Салоникалыларға жазылған биринши хат 2 bob

1 Павелдиң Салоникадағы хызмети. 17 Павелдиң салоникалыларға деген сағынышы. 

1 Туўысқанлар! Сизлерге болған сапарымыздың босқа кетпегенин ѳзлериңиз де билесиз.
2 Бирақ ѳзлериңизге мєлим, буннан алдын Филипте азап шегип, масқараланыўға дуўшар болған едик. Деген менен, күшли қарама-қарсылықларға қарамастан, Кудайдың Хош Хабарын сизлерге жєриялаў ушын, бизлер Кудайымыздан мєртлик алып туратуғын едик.
3 Ѳйткени бизлердиң ақыл-нєсиятымыз ѳтирик ямаса напєк нийет ҳєм ҳийлеге негизленбеген еди.
4 Керисинше, Кудай бизлерди минєсип кѳрип, бизлерге Хош Хабарды исенип тапсырды. Сонлықтан бизлер адамларға емес, ал кеўиллеримизди сынайтуғын Кудайға унаў ушын Хош Хабарды жєриялап жүрмиз.
5 Хабарыңыз бар, бизлер ҳеш қашан жағымпазлық сѳзлери ямаса пайдакүнемлик нықабы менен келмедик. Кудай буған гүўа.
6 Жєне бизлер ҳеш кимнен: я сизлерден, я басқалардан ҳүрмет-мақтаў излеп жүрген жоқпыз.
7 Масихтың елшилери сыпатында сизлерге аўырманлық салыўымызға болар еди. Бирақ, балаларына ғамхор болған ана сыяқлы, сизлерге мүлєйим болдық.
8 Сизлерди усылай жақсы кѳрип, сизлерге тек Кудайдың Хош Хабарын емес, ал ѳз жанларымызды бериўге де қайыл едик. Себеби сизлер бизлер ушын соншелли қєдирли едиңиз.
9 Туўысқанлар! Бизлердиң аўыр мийнетимиз ҳєм қыйыншылықларымыз ядыңызда. Ҳеш бириңизге аўырманлығымыз түспеўи ушын, күни-түни мийнет етип, сизлерге Кудайдың Хош Хабарын жєрияладық.
10 Сиз исениўшилердиң алдында қандай мухаддес, ҳақ ҳєм кемшиликсиз болып жасағанымызға сизлер де, Кудай да гүўа.
11 Хабарыңыз бар, бир єке ѳз балаларына қандай қатнас жасаса, бизлер де сизлердиң ҳєр бириңизге сондай қатнас жасадық.
12 Сизлерге ақыл-нєсият ҳєм жубаныш берип, Ѳз Патшалығына ҳєм салтанатына шақырған Кудайға ылайықлы жасаўды ѳтиниш еттик.
13 Бизлер Кудайға жєне бир нєрсе ушын үзликсиз шүкирлик етемиз. Ѳйткени сизлер Кудайдың сѳзин бизлерден еситип қабыл еткениңизде, буны адамның сѳзи сыпатында емес, ал Кудайдың сѳзи сыпатында қабыл еттиңлер. Бул сѳз ҳақыйқаттан Кудайдың сѳзи болғанлықтан, сиз исениўшилерде ҳєрекет етпекте.
14 Себеби туўысқанлар, сизлер Масих Ийсаға тийисли болған Яҳудиядағы Кудайдың жємєєтлерине еликлеўшилер болдыңлар. Олар яҳудийлерден қандай азап-ақырет кѳрген болса, сизлер де ѳз миллетиңизден сондай азап-ақырет кѳрдиңлер.
15 Ийемиз Ийсаны ҳєм пайғамбарларды ѳлтирген яҳудийлер бизлерди де қуўып шығарды ҳєм олар Кудайды нарийза қылып, пүткил адамларға душпанлық ислеп атыр.
16 Басқа миллетлердиң қутқарылыўы ушын, бизлердиң сѳйлеўимизге олар тосқынлық жасап, ҳєр қашан ѳз гүналарының мѳлшерин толтырып атыр. Бирақ олар ақырында Кудайдың ғєзебине ушырайды.
17 Туўысқанлар, сизлерден аз ўақытқа айра түсирилип, ѳзлеримиз алыста болсақ та, кеўиллеримиз сизлер менен бирге еди. Сизлерди жүдє сағынып, дийдар кѳрисиўге қатты тырыстық.
18 Сонлықтан сизлерге барғымыз келип, єсиресе мен, Павел, бир неше мєрте бармақшы болғанымда, шайтан бизлерге кесент етти.
19 Бизлердиң үмитимиз, қуўанышымыз ҳєм Ийемиз Ийса келгенде, Оның алдында кийетуғын мақтаў тажымыз не? Сизлер емессиз бе?
20 Аўа, мақтанышымыз ҳєм қуўанышымыз сизлерсиз.