1 Соңғы ақыл-нәсиятлар. 20 Соңғы сәлемнама ҳәм тилеклер.
Еврейлерге жазылған хат 13 bob
1 Бир-бириңизди туўысқанларша сүйиўди даўам етиңлер.
2 Миймандослықты умытпаңлар. Ѳйткени айырымлар усылай ислеп, ѳзлери билмей, периштелерди қонақ қылған.
3 Камақта болғанларды ѳзлериңиз олар менен бирге тутқын болғандай есте тутыңлар. Жєне де, азап шегип атырғанларды да ѳзлериңиз азап шегип атырғандай ядыңыздан шығармаңлар.
4 Ҳєммеңиз некеге ҳүрмет пенен қараңлар. Некеңиздиң тѳсеги гүна менен былғанбасын. Себеби Кудай бузықшылық ислегенлерди ҳєм неке ҳадаллығын бузғанларды ҳүким етеди.
5 Ақшаны сүйиўден аўлақ болып жасаңлар. Ѳзлериңизде барға қанаат етиңлер. Ѳйткени Кудай былай деген: «Сени ҳеш қашан таслап кетпеймен, Ҳеш қашан қалдырмайман».
6 Сонлықтан бизлер батырлық пенен былай деймиз: «Жаратқан Ийем маған жєрдем береди, мен қорқпайман, Адам маған не ислей алады?»
7 Сизлерге Кудайдың сѳзин айтқан жетекшилериңизди еске түсириңлер. Олардың қалай жасағанына ҳєм ѳмириниң ақыры қандай болғанына қарап, олардың исениминен ѳрнек алыңлар.
8 Ийса Масих кеше, бүгин ҳєм мєңгиликке бирдей.
9 Ҳєр түрли жат тєлийматларға берилип, азғырылмаңлар. Кеўилдиң аўқатқа байланыслы қағыйдаларды орынлаў менен емес, ал Кудайдың мийрими менен беккемленгени жақсы. Бундай қағыйдаларды орынлаўшылар ҳеш қандай пайда кѳрмеди.
10 Бизлердиң қурбанлық шалынатуғын орнымыз бар. Оның үстинде Ийса Масих бизлер ушын қурбан болды. Мухаддес шатырда хызмет ететуғын яҳудий руўханийлериниң сол қурбанлықтан пайда кѳриўге ҳақысы жоқ.
11 Яҳудий бас руўханийи гүна ушын қурбанлыққа берилген маллардың қанын Ең мухаддес бѳлмеге апарады. Ал шалынған маллардың денеси елаттың сыртында ѳртеп жибериледи.
12 Сол сыяқлы Ийса да Ѳз қаны менен адамларды мухаддес қылыў ушын, қала дєрўазасының сыртында азап шекти.
13 Олай болса, бизлер де Оның кѳрген хорлығын бѳлисиўимиз ушын, елаттың сыртына шығып, Оған барайық.
14 Себеби бул жерде бизлердиң мєңгилик қаламыз жоқ. Бизлер келешекте аспаннан түсетуғын қаланы єрман етемиз.
15 Сонлықтан Ийса арқалы Кудайға үзликсиз мақтаўларымызды қурбанлық сыпатында усынайық. Яғный, Оның атына деген алғысларымыз аўзымыздан түспесин.
16 Жақсылық ислеўди ҳєм ѳзлериңизде болған нєрсени басқалар менен бѳлисиўди умытпаңлар. Ѳйткени бундай қурбанлықлар Кудайға унайды.
17 Жетекшилериңиздиң сѳзлерин тыңлаңлар ҳєм оларға бойсыныңлар. Себеби олар сизлер ушын Кудайға есап беретуғын адамлар болғанлықтан, жанларыңызды қараўыллайды. Олар бул хызметин қуўаныш пенен, налымай атқарыў ушын, оларға қулақ асыңлар. Болмаса, ѳзлериңиз зыян кѳресизлер.
18 Бизлер ушын дуўа етиңлер. Бизлер ѳзлеримиздиң пєк ҳүжданға ийе екенимизге ҳєм ҳєр тєреплеме ҳадал ѳмир сүриўди қєлейтуғынымызға исенемиз.
19 Єсиресе жаныңызға тез қайтып барыўым ушын дуўа етиўиңизди ѳтиниш етемен.
20 Ѳз қанын тѳгип, мєңгилик келисимди бекитиўи арқалы қойлардың уллы Шопаны болған Ийемиз Ийсаны тынышлық бериўши Кудай ѳлимнен тирилтти.
21 Усы Кудай Оның еркин орынлаўыңыз ушын, сизлерге ҳєр бир жақсы нєрсени жеткизсин. Ѳзине унайтуғын нєрсени Ол Ийса Масих арқалы бизлерде ємелге асырсын. Масихқа мєңгиге даңқ болсын! Аўмийин.
22 Туўысқанларым, сизлерге ѳтиниш етемен, усы нєсият сѳзлеримди қабыл етиңлер. Ѳйткени мен сизлерге қысқаша жаздым.
23 Туўысқанымыз Тимофейдиң азат етилгенин билиўиңизди қєлеймен. Ол жақын арада жаныма келсе, оның менен бирликте сизлерди кѳриўге бараман.
24 Жетекшилериңиздиң ҳєммесине ҳєм пүткил исениўшилерге сєлем айтыңлар. Италиядан келгенлер сизлерге сєлем айтып атыр.
25 Кудайдың мийрими ҳєммеңизге яр болсын!