2 Салоникалылардың үлгили исеними.
Салоникалыларға жазылған биринши хат 1 bob
1 Єкемиз Кудайға ҳєм Ийемиз Ийса Масихқа тийисли болған Салоника исениўшилериниң жємєєтине, Павел, Сила ҳєм Тимофейден сєлем! Сизлерге Кудайдың мийрими ҳєм тынышлығы яр болсын!
2 Дуўа еткенимизде сизлерди тилге алып, бєрқулла ҳєммеңиз ушын Кудайға шүкирлик билдиремиз.
3 Кудай Єкемиздиң алдында исенимиңиздиң жемиси болған ис-ҳєрекетиңизди, сүйиспеншилигиңизге тийкарланған мийнетиңизди ҳєм Ийемиз Ийса Масихқа деген үмитиңизден пайда болған шыдамлылығыңызды үзликсиз еске аламыз.
4 Кудай сүйген туўысқанларым! Оның сизлерди таңлап алғанын бизлер билемиз.
5 Себеби сизлерге жєрияланған Хош Хабар тек сѳз бенен ғана емес, ал қүдирет, Мухаддес Руўх ҳєм толық исеним менен жеткизилди. Сизлердиң пайдаңыз ушын араңызда қалай жасағанымызды билесизлер.
6 Кѳп азап-ақыретлерге қарамай, сизлер Мухаддес Руўхтың берген қуўанышы менен Кудайдың сѳзин қабыл етип, бизлерге ҳєм Ийемизге еликлеўшилер болдыңлар.
7 Солай етип, Македония ҳєм Ахаядағы пүткил исениўшилерге сизлер үлги болдыңлар.
8 Ѳйткени Ийемиздиң сѳзи сизлерден тарқап, Кудайға деген исенимиңиз ҳаққында хабар тек Македония ҳєм Ахаяға емес, ал ҳємме жерге жетип барды. Сонлықтан бизлердиң бул ҳаққында бир нєрсе айтыўымызға ҳєжет қалмады.
9 Себеби олардың ѳзлери бизлерди қаншелли жақсы қабыл алғаныңызды ҳєм ҳақыйқый тири Кудайға хызмет етиў ушын қалай бутларды таслап, Кудайға қайтқаныңызды айтып берди.
10 Жєне бизлерди келешектеги қєҳєрли жазадан қутқаратуғын Кудайдың Ѳзи ѳлимнен тирилткен Улы Ийсаның аспаннан келиўин күтип атырғаныңызды да олар сѳз етти.