1 Сүйиспеншилик ҳаққында.
Коринфлилерге жазылған биринши хат 13 bob
1 Егер мен адамлардың ҳєм периштелердиң тиллеринде сѳйлесем де, бирақ сүйиспеншилигим болмаса, онда мениң шыңғырлаған мыстан ҳєм даңғырлаған дєптен парқым болмай қалады.
2 Егер мен пайғамбаршылық қүдиретине ийе болсам, пүткил сырларды билсем ҳєм ҳєр түрли билимге ийе болсам, ҳєтте, таўларды кѳширетуғын күшли исенимим болса да, бирақ сүйиспеншилигим болмаса, онда мен ҳеш нєрсе емеспен.
3 Егер мен пүткил мал-мүлкимди жарлыларға үлестирип берсем, ҳєтте, ѳзимди қурбан етип, денемди отқа жағыўға тапсырсам да, бирақ сүйиспеншилигим болмаса, буннан маған ҳеш қандай пайда жоқ.
4 Сүйиспеншилик сабырлы ҳєм мийримли. Сүйиспеншилик қызғанбайды, мақтанбайды, менменлик қылмайды.
5 Сүйиспеншилик қопаллық ислемейди, ѳз пайдасын гѳзлемейди, тез ашыўланбайды, кек сақламайды.
6 Сүйиспеншилик наҳақлыққа қуўанбайды, ал ҳақыйқатлыққа қуўанады.
7 Сүйиспеншилик ҳємме нєрсени кѳтереди, ҳємме ўақытта исенеди, ҳємме ўақытта үмит етеди, ҳєммесине шыдайды.
8 Сүйиспеншилик ҳеш қашан таўсылып қалмайды. Бирақ, пайғамбаршылықлар жоқ болады, басқа тиллерде сѳйлеў сыйы тоқтап қалады, билим де жоқ болады.
9 Ѳйткени бизлердиң билимимиз де, пайғамбаршылықларымыз да еле толық емес.
10 Бирақ, минсиз болған толық нєрсе келгенде, толық емес нєрсе жоқ болады.
11 Мен бала болған ўақтымда бала сыяқлы сѳйлейтуғын, бала сыяқлы пикир жүргизетуғын ҳєм бала сыяқлы түсинетуғын едим. Ал ересек адам болғанымда, мен балаға тєн қєсийетлерди тасладым.
12 Ҳєзир бизлер ҳєммесин гүңгирт айнада кѳргендей гүмилжи кѳрип турмыз. Бирақ ақырғы ўақыт келгенде, жүзбе-жүз кѳремиз. Ҳєзир мен толық билимге ийе емеспен, бирақ ақырғы ўақыт келгенде, Кудай мени толық билгендей, мен де Оны толық билетуғын боламан.
13 Солай етип, мына үш нєрсе мєңгиге қалады: исеним, үмит ҳєм сүйиспеншилик. Бирақ, булардың ең баслысы – сүйиспеншилик.