Салоникалыларға жазылған биринши хат 3 bob

6 Салоникадан келген қуўанышлы хабар. 

1 Солай етип, бизлер артық шыдай алмай, Афинада жалғыз қалыўды уйғардық.
2 Исенимиңизди беккемлеп, сизлерди жигерлендириў ушын, Масихтың Хош Хабарын жєриялайтуғын Кудайдың хызметшиси, туўысқанымыз Тимофейди сизлерге жибердик.
3 Азап-ақыретлер себепли ҳеш ким исенимде силкинбесин деп, бизлер усылай иследик. Азап шегиў тєғдиримизге жазылғаны ѳзлериңизге мєлим.
4 Ѳйткени сизлер менен бирге болғанымызда, азап шегетуғынымызды алдын айтқан едик. Хабарыңыз бар, айтқанымыздай анық солай болды да.
5 Сонлықтан мен де артық шыдай алмай, азғырыўшы сизлерди азғырып, мийнетимиз босқа кетпесин деп, исенимиңиздиң жағдайын билиў ушын Тимофейди сизлерге жибердим.
6 Бирақ, сизлердиң жаныңыздан бизлерге жаңа ғана қайтып келген Тимофей сизлердиң исенимиңиз ҳєм сүйиспеншилигиңиз ҳаққында қуўанышлы хабар алып келди. Бизлерди бєрқулла жақсы ой менен еске алып, бизлердиң сизлерди сағынғанымыздай, сизлердиң де бизлерди сағынып атырғаныңызды айтып берди.
7 Сол себептен туўысқанлар, қыйыншылықлы ҳєм азап-ақыретли жағдайда сизлердиң исенимиңиз себепли жигерленип қалдық.
8 Себеби сизлер Ийемиз бенен беккем байланыста болсаңыз, бизлердиң жанымыз жай табады.
9 Кудайымыздың алдында сизлер себепли алған барлық қуўанышымыздың есесин Оған қанша шүкирлик айтып қайтарсақ та аз.
10 Сизлер менен жүзбе-жүз кѳрисиў ушын ҳєм исенимиңиздеги жетиспеген нєрселерди толықтырыў ушын, күни-түни бар күшимиз бенен дуўа етип атырмыз.
11 Єкемиз Кудайдың Ѳзи ҳєм Ийемиз Ийса сизлерге барыўға жолымызды ашсын!
12 Ийемиз бир-бириңизге ҳєм пүткил адамларға деген сүйиспеншилигиңизди бизлердиң сизлерге деген сүйиспеншилигимиз сыяқлы кѳбейтип арттырсын!
13 Солай етип, Ийемиз Ийса Ѳзиниң пүткил мухаддеслери менен келгенде, Єкемиз Кудайдың алдында мухаддесликте кемшиликсиз болыўыңыз ушын, жүреклериңизди беккемлесин.