Инжил Каракалпак

Еврейлерге жазылған хат

1. Кудай єййемги заманларда пайғамбарлар арқалы кѳп мєртебе ҳєм ҳєр түрли жоллар менен ата-бабаларымызға сѳйлеген еди.
2. Ал бул соңғы ўақытларда болса, Кудай бизлерге Ѳз Улы Ийса арқалы сѳйледи. Кудай Ѳз Улын пүткил барлықтың мийрасхоры етип белгилеп, Ол арқалы пүткил дүньяны жаратқан еди.
3. Кудайдың Улы – Кудайдың салтанатының жарқыраған нуры болып, Ол Кудайдың тєбиятының ҳақыйқаттан қандай екенин кѳрсетеди. Ул Ѳзиниң қүдиретли сѳзи менен пүткил барлықты сақлап тур. Ол Ѳзин қурбан етип, бизлерди гүналарымыздан тазалағаннан соң, жоқарыдағы қүдиретли Кудайдың оң тєрепине отырды.
4. Кудайдың Улы периштелерден қаншелли жоқары атты алған болса, Ол олардан соншелли үстин турады.
5. Ѳйткени Кудай периштелердиң қайсы бирине: «Сен Мениң Улымсаң, Бүгин Мен Саған Єке болдым». Жєне де: «Мен Оған Єке боламан, Ол Маған Ул болады», – деген еди?
6. Жєне де, Кудай туңғыш Улын дүньяға жиберип атырып былай деген: «Мениң барлық периштелерим Оған табынсын».
7. Ал периштелер ҳаққында болса, Мухаддес Жазыў былай дейди: «Кудай Ѳз периштелерин самалдай, Хызметшилерин оттың жалынындай қылады».
8. Бирақ, Кудайдың Улы ҳаққында Мухаддес Жазыў былай дейди: «О Кудай, Сениң тахтың мєңги турады, Патшалық бийлигиң – єдил бийлик.
9. Сен ҳақлықты сүйип, нызамсызлықты жек кѳрдиң. Сонлықтан Кудай, Сениң Кудайың, Сени хызметке тайынлап, Саған жолдасларыңа қарағанда, Даңқ ҳєм қуўанышты кѳбирек берди».
10. Жєне де, былай дейди: «О Ийемиз, Єўел баста жердиң тийкарын Сен салғансаң. Аспанды да Сениң қолларың жаратқан.
11. Жер ҳєм аспан жоқ болып кетеди, бирақ Сен мєңгиге барсаң. Олардың ҳєммеси де кийимдей тозып қалады.
12. Оларды шапан сыяқлы орап қоясаң, Олар кийим сыяқлы ѳзгертиледи. Бирақ, Сен ҳеш қашан ѳзгермейсең, Ѳмир жылларың да тамам болмайды».
13. Кудай периштелердиң ҳеш бирине де: «Душпанларыңды аяқларыңның астына бастырмағанымша, Мениң оң жағымда отыр», – демеген.
14. Ақыры периштелердиң ҳєммеси қутқарылыўға ийе болатуғынларға хызмет қылыў ушын жиберилген хызметши руўхлар-ғо.
1. Сонлықтан еситкенлеримизден узақлап, жолдан шығып кетпеўимиз ушын, еситкенлеримизге еле де кѳбирек дыққат аўдарыўымыз керек.
2. Себеби периштелер арқалы айтылған сѳз күшке ийе болып, ҳєр қандай жынаят ҳєм бойсынбаўшылық ушын єдил жаза берилетуғын еди.
3. Солай екен, дєслеп Ийемиз Ийса тєрепинен айтылған, соңынан Оннан еситкенлер тєрепинен тастыйықланған уллы қутқарылыўға итибарсыз қарасақ, бизлер бул жазадан қалай қашып қутыла аламыз?
4. Кудай да бул ҳаққында кєраматлы белгилер, таң қаларлық нєрселер ҳєм ҳєр түрли кєраматлы ислер арқалы, жєне де, Ѳз қєлеўи бойынша Мухаддес Руўхтың сыйларын үлестириўи арқалы гүўалық берди.
5. Кудай бизлер сѳз етип атырған келешек заманды периштелерге бағынышлы қылған жоқ.
6. Керисинше, Мухаддес Жазыўдың бир жеринде биреў былай деп гүўалық берген еди: «О Ийем, Сен еске алғандай адам ким ѳзи? Сен оған ғамхорлық кѳрсететуғындай, адам улы ким болыпты?
