1 Исеним ҳаққында.
Еврейлерге жазылған хат 11 bob
1 Исеним – бул үмит етилген нєрселердиң ємелге асатуғынына ҳєм кѳринбейтуғын затлардың бар екенине гүмансыз исениў.
2 Ата-бабаларымыз усындай исеними себепли, Кудай тєрепинен хошаметленди.
3 Бизлер исенимимиз себепли, дүньяның Кудайдың сѳзи менен жаратылғанын түсинемиз. Солай етип, кѳринбейтуғын нєрселерден кѳринетуғын нєрселер пайда болған.
4 Исеними себепли, Абыл Кудайға Каиннан гѳре жақсырақ қурбанлық берди. Ол исеними себепли ақланған адам деп саналып, Кудай тєрепинен хошаметленди. Ѳйткени Кудай оның берген садақаларын қабыл етти. Абыл ѳлген болса да, оның исеним менен ислеген иси еле үлги болып келмекте.
5 Исеними себепли, Енок ѳлим кѳрмей-ақ жоқарыға алынды. Оны ҳеш ким таба алмады, себеби Кудай оны жоқарыға алған еди. Ол жоқарыға алыныўға дейин оның Кудайға унаған адам екени ҳаққында гүўалық берилди.
6 Исеним болмаса, Кудайға унаў мүмкин емес. Ѳйткени ким де ким Кудайға жақынламақшы болса, Оның бар екенине ҳєм Оның Ѳзин излегенлерди сыйлықлайтуғынына исениўи тийис.
7 Исеними себепли, Нух еле болмаған нєрселер туўралы Кудай тєрепинен ескертилгенде, Кудайдан қорқып, шаңарағының қутқарылыўы ушын, кеме соқты. Ол бул арқалы дүньяны ҳүким етти ҳєм исеними себепли ақланыўға еристи.
8 Исеними себепли, Ибрайым ўєде етилген елге кетиў ушын шақырылғанда, Кудайдың сѳзине бойсынып, қай жерге кетип баратырғанын билмесе де, жолға шықты.
9 Ибрайым ўєде етилген елге орналасқанда, исеними себепли жат жерли адамдай болып жасады. Ѳзи менен бирдей ўєдеге шерик болған Ысақ ҳєм Яқып пенен, ол шатырларда ѳмир кеширди.
10 Себеби ол дѳретиўшиси де, қурыўшысы да Кудай болған, беккем тийкарға ийе қаланы күтетуғын еди.
11 Исеними себепли, Сараның нєсилсиз болыўына ҳєм ѳзиниң жасы ѳткенине қарамай, Ибрайым єке болыў мүмкиншилигине еристи. Ѳйткени ол ўєде еткен Кудайдың садық екенине исенди.
12 Солай етип, бир адамнан, яғный қартайып нєсилсизленип қалған Ибрайымнан аспандағы жулдызлар сыяқлы, теңиз жағасындағы қум сыяқлы есап-сансыз єўладлар пайда болды.
13 Алдын айтылған бул адамлардың ҳєммеси де ѳмирлериниң ақырына дейин исенимин сақлап қалды. Ўєде етилгенлерди алмаса да, оларды узақтан кѳрип қуўанды. Олар ѳзлериниң жер жүзинде жат ҳєм қонақ адамлар екенин ашық мойынлады.
14 Усылай сѳйлеген адамлар ѳз ўатанын излеп жүргенин кѳрсетеди.
15 Егер олар ѳзлери таслап кеткен елди ўатаным деп ойлай бергенде, сол жерге қайтып барыўға жол табар еди.
16 Бирақ, олар жердеги ўатаннан да жақсырағын, яғный аспандағы ўатанды єрман ететуғын еди. Сол себептен Кудай олардың Кудайы болыўға арланбайды. Себеби Ол олар ушын бир қала таярлап қойыпты.
17 -
18 Ибрайым сыналғанда, исеними себепли улы Ысақты қурбанлыққа берди. Кудай Ибрайымға: «Сениң урпағың Ысақ арқалы даўам етеди», – деген ўєдени берген болса да, ол жалғыз улын қурбан етпекши болды.
19 Ѳйткени Ибрайым Кудай ѳлилерди де тирилте алады, деп исенди. Астарлап айтқанда, ол Ысақты ѳлимнен қайтарып алды.
