Коринфлилерге жазылған биринши хат 2 bob

1 Атанаққа шегеленген Масих ҳаққында жәриялаў. 6 Мухаддес Руўх беретуғын Қудайдың даналығы. 

1 Туўысқанларым, мен сизлерге барып, Кудайдың сырын жєриялағанымда, шешен сѳзлер ямаса артықмаш даналық қолланбадым.
2 Себеби араңызда болған ўақтымда, тек Ийса Масихқа ҳєм Оның атанақ ағашқа шегелениўине ғана айрықша дыққат аўдарыўға қарар еттим.
3 Мен сизлерге ҳєлсизлик, қорқыныш ҳєм қатты дирилди менен бардым.
4 Сѳйлеген сѳзим ҳєм айтқан ўазым адам ақылының исендириўши сѳзлерине емес, ал Мухаддес Руўхтың Ѳз қүдирети менен кѳрсеткен дєлилине тийкарланған еди.
5 Мениң бундағы мақсетим – исенимиңиздиң адамның ақылына емес, ал Кудайдың қүдиретине тийкарланыўы еди.
6 Деген менен, бизлер руўхый жетискен адамлар арасында дана сѳзлер сѳйлеймиз. Бирақ бул даналық усы дүньяның ҳєм оның ѳткинши ҳүкимдарларының даналығы емес.
7 Бизлер Кудайдың жасырын ҳєм сырлы болған даналығы ҳаққында сѳз етип атырмыз. Кудай дүньяны жаратпастан бурын оны бизлердиң даңққа ерисиўимиз ушын арнап қойған еди.
8 Бул даналықты усы дүньядағы ҳүкимдарлардың ҳеш бири түсинбеди. Егер түсингенде, уллы Ийемизди атанақ ағашқа шегелемеген болар еди.
9 Мухаддес Жазыўда айтылғандай: «Кѳз кѳрип, қулақ еситпеген, Адамның ойына кирип те шықпаған нєрселерди, Кудай Ѳзин сүйетуғынлар ушын таярлап қойыпты».
10 Бирақ, Кудай буны бизлерге Ѳзиниң Мухаддес Руўхы арқалы ашып берди. Ѳйткени Мухаддес Руўх ҳємме нєрсени, ҳєтте, Кудайдың терең ой-пикирлерин де биледи.
11 Адамның ойларын оның ишиндеги руўхтан басқа ким биле алады? Сол сыяқлы, Кудайдың ой-пикирлерин де Оның Мухаддес Руўхынан басқа ҳеш ким биле алмайды.
12 Кудайдың бизлерге берген мийримли сыйларын билиўимиз ушын, бизлер бул дүньяның руўхын емес, ал Кудайдың Руўхын қабыл еттик.
13 Бизлер бул сыйлар ҳаққында адамның ақылы үйреткен сѳзлер менен емес, ал Мухаддес Руўх үйреткен сѳзлер менен сѳйлеймиз. Яғный, руўхый нєрселерди руўхый сѳзлер менен түсиндиремиз.
14 Ѳз тєбияты бойынша жасайтуғын адам Кудайдың Руўхы беретуғын нєрселерди қабыл етпейди. Себеби ол буларды ақмақлық деп санайды. Оларды тек Мухаддес Руўхтың жєрдеминде түсиниў керек болғанлықтан, ол түсине алмайды.
15 Мухаддес Руўхқа бойсынатуғын адам Мухаддес Руўх тєрепинен берилген ҳємме нєрсени түсине алады, бирақ оны Мухаддес Руўхқа бойсынбайтуғын адамлар түсине алмайды.
16 «Жаратқан Ийемиздиң ойындағысын ким биле алады? Оған ким ақыл бере алады?» Бирақ, бизлер Масихтың ақыл-ойына ийемиз.