7. Оны периштелерден аз ўақытқа тѳменирек қойдың, Даңқ-ҳүрмет тажын оған кийдирип,
8. Ҳємме нєрсени оның аяқларына бас урғыздың». Кудай ҳємме нєрсени адамға бағынышлы қылып, оған бағынышлы болмаған ҳеш бир нєрсе қалдырмады. Деген менен, ҳємме нєрсениң адамға бағынышлы екенин бизлер елеге дейин кѳрмей атырмыз.
9. Бирақ бизлер периштелерден аз ўақытқа тѳменирек қойылған Ийсаның ѳлим азабын шеккени ушын, даңқ-ҳүрмет тажын кийгенин кѳрип турмыз. Аўа, Ол Кудайдың мийрими менен ҳємме адамлар ушын ѳлимди басынан кеширген еди.
10. Ҳємме нєрсе Кудай ушын ҳєм Кудай арқалы бар болған. Усы Кудай кѳп перзентлерин уллылыққа еристириў ушын, оларды қутқарылыўға жетелеўши Ийсаны азап-ақыретлер арқалы минсизликке жеткизиўди мақул кѳрди.
11. Ѳйткени мухаддес қылыўшы Ийса ҳєм Ол мухаддес қылған исениўшилердиң ҳєммеси бир Єкеден. Сонлықтан Ийса оларды «туўысқанларым» деп атаўға уялмайды.
12. Ийса былай дейди: «Кудай, Сениң атыңды туўысқанларыма жєрия етемен, Олардың жыйынында Сени алғыслайман».
13. Жєне басқа жерде былай делинген: «Мен Кудайға сүйенемен» тағы да: «Минекей, Мен Кудайдың Маған берген балалары менен бирге усы жердемен».
14. Бул балалар ет ҳєм қаннан ибарат болғанлықтан, Ийсаның Ѳзи де оларға теңлесип, ет ҳєм қаннан ибарат болған адамның денесине ийе болды. Буны Ол ѳлим үстинен бийликке ийе болғанды, яғный шайтанды Ѳз ѳлими арқалы набыт қылыў ушын
15. ҳєм ѳмир бойы ѳлим қорқынышы себепли қул болғанлардың ҳєммесин азат қылыў ушын иследи.
16. Себеби, єлбетте, Ийса периштелерге емес, ал Ибрайымның урпағынан болғанларға жєрдем етеди.
17. Сол себептен Кудайдың хызметинде мийрим-шєпєєтли ҳєм садық бас руўханий болып, адамлардың гүналарын тазалаў ушын, Ол ҳєр тєреплеме туўысқанларына уқсаўы керек еди.
18. Оның Ѳзи сынаққа түсип, азап шеккенликтен, Ол сынаққа түскенлерге де жєрдем ете алады.
1. Солай етип, бизлер менен бирге Кудай тєрепинен шақырылған, ҳєй мухаддес туўысқанларым, Кудайдың елшиси ҳєм бас руўханийи, деп ѳзлеримиз ашық тєн алған Ийса ҳаққында терең ойлаңлар!
2. Муўса Кудайдың пүткил шаңарағында Кудайға садық болғанындай, Ийса да Ѳзин хызметке қойған Кудайға садық болды.
3. Үйди салған үйдиң ѳзинен гѳре кѳбирек ҳүрмет кѳргени сыяқлы, Ийса да Муўсадан гѳре жоқарырақ уллылыққа ылайық табылды.
4. Ҳєр бир үйдиң қурыўшысы бар, ал Кудай пүткил барлықтың жаратыўшысы.
5. Муўса келешекте айтылатуғын сѳзлер ҳаққында гүўалық бериў ушын, Кудайдың пүткил шаңарағында бир хызметкер сыпатында садық болды.
6. Бирақ, Масих Кудайдың шаңарағын басқаратуғын Ул сыпатында садық болды. Егер ѳзлеримиздеги үмит себепли пайда болатуғын батырлық ҳєм қуўанышты ақырына дейин беккем сақласақ, бизлер – Оның шаңарағымыз.
7. Сол себептен Мухаддес Руўх былай дейди: «Егер бүгин Кудайдың даўысын еситсеңиз,
8. Шѳлдеги сынақ ўақтында қозғалаң кѳтерген ата-бабаларыңыздай, Кайсарлық етпеңлер.
9. Олар сол жерде қырық жыл бойы Мениң ислеримди кѳрген болса да, Мени сынай берди.
10. Сонлықтан Мен сол єўладқа ғєзепленип былай дедим: „Олардың жүрек қєлеўлери бєрқулла туўры емес, Олар Мениң жолларымды билмеди“.
