1 Масихтың елшилериниң хызмети ҳаққында.
Коринфлилерге жазылған биринши хат 4 bob
1 Солай етип, адамлар Масихтың елшилери болған бизлерди Масихтың хызметшилери ҳєм Кудайдың сырларын аян етиўши хызметкерлер деп есапласын.
2 Ал хызметкерлерден талап етилетуғын ең баслы нєрсе – садықлық.
3 Мени сизлердиң ямаса басқа адамлардың қалай ҳүким етиўи мен ушын єҳмийетли емес. Ҳєтте, мен ѳзим де ѳзимди ҳүким етпеймен.
4 Себеби мениң ҳүжданым таза. Бирақ, мен усы себептен ақланбайман. Мени ҳүким ететуғын – Ийемиздиң Ѳзи.
5 Сонлықтан Ийемиз келиўге дейин, белгиленген ўақыттан бурын ҳеш бир нєрсени ҳүким етпеңлер. Ол қараңғылықта жасырылған нєрселерди жақтыға шығарып, адамлардың кеўиллериндеги нийетлерин ашып кѳрсетеди. Сонда ҳєр бир адам Кудайдан ѳзине ылайық мақтаў алады.
6 Туўысқанларым! Алдында айтылғанларды түсиниўиңиз ушын, мен ѳзимди ҳєм Аполосты мысал етип кѳрсеттим. Буны мен Мухаддес Жазыўда айтылғанлардан шетке шығып кетпеўди бизлерден үйрениўиңиз ушын ҳєм ҳеш қайсысыңыз бир адамды екинши адамнан жоқары қойып, менменсип кетпеўиңиз ушын иследим.
7 Ҳеш ким сени басқалардан үстин қылып қойған жоқ-ғо. Сениң Қудайдан алмаған нәрсең бар ма? Қудайдан ҳәммесин алған болсаң, Оннан алмағандай болып мақтанғаның қалай болғаны?
8 Сизлер енди керекли ҳємме нєрсемиз бар деп ойлайсызлар. Сизлер байып кетипсизлер, бизлерсиз патшалық етпектесизлер! Кєне енди, сизлер ҳақыйқаттан да, патшалар болсаңыз, сонда бизлер де сизлер менен бирге патшалық етер едик!
9 Мениң ойымша, Кудай биз елшилерди ең єҳмийетсиз адамлар қылып, ҳєммениң кѳз алдына шығарды. Бизлер ѳлимге ҳүким етилген адамлар сыяқлы болғанымыз себепли, периштелер ушын да, адамлар ушын да, яғный пүткил дүнья ушын бир тамаша болдық.
10 Дүньяның пикири бойынша, бизлер Масих ушын ақылсыз, бирақ сизлер Масих пенен қатнаста болып ақыллы болдыңлар! Бизлер ҳєлсизбиз, бирақ сизлер күшлисиз! Сизлер ҳүрметли адамларсыз, бирақ бизлер иззетсиз адамлармыз!
11 Бизлер усы ўақытқа дейин ашлыққа ҳєм шѳлге шыдап келемиз, жалаңашпыз, таяқ жеймиз, үй-жайсыз сергизданбыз.
12 Ѳз қолларымыз бенен аўыр мийнет ислеймиз. Бизлерди нєлетлегенлерге жақсы тилек тилеймиз. Куўдалансақ, шыдаймыз.
13 Масқаралағанда, мүлєйимлилик пенен жуўап беремиз. Усы ўақытқа дейин дүньяның сыпырындысы, пүткил адамзаттың тасландысы болдық.
14 Буларды сизлерди уялтыў ушын емес, ал сүйикли балаларым болған сизлерди ақылландырыў ушын жазып атырман.
15 Ѳйткени Масихтың жолын үйрететуғын мың-мыңлаған устазыңыз болса да, єкеңиз биреў. Масих Ийса менен қатнаста болыўыңыз ушын, сизлерге Хош Хабарды жєриялаўым арқалы мен сизлердиң єкеңиз болдым.
16 Сол себептен сизлерден өтиниш етемен: меннен өрнек алыңлар.
17 Ийемизге садық болған сүйикли балам Тимофейди усы мақсет пенен сизлерге жибердим. Ҳємме жерде, исениўшилердиң ҳєр бир жємєєтинде берген тєлимиме сай болған, мениң Масих пенен бирге басып ѳткен жолымды ол сизлердиң есиңизге түсиреди.
18 Мени келмейди деп, араңыздағы базыларыңыз менменсип кетипти.
19 Бирақ, Ийемиз қєлесе, жақын арада сизлерге бараман. Сонда менменсип кеткен сол адамлардың тек сѳзлерин емес, ал оларда Кудайдың күши бар ма я жоқ па, соны сынап кѳремен.
20 Себеби Кудайдың Патшалығы сѳзден емес, ал Кудайдың күшинен ибарат.
21 Сизлер нени қєлейсизлер? Сизлерге таяқ пенен барайын ба ямаса сүйиспеншилик ҳєм мүлєйимлилик пенен бе?