11 Исенимнен қайтпаў ҳаққында ескертиў.
Еврейлерге жазылған хат 5 bob
1 Ҳєр бир бас руўханий адамлар арасынан таңлап алынады ҳєм ол Кудайға байланыслы ислерде адамлардың ўєкили болып, олардың гүналары ушын Кудайға садақа ҳєм қурбанлықлар бериў ушын тайынланады.
2 Билмей қалып жолдан адасқанларға ол мүлєйимлилик пенен қатнас жасай алады. Ѳйткени оның ѳзиниң де ҳєлсиз жерлери бар.
3 Сол себептен ол тек халықтың гүналары ушын емес, ал ѳзиниң гүналары ушын да қурбанлық бериўи шєрт.
4 Ҳеш бир адам бас руўханий болыў мєртебесине ѳзлигинен ерисе алмайды. Тек Харон сыяқлы Кудай тєрепинен шақырылса ғана ерисе алады.
5 Сол сыяқлы, Масих та бас руўханий болыў мєртебесине ийе болыў ушын, Ѳзин Ѳзи уллылаған жоқ. Ал Оған: «Сен Мениң Улымсаң, Бүгин Мен Саған Єке болдым», – деген Кудайдың Ѳзи Оны усы мєртебеге еристирди.
6 Мухаддес Жазыўдың басқа жеринде Кудай Оған былай деген: «Сен Мелхиседек сыяқлы, Мєңгиге руўханийсең».
7 Масих жер жүзинде адам болып жасаған күнлерде Ѳзин ѳлимнен қутқара алатуғын күшке ийе болған Кудайға бєлент даўыс пенен нала етип, кѳз жасларын тѳгип, дуўа етип жалбарынды. Ол Кудайға бойсынғанлықтан, Кудай Оны еситти.
8 Ол Кудайдың Улы болса да, шеккен азаплары арқалы бойсыныўды үйренди.
9 Масих усы тєризде минсизликке ерисип, Ѳзине бойсынатуғынлардың ҳєммеси ушын мєңгилик қутқарылыўға жол ашты
10 ҳєм Ол Кудай тєрепинен Мелхиседек сыяқлы бас руўханий, деп аталды.
11 Мелхиседек ҳаққында айтажақ кѳп сѳзлеримиз бар, бирақ сизлер зейинсиз болғанлықтан, түсиндириў қыйын болады.
12 Усы ўақытқа келип, сизлер муғаллим болыўыңыз керек еди. Бирақ сизлер Кудайдың сѳзлериниң дєслепки тийкарларын қайтадан үйрениўге мүтєжсиз. Сизлерге күшли аўқат емес, ал сүт керек!
13 Сүт пенен азықланатуғын ҳєр бир адам гѳдек, яғный ҳақыйқатлық сѳзи бойынша жасаўда тєжирийбесиз адам болғаны.
14 Ал күшли аўқат ересек адамлар ушын, яғный ѳмирдеги тєжирийбеси арқалы жаман менен жақсыны айырыў сезимине ийе болғанлар ушын арналған.