11. Жєне де, Мен қєҳєрленгенимде: „Олар Мениң дем алыў ушын беретуғын мєканыма кирмейди“, – деп ант ишкен едим».
12. Ҳєй туўысқанларым, жүрегиңиз исенбей жаўыз болып қалып, тири Кудайдан безип кетиўден сақ болыңлар!
13. Керисинше, араңыздағы ҳеш бириңиз гүнаның алдаўына ерип, жүрегин қайсар қылмаўы ушын, ҳєр күни еле «бүгин» деп айтылып атыр екен, бир-бириңизди жигерлендирип барыңлар.
14. Ѳйткени егер бизлер дєслепки исенимимизди ақырына дейин беккем сақласақ, Масихқа тийисли болған ҳємме нєрсеге шериклес боламыз.
15. Жоқарыда былай делинген еди: «Егер бүгин Кудайдың даўысын еситсеңлер, Оған қарсы қозғалаң кѳтерген ата-бабаларыңыздай, Кайсарлық етпеңлер».
16. Кудайдың сѳзин еситсе де, Оған қарсы қозғалаң кѳтерген кимлер еди? Муўсаның басшылығында Мысырдан шыққанлардың ҳєммеси емес пе еди?
17. Кудай кимлерге қырық жыл ашыўлы еди? Гүна ислеп, сүйеклери шѳлде қалғанларға емес пе?
18. Кудай кимлерге: «Мениң дем алыў ушын беретуғын мєканыма кирмейсизлер», – деп ант ишкен еди? Ѳзине бойсынбағанларға емес пе?
19. Солай етип, кѳрип турғанымыздай, олар исенбегенликтен сол жерге кире алмады.
1. Сонлықтан Кудай беретуғын дем алысты, яғный Ол беретуғын тынышлықты алыў ҳаққында ўєде еле де күшке ийе екен, араңыздағы ҳєр бириңиз усы ўєдеден бос қалып қойыўдан қорқып, сақ болыңлар.
2. Себеби бизлерге жєрияланған Хош Хабарды ата-бабаларымыз да еситкен еди. Бирақ олар еситкен сѳзлерин исеним менен қабыл етпегенликтен, бул сѳзлердиң оларға пайдасы тиймеди.
3. Кудай дүньяны жаратып болғаннан кейин-ақ, дем алыў ушын беретуғын мєканды таярлап қойған болса да, олар ҳаққында былай деген: «Мен қєҳєрленгенимде: „Олар Мениң дем алыў ушын беретуғын мєканыма ҳеш қашан кирмейди“, – деп ант иштим». Бирақ, исенетуғын бизлер сол мєканға киремиз.
4. Мухаддес Жазыўдың бир жеринде жетинши күн ҳаққында былай делинген: «Кудай жетинши күни барлық ислеринен дем алды».
5. Жєне де, Мухаддес Жазыўдың басқа жеринде Кудай былай деген: «Олар Мениң дем алыў ушын беретуғын мєканыма ҳеш қашан кирмейди».
6. Солай етип, алдын Хош Хабарды еситкенлер сѳзге қулақ аспағанлықтан, дем алатуғын мєканға кирмеди. Бирақ, басқалар ушын ол жерге кириўге мүмкиншилик бар.
7. Сол себептен Кудай «бүгин» деп аталатуғын жєне бир күнди белгилеп, алдын айтылғандай, кѳп ўақытлардан соң, Даўыт арқалы былай деген еди: «Егер бүгин Кудайдың даўысын еситсеңлер, Кайсарлық етпеңлер».
8. Егер Ешуа израиллыларды Кудайдың дем алыў ушын беретуғын мєканына еристиргенде, Кудай соңынан басқа бир күн ҳаққында айтпаған болар еди.
9. Демек, Кудайдың халқы ушын ҳақыйқый дем алатуғын ўақыт келеди.
10. Кудай дүньяны жаратқаннан соң қалай дем алған болса, Ол беретуғын дем алысты, яғный Ол беретуғын тынышлықты алған ҳєр бир адам да ѳз ислеринен солай дем алады.
11. Солай екен, ҳеш биримиз бойсынбаған сол адамларға ерип адаспай, Кудай беретуғын дем алысты, яғный Ол беретуғын тынышлықты алыўға тырысайық.
12. Кудайдың сѳзи тири ҳєм тєсирли. Ол еки жүзли қылыштан да ѳткир болып, жан менен руўхты, буўын менен сүйеклерди бѳлетуғын дєрежеде суғылып киреди: ол жүректеги ой ҳєм нийетлерди єшкара қылады.
