1 Сәлемнама ҳәм Қудайға шүкирлик билдириў. 10 Коринф жәмәәтиндеги бөлиниўлер ҳаққында. 18 Масих – Қудайдың қүдирети ҳәм даналығы.
Коринфлилерге жазылған биринши хат 1 bob
1 Кудайдың қєлеўи менен Масих Ийсаның елшиси болыўға шақырылған мен, Павелден ҳєм туўысқанымыз Состенистен,
2 Коринф қаласындағы Кудайдың жємєєтине сєлем! Бизлер бул хатты Ийемиз Ийса Масихтың атын ҳємме жерде айтып шақырыўшылардың ҳєммеси менен бирге Масих Ийса арқалы мухаддес қылынған ҳєм мухаддеслер деп аталған сизлерге жазып атырмыз. Ийса Масих – олардың да, бизлердиң де Ийемиз.
3 Єкемиз Кудай ҳєм Ийемиз Ийса Масих сизлерге мийрим ҳєм тынышлық берсин!
4 Кудайдың Масих Ийса арқалы сизлерге берген мийрими себепли, сизлер ушын Кудайыма бєрқулла шүкирлик билдиремен.
5 Ѳйткени сизлер Масих пенен қатнас жасағанлықтан, ҳєр тєреплеме бай болдыңлар. Єсиресе Кудайдың сѳзин айтыўда шешен ҳєм ҳєр қыйлы билимге ийе болдыңлар.
6 Бизлердиң Масих Ийса ҳаққында гүўалығымыз сизлердиң ѳмириңизде усылай тастыйықланды.
7 Солай етип, сизлер ҳеш қандай руўхый сыйдан кемшилик кѳрмей, Масихтың қайта келиўин интизарлық пенен күтесизлер.
8 Ийемиз Ийса Масих келетуғын күни айыпсыз болыўыңыз ушын, Кудай сизлерди ақырына дейин беккем қылады.
9 Сизлерди Ѳз Улы Ийемиз Ийса Масих пенен қатнаста болыўға шақырған Кудай – садық.
10 Туўысқанларым! Ийемиз Ийса Масихтың атының бийлиги менен ескертемен: ҳєммеңиз аўызбиришиликли болыңлар. Араңызда бѳлиниў болмай, бир ой ҳєм бир мақсет пенен бирлесиңлер.
11 Себеби туўысқанларым, Хлойстың үй-ишиндеги адамлардан араңызда тартыслар бар екенин билдим.
12 Мениң айтажағым мынаў: сизлер: «Мен Павелге тийислимен», «Мен Аполосқа тийислимен», «Мен Кифаға тийислимен» ямаса «Мен Масихқа тийислимен» деп айтып жүрген қусайсыз.
13 Масих бѳлинди ме? Сизлер ушын атанақ ағашқа Павел шегеленип пе еди? Сизлер Павелдиң аты менен суўға шомылдырылған ба едиңиз?
14 Мен сизлердиң араңыздан Криспус пенен Гаюстан басқа ҳеш кимди суўға шомылдырмағаным ушын Кудайға шүкирлик етемен.
15 Сонлықтан ҳеш ким мениң атым менен суўға шомылдырылдым, деп айта алмайды.
16 Рас, мен тағы Степанның үйи ишиндегилерди де суўға шомылдырдым. Булардан басқа жєне кимлерди суўға шомылдырғанымды есиме түсире алмайман.
17 Масих мени суўға шомылдырыў ушын емес, ал Хош Хабарды жєриялаў ушын жиберди. Масихтың атанақ ағаштағы ѳлими єҳмийетин жойтпаўы ушын, мен Хош Хабарды дана сѳзлерге тийкарланбай жєрияладым.
18 Масихтың атанақ ағашы ҳаққында сѳзлер набыт болатуғынлар ушын ақмақлық, бирақ қутқарылатуғын бизлер ушын Кудайдың қүдирети.
19 Ѳйткени Мухаддес Жазыўда Кудай былай деген: «Даналардың даналығын жоқ етемен, Ақыллы адамлардың ақылын босқа шығараман».
20 Олай болса, дана адам қєне? Алым қєне? Ҳєзирги заманның ойшылы қєне? Кудай дүньяның даналығын ақылсызлыққа айландырмады ма?
21 Себеби дүньяның ѳз ақыл-даналығы менен Кудайды билмеўи Кудайдың даналығы бойынша болды. Сонлықтан Кудай исенген адамларды бизлердиң ақылсыз деп саналған ўазымыз бенен қутқарыўды мақул кѳрди.
22 Яҳудийлер кєраматлы белгилер кѳрсетиўимизди талап етеди, греклер ўазымыздан даналық излейди.
23 Бирақ бизлер атанақ ағашқа шегеленген Масих ҳаққында жєриялап атырмыз. Яҳудийлер ушын бул тосқынлық болады, ал басқа миллетлер ушын ақылсызлық болып кѳринеди.
24 Кудай тєрепинен таңланғанлар ушын болса, ол я яҳудий болсын, я грек болсын, атанақ ағашқа шегеленген усы Масих – Кудайдың қүдирети ҳєм Оның даналығы.
25 Ѳйткени Кудайдың «ақылсызлығы» адамның даналығынан анағурлым үстинирек, Кудайдың «ҳєлсизлиги» адамның күшинен анағурлым қүдиретлирек.
26 Туўысқанларым, Кудай тєрепинен шақырылған ўақтыңызда ким болғаныңызды еске түсирип кѳриңлер. Адамның кѳз қарасы бойынша араңызда даналар да, бийликке ийе адамлар да, ақсүйек адамлар да кѳп емес еди.
27 Бирақ, Кудай даналарды уятқа қалдырыў ушын, дүнья ақылсыз деп санаған адамларды, күшлилерди уятқа қалдырыў ушын, дүнья ҳєлсиз деп санаған адамларды таңлады.
28 Ол жєне де, дүнья єҳмийетли деп санағанларды арзымас қылыў ушын, дүнья шығысы тѳмен, пєс ҳєм єҳмийетсиз деп санағанларды таңлады.
29 Кудай буны Ѳзиниң алдында ҳеш бир адам мақтанбаўы ушын иследи.
30 Бирақ, сизлер ѳмириңиздиң тийкары болған Кудай себепли, Масих Ийса менен қарым-қатнасқа ийесиз. Масих бизлер ушын Кудайдың даналығы болып, бизлерди ақлап, мухаддес қылды ҳєм гүналарымыз ушын тѳлем тѳлеп қутқарды.
31 Солай етип, Мухаддес Жазыўда айтылғандай: «Мақтанатуғын адам Ийемиз бенен мақтансын».