1 Қудайдың дем алыў ушын беретуғын мәканы. 14 Бас руўханийимиз Ийса.
Еврейлерге жазылған хат 4 bob
1 Сонлықтан Кудай беретуғын дем алысты, яғный Ол беретуғын тынышлықты алыў ҳаққында ўєде еле де күшке ийе екен, араңыздағы ҳєр бириңиз усы ўєдеден бос қалып қойыўдан қорқып, сақ болыңлар.
2 Себеби бизлерге жєрияланған Хош Хабарды ата-бабаларымыз да еситкен еди. Бирақ олар еситкен сѳзлерин исеним менен қабыл етпегенликтен, бул сѳзлердиң оларға пайдасы тиймеди.
3 Кудай дүньяны жаратып болғаннан кейин-ақ, дем алыў ушын беретуғын мєканды таярлап қойған болса да, олар ҳаққында былай деген: «Мен қєҳєрленгенимде: „Олар Мениң дем алыў ушын беретуғын мєканыма ҳеш қашан кирмейди“, – деп ант иштим». Бирақ, исенетуғын бизлер сол мєканға киремиз.
4 Мухаддес Жазыўдың бир жеринде жетинши күн ҳаққында былай делинген: «Кудай жетинши күни барлық ислеринен дем алды».
5 Жєне де, Мухаддес Жазыўдың басқа жеринде Кудай былай деген: «Олар Мениң дем алыў ушын беретуғын мєканыма ҳеш қашан кирмейди».
6 Солай етип, алдын Хош Хабарды еситкенлер сѳзге қулақ аспағанлықтан, дем алатуғын мєканға кирмеди. Бирақ, басқалар ушын ол жерге кириўге мүмкиншилик бар.
7 Сол себептен Кудай «бүгин» деп аталатуғын жєне бир күнди белгилеп, алдын айтылғандай, кѳп ўақытлардан соң, Даўыт арқалы былай деген еди: «Егер бүгин Кудайдың даўысын еситсеңлер, Кайсарлық етпеңлер».
8 Егер Ешуа израиллыларды Кудайдың дем алыў ушын беретуғын мєканына еристиргенде, Кудай соңынан басқа бир күн ҳаққында айтпаған болар еди.
9 Демек, Кудайдың халқы ушын ҳақыйқый дем алатуғын ўақыт келеди.
10 Кудай дүньяны жаратқаннан соң қалай дем алған болса, Ол беретуғын дем алысты, яғный Ол беретуғын тынышлықты алған ҳєр бир адам да ѳз ислеринен солай дем алады.
11 Солай екен, ҳеш биримиз бойсынбаған сол адамларға ерип адаспай, Кудай беретуғын дем алысты, яғный Ол беретуғын тынышлықты алыўға тырысайық.
12 Кудайдың сѳзи тири ҳєм тєсирли. Ол еки жүзли қылыштан да ѳткир болып, жан менен руўхты, буўын менен сүйеклерди бѳлетуғын дєрежеде суғылып киреди: ол жүректеги ой ҳєм нийетлерди єшкара қылады.
13 Жаратылған ҳеш бир нєрсе Кудай алдында жасырын емес. Оның кѳз алдында ҳєр бир нєрсе ашық ҳєм аян. Бизлер усы Кудайға есап беремиз.
14 Бирақ, бизлерде аспанға кѳтерилген уллы бас руўханийимиз – Кудайдың Улы Ийса бар. Сонлықтан ѳзлеримиз ашық тєн алған исенимимизди беккем сақлайық.
15 Ол – бизлердиң ҳєлсизликлеримизди бѳлисе алатуғын бас руўханий. Оның Ѳзи ҳєр тєреплеме бизлер сыяқлы сыналды, бирақ гүна ислемеди.
16 Сонлықтан реҳимлилик алыў ушын ҳєм керек ўақтында ѳзлеримизге жєрдем ететуғын мийримге ерисиў ушын, Кудайдың мийримге ийе тахтына батыллық пенен жақынлайық.