1 Масихтың қайта тирилиўи ҳаққында. 12 Өлилердиң тирилиўи ҳаққында. 35 Тирилген дене ҳаққында.
Коринфлилерге жазылған биринши хат 15 bob
1 Туўысқанларым, мен сизлерге жєриялаған Хош Хабарды есиңизге түсириўди қєлеймен. Сизлер оны қабыл еттиңлер ҳєм оның тийкарында исенимиңизди беккемлеп атырсызлар.
2 Егер сизлер мен ѳзлериңизге жєриялаған усы Хош Хабарды исеним менен беккем тутсаңыз, ол арқалы қутқарыласыз. Болмаса, бийкарға исенип жүрген боласызлар.
3 Ѳзим алған ең єҳмийетли нєрсени мен сизлерге жеткизген едим. Яғный, Мухаддес Жазыўлар бойынша, Масих бизлердиң гүналарымыз ушын ѳлди.
4 Жєне де, Мухаддес Жазыўлар бойынша, Ол қєбирге қойылды ҳєм үшинши күни ѳлимнен қайта тирилди.
5 Ол Кифаға, кейин он еки шєкиртине кѳринди.
6 Соңынан бир ўақыттың ѳзинде бес жүзден аслам исениўши туўысқанымызға кѳринди. Олардың кѳбиси еле тири, базылары қайтыс болды.
7 Буннан соң, Ол Яқыпқа, кейнинен барлық елшилерге кѳринди.
8 Ал ең соңында шала туўылған балаға мегзес болған маған да кѳринди.
9 Себеби мен елшилер ишиндеги ең арзымағаныман. Кудайдың жємєєтин қуўдалағаным ушын, мен елши деп аталыўға да ылайықлы емеспен.
10 Бирақ, мен ҳєзир ким болған болсам, Кудайдың мийрими менен болдым. Оның маған деген мийрими босқа кетпеди. Мен елшилердиң ҳєммесинен кѳп мийнет еттим. Негизинде мен емес, ал мениң менен бирге болған Кудайдың мийрими мийнет етти.
11 Солай етип, мен болайын ямаса басқа елшилер болсын, бизлер усы нєрсе ҳаққында жєриялаймыз. Сизлер де усыған исендиңиз.
12 Масих ѳлимнен қайта тирилди, деп жєриялап атырған болсақ та, қалай араңыздағы базы адамлар ѳлимнен тирилиў жоқ дейди?
13 Егер ѳлилер тирилмейтуғын болса, онда Масих та тирилмеген болады.
14 Масих тирилмеген болса, онда бизлердиң жєриялағанларымыз да, сизлердиң исенимиңиз де бийкар болады.
15 Ҳєтте, бизлер Кудай ҳаққында жалған гүўалық берген адамлар болып қаламыз. Ѳйткени бизлер Кудай Масихты тирилтти, деп гүўалық берген едик. Егер ѳлилер ҳақыйқаттан да қайта тирилмейтуғын болса, онда Кудай да Масихты тирилтпеген болады.
16 Егер ѳлилер тирилмейтуғын болса, онда Масих та тирилмеген болады.
17 Масих тирилмеген болса, онда сизлердиң исенимиңиз бийкар болады ҳєм сизлер еле гүналарыңыздың бийлиги астында жасап атырған боласызлар.
18 Олай болса, Масихқа тийисли болып дүньядан ѳткен адамлар да набыт болған болады.
19 Егер бизлер тек бул дүньядағы ѳмиримизде ғана Масихтан үмит ететуғын болсақ, онда бизлер ҳємме адамлар ишиндеги ең аянышлы адамлар болғанымыз.
20 Бирақ, Масих ҳақыйқаттан да ѳлимнен қайта тирилди! Ол ѳлилер ишинен биринши болып тирилиўи арқалы ѳлилердиң тирилетуғынын дєлилледи.
21 Бир адам арқалы ѳлим келгени сыяқлы, бир Адам арқалы ѳлимнен тирилиў келди.
22 Яғный, Адам-ата менен қатнасы болған пүткил адамзат ѳлетуғыны сыяқлы, Масих пенен қатнасы болған барлық адамлар тирилип, ѳмирге ериседи.
23 Бирақ, ҳєр бири ѳз гезеги бойынша тириледи: ең алды менен Масих, соңынан Масих қайтып келгенде, Оған тийисли болғанлар тириледи.
24 Буннан кейин, Масих ҳєр бир ҳєкимшиликти, ҳєр бир бийликти ҳєм қүдиретти сапластырып, патшалықты Єкемиз Кудайға тапсырғанда, ақырзаман болады.
25 Себеби Кудай барлық душпанларын Масихтың аяғының астына бастырмағанша, Масих патшалық етиўи тийис.
26 Жоқ қылынатуғын соңғы душпан – ѳлим болады.
27 Ѳйткени Мухаддес Жазыўда: «Кудай барлығын Оның аяқларының астына бастырып, Оған бойсындырды», – делинген. Бирақ, бул «барлығын» деген сѳздиң ишинде барлығын Масихқа бойсындырған Кудай нєзерде тутылмағаны анық.
28 Барлығы Улға бойсынғанда, Ул да барлығын Ѳзине бойсындырған Кудайға бойсынады. Усылай етип, Кудай ҳємме нєрсе үстинен толық бийлик жүргизеди.
29 Егер қайта тирилиў жоқ болса, ѳлилер ушын суўға шомылдырылғанлар не болады? Ѳлилер ҳеш қашан тирилмейтуғын болса, адамлар не себептен ѳлилер ушын суўға шомылдырылады?