20 Исеними себепли, Ысақ келешекте болатуғын нєрселерди болжап, уллары Яқып ҳєм Исабқа пєтиясын берди.
21 Яқып ѳлеринен алдын исеними себепли, Юсуптың еки улына бирме-бир пєтиясын берди ҳєм ҳасасының ушына сүйенип, Кудайға сыйынды.
22 Юсуп ѳлеринен алдын исеними себепли, Израил балаларының Мысырдан шығатуғынын болжап айтты ҳєм оларға кетеринде ѳзиниң сүйегин алып кетиўди буйырды.
23 Муўса туўылғанда, ата-анасы исеними себепли, оны үш ай жасырып қойды. Себеби баланың айрықша екенин кѳрди ҳєм патшаның пєрманынан қорқпады.
24 Муўса ержеткенде, исеними себепли, Фараонның қызының баласы деп аталыўдан ўаз кешти.
25 Ол ўақытша гүнакар ѳмирдиң кєйип-сапасын сүриўдиң орнына, Кудайдың халқы менен бирге жєбир шегиўди таңлады.
26 Масих себепли хорланыўды Мысырдың ғєзийнелеринен де уллырақ байлық деп санады. Ѳйткени ол алажақ сыйын күтетуғын еди.
27 Исеними себепли, ол патшаның қєҳєринен қорқпай, Мысырды таслап кетти. Кѳринбейтуғын Кудайды кѳргендей, ол мєрт еди.
28 Туңғышларды набыт қылған периште израиллыларға қол тийгизбесин деп, Муўса исеними себепли, Кутқарылыў байрамының қурбанлығының шалыныўын ҳєм оның қанының қапыларға себилиўин буйырды.
29 Исеними себепли, израиллылар Кызыл теңизди қурғақ жерден ѳткендей кешип ѳтти. Мысырлылар да усылай ислемекши болып ҳєрекет еткенде, суўға батып кетти.
30 Исеними себепли, израиллылар Ерихо қаласының єтирапын жети күн айланғанда, қала дийўаллары қулады.
31 Сонда исеними себепли, бузық ҳаял Раҳаб та Кудайға бойсынбайтуғын адамлар менен бирге ѳлтирилмеди. Себеби ол жансызларды жыллы жүзлик пенен қабыл алған еди.
32 Жєне не айтайын? Гедеон, Барак, Самсон, Еффа, Даўыт, Самуел ҳєм барлық пайғамбарлар ҳаққында айтып отырыў ушын ўақтым жетпейди.
33 Исеними себепли, олар патшалықларды жеңди, єдиллик орнатты, ўєде етилген нєрселерди алды ҳєм арысланлардың аўызларын тосып қойды.
34 Лаўлаған отты сѳндирди, қылыш жүзинен қашып қутылды. Ҳєлсирегенде Кудайдан күш алды, саўашта қүдиретли болды ҳєм жаў єскерлерин қыйратты.
35 Исеними себепли, ҳаяллар ѳз марҳумларын тирилген ҳалда қайтарып алды. Ал айырымлары еле де жақсырақ тирилиўге ерисиў ушын, азатлықтан ўаз кешти ҳєм азапланып ѳлтирилди.
36 Жєне гейбиреўлери масқараланып, қамшы жеди, ҳєтте, шынжырлар менен байланып, қамаққа салынды.
37 Исеними себепли, олар тас пенен урылды, пышқы менен кесилип екиге бѳлинди, қылыштан ѳткерилип ѳлтирилди. Кой ҳєм ешкиниң терилерин жамылып, сергиздан болып жүрди, жоқшылықта жасады, қыйыншылықларға ушырады ҳєм хорлық кѳрди.
38 Дүнья бул адамларға ылайық емес еди! Олар шѳллерди, таўларды, үңгирлерди ҳєм тѳлелерди гезип себил болды.
39 Олардың ҳєммеси де исеними себепли Кудай тєрепинен хошаметленген болса да, ўєде етилгенди алмады.
40 Ѳйткени Кудай бизлер ушын буннан да жақсырақ нєрсени таярлап қойғанлықтан, олар бизлерсиз минсизликке ериспеди.