Салоникалыларға жазылған биринши хат 4 bob

1 Қудайға унайтуғын өмир. 13 Ийсаның қайта келиўи. 

1 Енди болса, туўысқанлар, Кудайға унаў ушын қалай жасаў кереклигин сизлер бизлерден үйрендиңиз. Ҳєзир усылай жасап атырсыз да. Бул исте жєне де алға илгерилеўиңизди Ийемиз Ийсаның аты менен сизлерден ѳтиниш етип сораймыз.
2 Ѳйткени Ийемиз Ийсаның бийлиги менен сизлерге қандай жол-жорықларды бергенимизди ѳзлериңиз билесизлер.
3 Кудайдың ерки – сизлердиң мухаддес болыўыңыздан ибарат. Яғный, Ол сизлердиң жынысый бузықшылықтан аўлақ жүриўиңизди,
4 ҳєр бириңиздиң ѳз денесин қєдирлеп, мухаддес қылып сақлаўын
5 ҳєм Кудайды билмейтуғын бутқа табыныўшылар сыяқлы бузық қєлеўлерге берилмеўин қєлейди.
6 Ҳеш ким усындай исте туўысқанына қыянет етип, ҳарамылық ислемесин. Бурын сизлерге айтқанымыз ҳєм ескерткенимиздей, Ийемиз бундай барлық ислер ушын адамларды жазалайды.
7 Себеби Кудай бизлерди ҳарам болып жасаў ушын емес, ал мухаддес болып жасаў ушын шақырды.
8 Солай етип, бул жол-жорықты қабыл алмаған адам адамды емес, ал Мухаддес Руўхын сизлерге берген Кудайды қабыл алмаған болады.
9 Бирақ туўысқанлық сүйиспеншилик ҳаққында биреўдиң сизлерге бир нєрсе жазыўына ҳєжет жоқ. Ѳйткени бир-бириңизди сүйиўди сизлер Кудайдан үйрендиңлер.
10 Сизлер ҳақыйқаттан да пүткил Македониядағы туўысқанлардың ҳєммесин сүйесизлер. Туўысқанлар, бул исте жєне де алға илгерилеўиңизди сизлерден ѳтиниш етемиз.
11 Жєне де, сизлерге жол-жорық бергенимиздей, тыныш ѳмир сүриўди, ѳз исиңизге кеўил бѳлиўди ҳєм қолларыңыз бенен мийнет етиўди мақсет етип қойыңлар.
12 Солай етип, сизлер жємєєттен тыс адамлардың алдында ҳүрмет-иззетли ѳмир сүресизлер ҳєм ҳеш кимнен ғєрезли болмайсызлар.
13 Туўысқанлар! Үмитсиз жасайтуғын басқа адамлар сыяқлы қайғырмаўыңыз ушын, бул дүньядан кѳз жумғанлар ҳаққында сизлердиң хабарсыз қалыўыңызды қєлемеймиз.
14 Себеби бизлер Ийсаның ѳлип, қайта тирилгенине исенемиз. Сол сыяқлы, Ийсаға исенип, бул дүньядан кѳз жумғанларды Кудай Оның менен бирге қайта алып келетуғынына да исенемиз.
15 Ийемиздиң сѳзине тийкарланып, сизлерге мынаны билдиремиз: ҳєзир тири болып жасап атырған бизлер, яғный Ийемиз келемен дегенше тири жүретуғынлар бул дүньядан кѳз жумғанлардан ҳеш артық емеспиз.
16 Ѳйткени Ийемиздиң Ѳзи буйырған бєлент даўыс, бас периштениң сести ҳєм Кудайдың кєрнайы менен аспаннан келгенде, дєслеп Масихқа исенген ѳлилер тириледи.
17 Оннан соң, жасап атырған бизлер, яғный тири қалғанлар олар менен бирликте Ийемизди ҳаўада күтип алыў ушын, бултлар ишине алынып кѳтерилемиз. Солай етип, ҳємме ўақыт Ийемиз бенен бирге боламыз.
18 Мине, усы сѳзлер менен бир-бириңизди жубатыңлар.