30 Жєне де, бизлер не ушын ҳєр саат сайын ѳзимизди қєўип астына қоямыз?
31 Туўысқанларым, сизлердиң Ийемиз Масих Ийса менен болған байланысыңызды мақтаныш етип, ант ишемен: мен ҳєр күни ѳлим менен жүзбе-жүз ушыраспақтаман.
32 Егер адамлардың ойы бойынша ѳлилер тирилмейтуғын болса, Ефестеги жабайы ҳайўанлар сыяқлы болған адамлар менен гүресип, ѳлим қєўпи астында қалғанымның маған қандай пайдасы бар? Егер ѳлилер тирилмейтуғын болса: «Келиңлер, ишип-жеп қалайық, себеби ертең ѳлемиз-ғо!»
33 Усылай пикир жүргизетуғын адамлардан алданып қалмаңлар: жаман дослар жақсы єдетлерден айырады.
34 Есиңизди жыйып, ѳзиңизге келиңлер ҳєм енди қайтып гүна ислемеңлер. Айырымларыңыз Кудайды билмейди. Буларды сизлерди уялтыў ушын айтып атырман.
35 Бирақ, биреў: «Ѳлилер қалай тириледи? Кандай дене менен келеди?» – деп сораўы мүмкин.
36 Не деген ақылсызлық! Сениң еккен туқымың ѳлмесе, кѳгерип шықпайды-ғо.
37 Сен еккениңде, кѳгерип турған ѳсимликти емес, ал тек туқымды, бийдай ямаса басқа бир ѳсимликтиң туқымын егесең.
38 Кудай туқымға Ѳз қєлеўи бойынша дене береди. Туқымлардың ҳєр бирине ѳз алдына бир дене береди.
39 Тири жанлардың денеси бирдей емес. Адамлардың денеси басқа, ҳайўанлардың денеси басқа, қуслардың ҳєм балықлардың денеси басқа болады.
40 Аспан денелери бар, жер денелери де бар. Аспандағы денелердиң сулыўлығы басқа, жердеги денелердиң сулыўлығы басқа.
41 Куяштың сулыўлығы басқа, айдың сулыўлығы басқа, жулдызлардың сулыўлығы басқа. Сулыўлығы бойынша, жулдыз жулдыздан парық қылады.
42 Ѳлилердиң тирилиўи де сондай болады. Ширийтуғын дене кѳмиледи, бирақ ол ширимейтуғын болып тириледи.
43 Дене хорлық пенен кѳмиледи, салтанат пенен тириледи. Ҳєлсиз болып кѳмиледи, күшли болып тириледи.
44 Тєбийғый дене кѳмиледи, бирақ ол руўхый дене болып тириледи. Тєбийғый дене бар болғаны сыяқлы, руўхый дене де бар.
45 Ѳйткени Мухаддес Жазыўда былай делинген: «Биринши адам – Адам-ата тири жан болды». Ал соңғы Адам – Ийса Масих ѳмир бериўши руўх болды.
46 Бирақ, биринши болып руўхый дене емес, ал тєбийғый дене келди. Руўхый дене кейнинен келеди.
47 Биринши адам жерден, яғный топырақтан болды. Екинши адам аспаннан келди.
48 Топырақтан болған Адам-ата қандай болса, топырақтан болған адамлар да сондай болады. Аспаннан келген Ийса Масих қандай болса, аспанға тийисли болған адамлар да сондай болады.
49 Бизлер топырақтан болған Адам-атаға қалай уқсайтуғын болсақ, аспаннан келген Ийса Масихқа да солай уқсайтуғын боламыз.
50 Туўысқанларым, мениң сизлерге айтып атырғаным мынаў: бизлердиң ет пенен қаннан ибарат болған тєбийғый денемиз Кудайдың Патшалығын мийрас етип ала алмайды. Ширип кететуғын денемиз мєңгилик ѳмирге ерисе алмайды.
51 Енди мен сизлерге бир сырды ашып бермекшимен: бизлердиң ҳєммемиз шетимизден ѳлмеймиз, бирақ ҳєммемиз ѳзгеремиз.
52 Бирден кѳзди ашып-жумғанша, соңғы кєрнай шалынғанда, ѳзгерип кетемиз. Аўа, кєрнай шалынғанда, ѳлген исениўшилер ширимейтуғын денеде тириледи, тири болған бизлер де ѳзгерип кетемиз.
53 Себеби бизлердиң бул ширийтуғын ҳєм ѳлетуғын денемиз ширимейтуғын ҳєм ѳлмейтуғын дене болып ѳзгериўи тийис.
54 Ширийтуғын ҳєм ѳлетуғын денемиз ширимейтуғын ҳєм ѳлмейтуғын болып ѳзгерсе, Мухаддес Жазыўда айтылған мына сѳзлер иске асады: «Ѳлим жоқ етилди, ол жеңилди!»
55 «Ҳєй ѳлим, жеңисиң қєне? Ҳєй ѳлим, уўлы ийнең қєне?»
56 Ѳлимниң уўлы ийнеси – гүна. Гүна ѳз күшин Мухаддес Нызамнан алады.
57 Бирақ, Кудайға шүкирлер болсын! Ол бизлерди Ийемиз Ийса Масих арқалы жеңиске еристире береди.
58 Солай етип, сүйикли туўысқанларым, тайсалмай беккем турыңлар ҳєм Ийемиздиң хызметинде бєрқулла ғайратлы болыңлар. Ѳйткени Ийемиздиң жолында еткен хызметиңиздиң босқа кетпейтуғынын билесизлер.