1 Руўхый сыйлар ҳаққында.
Коринфлилерге жазылған биринши хат 12 bob
1 Енди руўхый сыйларға келсек, туўысқанларым, сизлердиң бул ҳаққында хабарсыз қалыўыңызды қєлемеймен.
2 Сизлерге мєлим, бутпараз болған ўақтыңызда биреў мойныңызға жип салып сүйрегендей болып, тилсиз бутларға табынатуғын едиңлер.
3 Сонлықтан мына нєрсени билиўиңизди қєлеймен: Кудайдың Руўхының басқарыўында сѳйлейтуғын ҳеш бир адам: «Ийсаға нєлет жаўсын», – деп айтпайды. Жєне де, тек Мухаддес Руўх басқаратуғын адам ғана: «Ийса – мениң Ийем», – деп айта алады.
4 Ҳєр қыйлы руўхый сыйлар бар, бирақ оларды беретуғын Мухаддес Руўх биреў.
5 Ҳєр түрли хызметлер бар, бирақ бизлер хызмет ететуғын Ийемиз жалғыз.
6 Ҳєр қыйлы ис-ҳєрекетлер бар, бирақ барлық исениўши адамлардың ҳєр бир исинде ҳєрекет етиўши Кудай жалғыз.
7 Пүткил исениўшилер жємєєтиниң пайдасы ушын, Мухаддес Руўх ҳєр бир исениўшиге Ѳз сыйын береди.
8 Мухаддес Руўх биреўге ақыл-даналық сѳзлерин, биреўге билим сѳзлерин,
9 сол Мухаддес Руўх биреўге айрықша исеним, биреўге аўырыўларға шыпа бериў сыйын,
10 биреўге кєраматлар кѳрсетиў күшин береди. Жєне де, сол Мухаддес Руўх биреўге пайғамбаршылық айтыў, биреўге руўхларды айырып билиў, биреўге басқа тиллерде сѳйлеў, биреўге басқа тиллерди түсиндириў сыйын береди.
11 Булардың ҳєммесин иске асырыўшы бир ҳєм анық сол Мухаддес Руўх. Мухаддес Руўх бул сыйларды Ѳз қєлеўи бойынша ҳєр кимге бѳлип береди.
12 Адамның денеси биреў болғаны менен, денениң кѳп мүшелери бар ҳєм мүшелер кѳп болса да, олар бир денени қурайды. Масихтың денеси болған исениўшилер жємєєти де сондай.
13 Себеби бизлер ким болыўымызға қарамай, яҳудий болсақ та, грек болсақ та, қул ямаса азат адам болсақ та, ҳєммемиз Масихтың денеси болыўымыз ушын, бир Мухаддес Руўх тєрепинен шомылдырылдық. Кудай бизлердиң ҳєммемизге бир Мухаддес Руўхты берди.
14 Дене бир емес, ал кѳп мүшелерге ийе.
15 Егер аяқ: «Мен қол болмағаным ушын, денеге тийисли емеспен», – десе де, ол денеге тийисли емес болып қалмайды.
16 Егер қулақ: «Кѳз болмағаным ушын, денеге тийисли емеспен», – десе де, ол денеге тийисли емес болып қалмайды.
17 Егер пүткил дене кѳз болса, онда қалай еситиўге болады? Егер пүткил дене қулақ болса, онда қалай ийис сезиўге болады?
18 Сонлықтан Кудай ҳєр бир мүшени денеге Ѳз қєлеўи бойынша жайластырып қойыпты.
19 Егер мүшелердиң ҳєммеси бирдей болғанда, онда дене қаяқта болар еди?
20 Ал ҳақыйқатында, мүшелер кѳп болса да, дене биреў.
21 Кѳз қолға: «Сениң маған керегиң жоқ!» ямаса бас та аяқларға: «Сизлер маған керек емессиз!» – дей алмайды.
22 Керисинше, денениң ҳєлсизирек кѳринген мүшелери анағурлым єҳмийетлирек болады.
23 Денениң итибарсызырақ деп саналған мүшелерине кѳбирек ғамхорлық кѳрсетемиз. Кѳриксиз мүшелеримизге кѳбирек сєн беремиз.
24 Ал кѳрикли мүшелеримиз буған мүтєж емес. Солай етип, Кудай єҳмийетсиз болған мүшелеримизге єҳмийет берип, денемиздиң бирлигин сақлады.
25 Буны Ол денеде бѳлиниў болмасын, ал мүшелер бир-бирине ғамхорлық кѳрсетсин деп иследи.
26 Егер бир мүше азап шексе, пүткил мүшелер бирликте азап шегеди. Бир мүше мєртебеге ериссе, пүткил мүшелер бирликте қуўанады.
27 Солай етип, сизлер бирликте Масихтың денесисиз, ал ҳєр бириңиз ѳз алдыңызға усы денениң мүшелерисиз.
28 Кудай исениўшилер жємєєтинде бириншиден елшилерди, екиншиден пайғамбарларды, үшиншиден муғаллимлерди, соңынан кєрамат кѳрсететуғынларды, аўырыўларға шыпа беретуғын сыйға ийе болғанларды, басқаларға жєрдем бериўшилерди, жақсы шѳлкемлестириўшилерди ҳєм басқа тиллерде сѳйлейтуғынларды тайынлады.
29 Ҳєммеси елши ме? Ҳєммеси пайғамбар ма? Ҳєммеси муғаллим бе? Ҳєммеси кєрамат кѳрсетиўши ме?
30 Ҳєммеси аўырыўларға шыпа беретуғын сыйға ийе ме? Ҳєммеси басқа тиллерде сѳйлей ме? Ҳєммеси басқа тиллерди түсиндире ме? Яқ, олай емес!
31 Бирақ, сизлер уллырақ сыйларды алыўға умтылыңлар. Енди мен сизлерге ең жақсы жолды кѳрсетемен: