1 Қудай Өзи сүйген адамын тәрбиялайды. 14 Қудайға қулақ аспай кетпеңлер!
Еврейлерге жазылған хат 12 bob
1 Минекей, бизлерди қоршаған усындай кѳп санлы гүўалар топары бар екен. Сонлықтан бизлер де кесент беретуғын ҳєр бир жүкти ҳєм ѳзлеримизге тез жабысатуғын гүнаны таслап, Кудай алдымызға қойған жарыста шыдамлылық пенен жуўырайық.
2 Исенимимиздиң тийкарын салыўшы ҳєм оны минсизликке еристириўши Ийсаға кѳз тигейик. Ол Ѳзин күтип турған қуўаныш ушын, атанақ ағашта шегелениўдиң шермендешилигин писент етпей ѳлимге барып, Кудайдың тахтының оң тєрепине отырды.
3 Гүнакарлардың усындай қарсылықларына шыдаған Ийсаны ойлаңлар. Сонда ҳалдан тайып, руўхый түскинликке түспейсизлер.
4 Сизлер гүнаға қарсы гүресте қаныңыз тѳгилгенше гүрескен жоқсыз-ғо.
5 Кудайдың Ѳз улларына сѳйлегендей қылып, сизлерге айтқан мына ақыл-нєсиятын умыттыңыз: «Улым! Жаратқан Ийемиздиң тєрбиясына итибарсыз қарама, Ол сени єшкаралағанда, руўхыңды түсирме.
6 Себеби Ол сүйген адамын тєрбиялайды, Улы қылып қабыл еткен ҳєр бир адамын жазалайды».
7 Тєрбияланыў ушын шегип атырған азапларыңызға шыдаңлар. Кудай сизлерге Ѳз балаларындай қатнас жасап атыр-ғо. Єкеси тєрепинен тєрбияланбайтуғын ул бола ма?
8 Ҳєр бир адам алатуғын тєрбияны алмай атырған болсаңыз, онда сизлер ҳақыйқый уллар емес, ал некесиз туўылған балаларсыз.
9 Сондай-ақ, бизлерди тєрбиялаған дүньядағы єкелеримизди бизлер ҳүрмет ететуғын едик. Ондай болса, руўхый Єкемиз болған Кудайға еле де кѳбирек бойсынып жасаўымыз керек емес пе?
10 Єкелеримиз бизлерди ѳзлери дурыс деп ойлаған жол бойынша қысқа ўақыт ишинде тєрбиялады. Бирақ Кудай Оның мухаддеслигине шерик болыўымыз ушын, бизлердиң пайдамызды ойлап тєрбиялайды.
11 Тєрбиялаў ушын берилген ҳєр бир жаза ўақтында қуўаныш емес, ал қапагершилик алып келеди. Бирақ кейин ала ол усылай тєрбияланған адамларға тынышлық бериўши ҳақлық алып келеди.
12 Солай етип, түскен еңсеңизди кѳтерип, аяқларыңызда тик турыңлар.
13 Араңызда исеними ақсағанлар жаман жолға түспей туўрыланыўы ушын, дүзиў жол менен жүриңлер.
14 Ҳємме менен татыў болып жасаўға ҳєм мухаддес болыўға тырысыңлар. Мухаддесликке ийе болмай турып, ҳеш ким де Ийемизди кѳрмейди.
15 Араңыздағы ҳеш бириңиз Кудайдың мийриминен айырылып қалмаўы ушын ҳєм араңызда сизлерге зыян тийгизип, кѳплерди зєҳєрлейтуғын ашшы тамыр кѳгерип шықпаўы ушын, бир-бириңизге жақсылап қараңлар.
16 Ишиңизде ҳеш ким бузықшылық ислемесин ямаса туңғышлық ҳуқықын бир аўқат ушын сатқан Исаб сыяқлы қудайсыз болмасын.
17 Хабарыңыз бар, Исаб соңынан єкесиниң пєтиясын алыўды қєлегенде, тилеги қабыл етилмеди. Ол кѳз жасларын тѳгип жалбарынса да, ѳзи ислеп қойған исти ѳзгерте алмады.
18 Сизлер жақынлаған таў – кѳзге кѳринетуғын, лаўлап жанған, қараңғылық пенен түнекке шѳккен, даўыл басқан,
19 кєрнай сести ҳєм Кудайдың сѳзи жаңлаған Синай таўы емес. Кудайдың сол даўысын еситкенлер бизлерге қайтып айтылмасын, деп жалбарынған еди.
20 Ѳйткени олар: «Егер таўға, ҳєтте, малдың туяғы тийсе де, тас пенен урып ѳлтирилсин», – деген буйрықтан қорқып, шыдай алмады.
21 Бул кѳринис соншелли қорқынышлы болғанлықтан, Муўса да: «Жүдє қорқып, дирилдеп баратырман», – деген еди.
22 Бирақ сизлер Сион таўына, яғный тири Кудайдың қаласы – аспандағы Ерусалимге, ондағы мың-мыңлаған периштелердиң қуўанышлы жыйынына
23 ҳєм атлары аспанда жазылған, Кудайдың туңғыш балалары сыяқлы болған биринши исениўшилер жыйнағына жақынладыңлар. Сизлер жєне де ҳємме адамды ҳүким етиўши Кудайға, минсизликке ерискен ҳақ адамлардың руўхларына,
24 жаңа келисимниң тєўеллешиси Ийсаға ҳєм Абылдың қанынан да артық болған Ийсаның кеширим беретуғын себилген қанына жақынладыңлар.
25 Абайлы болыңлар, сѳйлеп турған Кудайға қулақ аспай кетпеңлер. Оның тапсырмасы менен жер бетинде ескертип сѳйлеген Муўсаға қулақ аспаған Израил халқы жазадан қашып қутыла алмаған еди. Егер бизлер де аспаннан ѳзлеримизге ескертип сѳйлеп турған Кудайға қулақ аспасақ, буннан да аўырырақ жазадан қалай қашып қутыла аламыз?
26 Кудай Синай таўында сѳйлегенде, Оның даўысы жерди силкиндирип жиберген еди. Ол тағы да: «Жєне бир мєртебе тек жерди емес, ал аспанды да силкиндиремен», – деп ўєде берген еди.
27 «Жєне бир мєртебе» деген сѳзлер силкинбейтуғын нєрселердиң мєңгиге қалыўы ушын, силкинетуғын нєрселердиң, яғный жаратылған нєрселердиң жоқ болатуғынын аңлатады.
28 Солай етип, бизлер силкинбес патшалыққа ерискенимиз ушын шүкирлик билдирип, Кудайға унамлы түрде, Оған ҳүрмет ҳєм қорқыныш пенен сыйынайық.
29 Себеби бизиң Кудайымыз – жандырып жоқ қылатуғын от.