1 Мүтәжликте жасап атырған исениўшилерге жәрдем бериў ҳаққында. 5 Павелдиң жобалары. 13 Павелдиң соңғы ақыл-нәсиятлары. 19 Соңғы сәлемнама.
Коринфлилерге жазылған биринши хат 16 bob
1 Енди исениўшилерге берилетуғын ақшалай жєрдемге келсек, сизлер де буны Галатиядағы исениўши жємєєтлерге тапсырғанымдай ислеңлер.
2 Ҳєр екшемби күни ҳєр бириңиз ѳз жағдайына қарап, ақшаны бѳлек жыйнап қойсын. Сонда мен сизлерге барғанымда, ақшаны жыйнап жүриўдиң зєрүрлиги болмайды.
3 Сизлерге барғанымда, берген садақаларыңызды апарыўға кимлерди ылайықлы кѳрсеңиз, мен сол адамларға хатлар берип, Ерусалимге жиберемен.
4 Егер мениң де кетиўим керек болса, олар мениң менен бирге кетеди.
5 Мен сизлерге Македония арқалы бараман. Себеби мен усы үлке арқалы жүрмекшимен.
6 Касыңызда бир қанша ўақыт қалыўым, ҳєтте, сизлер менен қысты да бирге ѳткизиўим мүмкин. Соннан кейин, мен қай жерге кетежақ болсам да, сизлер маған жєрдем етерсиз.
7 Мен бул сапары сизлерди жол-жѳнекей кѳрип кетиўди қєлемеймен. Егер Ийемиз рухсат етсе, сизлер менен бирге бир қанша ўақыт қалыўдан үмит етемен.
8 Бирақ, мен Ефесте Елиўинши күни байрамына дейин қалажақпан.
9 Ѳйткени бул жерде ѳнимли мийнет етиўим ушын маған кең жол ашылды. Деген менен, маған қарсы шығып атырғанлар да кѳп.
10 Тимофей сизлерге барғанда, араңызда қєўипсиз жүриўи ушын кѳз қулақ болыңлар. Себеби ол да мен сыяқлы Ийемизге хызмет етеди.
11 Сонлықтан оны ҳеш ким пєс кѳрмесин. Мениң қасыма келиўи ушын оны аман-есен шығарып салыңлар. Ѳйткени мен туўысқанларымыз бенен бирге оның келиўин күтип отырман.
12 Туўысқанымыз Аполосқа келсек, туўысқанларымыз бенен бирге сизлерге барыўын оннан кѳп ѳтинген едим. Бирақ, ол ҳєзир сизлерге барыўды ҳеш қєлемей атыр. Колайлы жағдай туўылғанда, ол сизлерге барады.
13 Сергек болыңлар, исенимде беккем турыңлар, мєрт ҳєм жигерли болыңлар.
14 Ҳєр бир нєрсени сүйиспеншилик пенен ислеңлер.
15 Ахая үлкесинде биринши болып исенген ҳєм ѳзлерин исениўшилердиң хызметине бағышлаған Степанның хожалығын билесизлер. Сизлерден ѳтиниш, туўысқанларым:
16 сизлер де усындай адамларға ҳєм олар менен бирге мийнет ететуғын адамлардың ҳєммесине бойсыныңлар.
17 Мен Степанның, Фортунатустың ҳєм Ахайктың келгенине қуўанышлыман. Олар сизлердиң орныңызды басып, сизлердиң жоқлығыңызды умыттырды.
18 Олар мениң руўхымды да, сизлердиң руўхыңызды да кѳтерди. Бундай адамлардың қєдирин билиңлер.
19 Азия үлкесиндеги жємєєтлер сизлерге сєлем айтып атыр. Акила менен Прискила ҳєм олардың үйиндеги исениўшилер жємєєти Ийемиз бенен қатнаста болған сизлерге кѳп-кѳп сєлем айтып атыр.
20 Усы жердеги барлық туўысқанлар да сизлерге сєлем айтып атыр. Бир-бириңизди мухаддес поса менен сүйип сєлемлесиңлер.
21 Мен, Павел, бул сєлемнаманы ѳз қолым менен жазып атырман.
22 Ийемизди сүймейтуғын адамға нєлет болсын! О Ийемиз, келе-гѳр!
23 Ийемиз Ийсаның мийрими сизлерге яр болсын!
24 Мен сизлердиң ҳєммеңизди Масих Ийсаның сүйиспеншилиги менен сүйемен. Аўмийин.