ер адам ҳаялдан емес, ал ҳаял ер адамнан жаратылды.
9 Ер адам ҳаял ушын емес, ал ҳаял ер адам ушын жаратылды.
10 Сонлықтан ҳєм периштелер себепли, ҳаял ѳзиниң бийлик астында екенин кѳрсетиў ушын басын жабыўы керек.
11 Деген менен, Ийемизге тийисли адамлардың ѳмиринде ҳаял ер адамнан, ер адам ҳаялдан ғєрезли.
12 Ѳйткени ҳаял ер адамнан жаратылғаны сыяқлы, ер адам да ҳаялдан туўылады. Бирақ, ҳєммесин Кудай жаратқан.
13 Ѳзлериңиз ақыл жуўыртып кѳриңлер: ҳаялдың Кудайға басын жаппай дуўа етиўи єдепке жата ма?
14 Мєдениятыңыздың ѳзи узын шаш ер адам ушын уят екенин,
15 бирақ ҳаял ушын абырай екенин үйретпей ме? Себеби узын шаш ҳаялға жаўлық сыпатында берилген.
16 Бул ҳаққында тартысыўды қєлейтуғын адам бар болса, ол билсин, бизлерде де, Кудайдың жємєєтлеринде де буннан басқа єдет жоқ.
17 Енди мына жол-жорықты берип атырып, сизлерди мақтамайман: ѳйткени жыйналысларыңыздың пайдасынан гѳре, зыяны кѳп.
18 Бириншиден, жємєєтте жыйналғаныңызда араңызда бѳлиниўлер бар екенин еситип атырман. Буған жарым-жарты болса да исенемен.
19 Себеби, єлбетте, дурыс пикир жүргизиўшилер анықланыўы ушын, араңызда ҳєр түрли пикир жүргизиўши топарлар болыўы тийис.
20 Сизлер бѳлинип турып, Ийемизди еслеў кешесин ѳткизиў ушын бирге жыйналсаңыз, бул шын мєнисиндеги Ийемизди еслеў кешеси болмайды.
21 Ѳйткени ҳєр ким ѳзиниң аўқатын басқалардан бурын жеўге асыққанлықтан, биреў аш қалады, биреў мєс болады.
22 Сизлердиң ишип-жеўиңиз ушын үйлериңиз жоқ па? Кудайдың жємєєтин писент етпей, жоқшылықта жасайтуғынларды уялтқыңыз келе ме? Сизлерге не деймен? Сизлерди мақтайын ба? Яқ, бул ушын мақтамайман!
23 Сизлерге тапсырған мына жол-жорығымды мен Ийемизден алдым: қолға услап берилетуғын күни түнде Ийемиз Ийса қолына нанды алды да,
24 шүкирлик билдирди ҳєм нанды сындырып, былай деди: «Бул – сизлер ушын қурбан болатуғын Мениң денем. Мени еслеп турыўыңыз ушын, усылай ислеп турыңлар».
25 Сол сыяқлы, кешки аўқаттан соң кесени алып былай деди: «Бул кесе – Мениң қаным менен бекитилетуғын Жаңа Келисим. Оны ҳєр ишкениңизде Мени еслеп турыўыңыз ушын, усылай ислеп турыңлар».
26 Себеби бул наннан ҳєр жегениңизде ҳєм бул кеседен ҳєр ишкениңизде, Ийемиз қайта келиўге дейин Оның ѳлими ҳаққында жєриялаған боласызлар.
27 Сонлықтан ким де ким ылайықсыз түрде Ийемиздиң бул нанын жеп, кесесинен ишсе, Ийемиздиң денесине ҳєм Оның қанына қарсы гүна ислеген болады.
28 Ҳєр бир адам ѳзин тексерип кѳрсин, соңынан нанды жеп, кеседен ишсин.
29 Ѳйткени ким де ким Ийемиздиң денесин писент етпей, ылайықсыз түрде нанды жеп, кеседен ишсе, ѳз-ѳзин Кудайдың ҳүкимине дуўшар қылған болады.
30 Сол себептен араңыздағы кѳплериңиз ҳєлсиз ҳєм аўырыўсыз, ѳлип қалған адамлар да кѳп болды.
31 Егер бизлер ѳз-ѳзимизди тексерип кѳргенимизде, Кудай тєрепинен ҳүким етилмеген болар едик.
32 Бирақ, дүнья менен бирге ҳүким етилмеўимиз ушын, Ийемиз бизлерди жазалап, тєрбиялайды.
33 Солай етип, туўысқанларым, Ийемизди еслеў кешесин ѳткизиў ушын жыйналғаныңызда, бир-бириңизди күтиңлер.
34 Егер ким де ким аш болса, үйинде аўқатланып келсин. Сонда жыйналысыңыз Кудайдың ҳүкимине ушырамайды. Басқа мєселелерге келсек, олар бойынша ѳзим барғанымда жол-жорық беремен.