1 Масих – соңғы қурбанлық. 19 Исенимде беккем турып, сабырлы болыңлар!
Еврейлерге жазылған хат 10 bob
1 Мухаддес Нызам келешектеги жақсы нєрселердиң ҳақыйқый келбети емес, ал кѳлеңкеси ғана. Сонлықтан усы Мухаддес Нызам бойынша ҳєр жылы үзликсиз берилетуғын бирдей қурбанлықлар Кудайға сыйынатуғынларды ҳеш қашан толық пєклей алмайды.
2 Егер толық пєклей алса, қурбанлық берилиў тоқтатылмас па еди? Ѳйткени сыйыныўшылар бир мєртебе гүналарынан тазаланғанынан соң, оларда қайтып гүнакарлық сезими қалмаған болар еди.
3 Бирақ усы қурбанлықлар адамларға жыл сайын гүналарын есине түсиреди.
4 Себеби ѳгизлер менен текелердиң қаны гүналарды жоқ қыла алмайды.
5 Сол себептен Масих дүньяға келип, Кудайға былай деген еди: «Курбанлық пенен садақаны Сен қєлемедиң, Бирақ, Мен ушын бир дене таярладың.
6 Жағылған садақаларды ҳєм гүна ушын берилген қурбанлықларды Сен хош кѳрмедиң.
7 Сонда Мен былай дедим: „Оралған китапта Мен туўралы жазылғандай, О Кудай, Сениң қєлеўиңди орынлаў ушын, Мине, Мен келдим“».
8 Тѳмендегилердиң Мухаддес Нызам бойынша берилетуғынына қарамастан, Масих алдын: «Курбанлықларды, садақаларды, жағылған садақаларды ҳєм гүна ушын берилген қурбанлықларды Сен қєлемедиң ҳєм оларды хош кѳрмедиң», – деген еди.
9 Соңынан Масих: «Сениң қєлеўиңди орынлаў ушын, Мен келдим», – деди. Яғный, Ол екинши келисимди орнатыў ушын, биринши келисимди бийкар етти.
10 Кудайдың усы қєлеўи бойынша, Ийса Масих Ѳз денесин биринши ҳєм соңғы мєртебе қурбан етиўи арқалы бизлер мухаддес қылындық.
11 Ҳєр бир руўханий ҳєр күни хызметте турып, бирдей қурбанлықларды қайта-қайта береди. Бирақ бул қурбанлықлар гүналарды ҳеш қашан жоқ қыла алмайды.
12 Ал бизлердиң бас руўханийимиз Масих гүналар ушын мєңгиликке татырлы тек бир қурбанлық берип, Кудайдың оң тєрепине отырды.
13 Ол сол ўақытлардан бери, Ѳз душпанларының аяқларының астына басылыўын күтпекте.
14 Ѳйткени Ол мухаддес қылынғанларды тек бир қурбанлық пенен мєңгиликке минсиз қылды.
15 Мухаддес Руўх та бул ҳаққында бизлерге гүўалық береди. Єўели Ол былай деген:
16 «Жаратқан Ийемиз былай дейди: „Сол күнлерден соң, Олар менен дүзетуғын келисимим мынаў: Нызамларымды олардың жүреклерине салып, Сана-сезимлерине ойып жазып қояман“».
17 Соңынан Ол қосымша қылып, былай дейди: «Олардың гүналарын ҳєм нызамсыз ислерин қайтып есиме алмайман».
18 Демек, гүналар кеширилген болса, енди олар ушын қурбанлық бериўдиң де кереги жоқ.
19 Сонлықтан ҳєй туўысқанларым, Ийсаның қаны себепли аспандағы Ең мухаддес бѳлмеге кириўге бизлерде батыллық бар.
20 Ол бизлерге Мухаддес шатырдағы перде арқалы, яғный Ѳз денеси арқалы сол Ең мухаддес бѳлмеге кириўге жаңа ҳєм тири жол ашып берди.
21 Усы Ийса – Кудайдың шаңарағын басқаратуғын бизлердиң уллы руўханийимиз.
22 Сол себептен Оның қаны менен ҳүжданымыз айыплаған ислерден жанымызды тазалап ҳєм денемизди таза суў менен жуўып, толық исеним менен шын жүректен Кудайға жақынлайық.
23 Ѳзлеримиз ашық мойынлаған үмитимизди екиленбей беккем сақлайық. Себеби ўєде берген Кудай садық.
24 Бир-биримизге ғамхор болып, бир-биримизди сүйиспеншиликке ҳєм жақсы ислер ислеўге руўхландырайық.
25 Айырым адамлардың єдетке айландырғанындай, жыйналысларымызды қалдырмайық. Керисинше, Ийемиз келетуғын сол күнниң жақынлағанын билип, бир-биримизди еле де кѳбирек жигерлендирип барайық.
26 Ѳйткени егер бизлер ҳақыйқатты билгенимизден соң да, биле тура гүна ислеўди даўам етсек, онда енди гүналар ушын берилетуғын басқа қурбанлық жоқ.
27 Тек ҳүкимди ҳєм Кудайға қарсы болғанларды жандырып жоқ қылатуғын лаўлаған отты қорқыныш пенен күтиў ғана қалады.
28 Муўсаның Нызамын тєн алмай бузған адам еки ямаса үш гүўаның гүўалығы менен аяўсыз түрде ѳлтирилетуғын еди.
29 Енди бир ойланып кѳриңлер, Кудайдың Улын аяқ асты етип, ѳзин мухаддес қылған қанды, яғный келисимди бекиткен қанды қєдирсиз кѳрген ҳєм Кудайдың мийиримли Руўхын масқаралаған адам буннан да аўырырақ жазаға ылайықлы болмай ма?
30 Себеби бизлер «Ѳш алыў Мениң қолымда, сазайын Ѳзим беремен» ҳєм жєне де «Жаратқан Ийемиз Ѳз халқын ҳүким етеди», – деген Кудайды билемиз.
31 Тири Кудайдың қолына түсиў қаншелли қорқынышлы!
32 Ал сизлер ѳзлериңизге ҳақыйқатлық нуры түскеннен соң, азап-ақыретлерге толы гүреске шыдаған дєслепки күнлериңизди еске түсириңлер.
33 Гейбир ўақытлары ѳзлериңиз ел-журт алдында масқара етилип, жєбир шегетуғын едиңлер. Ал айырым ўақытлары усындай аўҳалға түскенлердиң ҳєсиретин бѳлисетуғын едиңлер.
34 Сизлер исеним себепли қамақта болғанлардың да дєртлерине шерик болдыңлар. Ѳзлериңизди еле де жақсырақ ҳєм мєңгиге бар болатуғын мал-мүлик күтип турғанын билип, мал-мүлкиңиздиң талан-тараж қылыныўын қуўаныш пенен қабыл еттиңлер.
35 Солай етип, усы беккем исенимиңизди жойтпаңлар. Ѳйткени ол ушын алатуғын сыйыңыз үлкен.
36 Кудайдың қєлеўин орынлап, ўєде етилгенди алыўыңыз ушын, сизлерге сабырлылық керек болады.
37 Себеби Кудай бир пайғамбары арқалы былай деген: «Енди аз-маз ўақыттан кейин, Келетуғын тез арада келеди, Ол кешикпейди.
38 Маған тийисли ақланған адам исеними менен жасайды, Егер ол арқаға шегинсе, оған кеўлим толмайды».
39 Бизлер арқаға шегинип набыт болатуғынлардан емеспиз. Ал, исенип қутқарылатуғынларданбыз.