Салоникалыларға жазылған биринши хат 5 bob

12 Соңғы ақыл-нәсиятлар ҳәм сәлемнама.

1 Туўысқанлар! Бул ўақыялардың ўақыт ҳєм мєўсимлери ҳаққында сизлерге жазыўдың кереги жоқ.
2 Себеби Ийемиздиң күни түнде урының келиўи сыяқлы келетуғынын сизлер анық билесизлер.
3 Адамлар: «Ҳєммеси тыныш ҳєм қєўипсиз», – дегенде, жүкли ҳаялды бирден толғақ тутқандай, олар тосаттан апатқа ушырап, қашып қутыла алмайды.
4 Бирақ туўысқанлар, сизлер қараңғылықта болмағанлықтан, сол күн сизлерди уры түскендей ғапылда қалдырмайды.
5 Сизлердиң ҳєммеңиз нурдың ҳєм күндиздиң балаларысыз. Бизлер түнге ямаса қараңғылыққа тийисли емеспиз.
6 Сонлықтан басқалар сыяқлы уйықламайық, ояў ҳєм сергек болайық.
7 Ѳйткени уйықлайтуғынлар түнде уйықлайды, мєс болатуғынлар да түнде мєс болады.
8 Ал күндизге тийисли болған бизлер сергек болайық, исеним ҳєм сүйиспеншиликти саўыт қылып, қутқарылыўға деген үмитти басымызға дуўлыға қылып кийейик.
9 Себеби Кудай бизлерди Ѳзиниң ғєзебине ушыраўымыз ушын емес, ал Ийемиз Ийса Масих арқалы қутқарылыўымыз ушын тайынлады.
10 Тири болсақ та, ѳли болсақ та, бизлерди Ѳзи менен бирге жасасын деп, Ийса Масих бизлер ушын ѳлди.
11 Сонлықтан ҳєзир ислеп атырғаныңыздай, бир-бириңизди жигерлендирип, бир-бириңиздиң исенимиңизди беккемлей бериңлер.
12 Туўысқанлар! Араңызда мийнет еткенлердиң, яғный Ийемиздиң жолында сизлерге жолбасшылық қылып, ақыл-нєсият бергенлердиң қєдирин билиўиңизди сизлерден ѳтиниш етемиз.
13 Ислеген ислери ушын оларды сүйип, шексиз ҳүрмет етиңлер. Ѳз ара татыў жасаңлар.
14 Сизлерге жалбарынамыз, туўысқанлар, ис жақпасларға ескертиў жасап, жүрексизлерди жигерлендириңлер, күшсизлерге жєрдем берип, ҳєммеге сабырлы болыңлар.
15 Абайлы болыңлар, ҳеш ким жаманлыққа жаманлық пенен жуўап қайтармасын. Керисинше, ҳємме ўақытта бир-бириңизге ҳєм пүткил адамларға жақсылық ислеўге умтылыңлар.
16 Бєрқулла қуўаныңлар.
17 Тынбай дуўа етиңлер.
18 Кандай аўҳал болса да, Кудайға шүкирлик билдириңлер. Ѳйткени Масих Ийсаға тийисли болған сизлерге деген Кудайдың ерки усылар.
19 Мухаддес Руўхтың исин тоқтатпаңлар.
20 Пайғамбаршылық сѳзлерин кемситпеңлер.
21 Бирақ, ҳємме нєрсени сынап кѳриңлер. Жақсылыққа жабысып алыңлар.
22 Ҳєр қандай жаманлықтан қашыңлар.
23 Тынышлық бериўши Кудайдың Ѳзи сизлерди толық мухаддес қылсын: пүткил руўхыңыз, жаныңыз ҳєм денеңизди Ийемиз Ийса Масихтың келиўине кемшиликсиз қылып сақласын.
24 Сизлерди шақырған Кудай садық, Ол усыны ємелге асырады.
25 Туўысқанлар, бизлер ушын дуўа етиңлер.
26 Барлық туўысқанларды мухаддес поса менен сүйип, сєлем айтыңлар.
27 Бул хаттың ҳємме туўысқанларға оқып берилиўин Ийемиздиң аты менен сизлерге қатаң түрде тапсыраман.
28 Ийемиз Ийса Масихтың мийрими сизлерге яр болсын!