13. Жаратылған ҳеш бир нєрсе Кудай алдында жасырын емес. Оның кѳз алдында ҳєр бир нєрсе ашық ҳєм аян. Бизлер усы Кудайға есап беремиз.
14. Бирақ, бизлерде аспанға кѳтерилген уллы бас руўханийимиз – Кудайдың Улы Ийса бар. Сонлықтан ѳзлеримиз ашық тєн алған исенимимизди беккем сақлайық.
15. Ол – бизлердиң ҳєлсизликлеримизди бѳлисе алатуғын бас руўханий. Оның Ѳзи ҳєр тєреплеме бизлер сыяқлы сыналды, бирақ гүна ислемеди.
16. Сонлықтан реҳимлилик алыў ушын ҳєм керек ўақтында ѳзлеримизге жєрдем ететуғын мийримге ерисиў ушын, Кудайдың мийримге ийе тахтына батыллық пенен жақынлайық.
1. Ҳєр бир бас руўханий адамлар арасынан таңлап алынады ҳєм ол Кудайға байланыслы ислерде адамлардың ўєкили болып, олардың гүналары ушын Кудайға садақа ҳєм қурбанлықлар бериў ушын тайынланады.
2. Билмей қалып жолдан адасқанларға ол мүлєйимлилик пенен қатнас жасай алады. Ѳйткени оның ѳзиниң де ҳєлсиз жерлери бар.
3. Сол себептен ол тек халықтың гүналары ушын емес, ал ѳзиниң гүналары ушын да қурбанлық бериўи шєрт.
4. Ҳеш бир адам бас руўханий болыў мєртебесине ѳзлигинен ерисе алмайды. Тек Харон сыяқлы Кудай тєрепинен шақырылса ғана ерисе алады.
5. Сол сыяқлы, Масих та бас руўханий болыў мєртебесине ийе болыў ушын, Ѳзин Ѳзи уллылаған жоқ. Ал Оған: «Сен Мениң Улымсаң, Бүгин Мен Саған Єке болдым», – деген Кудайдың Ѳзи Оны усы мєртебеге еристирди.
6. Мухаддес Жазыўдың басқа жеринде Кудай Оған былай деген: «Сен Мелхиседек сыяқлы, Мєңгиге руўханийсең».
7. Масих жер жүзинде адам болып жасаған күнлерде Ѳзин ѳлимнен қутқара алатуғын күшке ийе болған Кудайға бєлент даўыс пенен нала етип, кѳз жасларын тѳгип, дуўа етип жалбарынды. Ол Кудайға бойсынғанлықтан, Кудай Оны еситти.
8. Ол Кудайдың Улы болса да, шеккен азаплары арқалы бойсыныўды үйренди.
9. Масих усы тєризде минсизликке ерисип, Ѳзине бойсынатуғынлардың ҳєммеси ушын мєңгилик қутқарылыўға жол ашты
10. ҳєм Ол Кудай тєрепинен Мелхиседек сыяқлы бас руўханий, деп аталды.
11. Мелхиседек ҳаққында айтажақ кѳп сѳзлеримиз бар, бирақ сизлер зейинсиз болғанлықтан, түсиндириў қыйын болады.
12. Усы ўақытқа келип, сизлер муғаллим болыўыңыз керек еди. Бирақ сизлер Кудайдың сѳзлериниң дєслепки тийкарларын қайтадан үйрениўге мүтєжсиз. Сизлерге күшли аўқат емес, ал сүт керек!
13. Сүт пенен азықланатуғын ҳєр бир адам гѳдек, яғный ҳақыйқатлық сѳзи бойынша жасаўда тєжирийбесиз адам болғаны.
14. Ал күшли аўқат ересек адамлар ушын, яғный ѳмирдеги тєжирийбеси арқалы жаман менен жақсыны айырыў сезимине ийе болғанлар ушын арналған.
1. Сонлықтан Масих ҳаққында басланғыш тєлийматты үйрениўде тоқтап қалмайық, ал алға илгерилеп, жетисип барайық. Ѳлимге жетелеўши ислер ушын тєўбе етиўден, Кудайға исениўден,
2. суўға шомылдырыў ҳаққында қағыйдалардан, қол қойып дуўа етиўден, ѳлилердиң тирилиўинен ҳєм мєңгилик ҳүкимнен ибарат болған сол тєлийматтың тийкарларын қайтадан салмайық.
3. Егер Кудай рухсат берсе, бизлер алға илгерилеп, жетисип барамыз.
4. Бир мєртебе ҳақыйқатлық нуры түсип, Кудайдың сыйының дємин татқан ҳєм Мухаддес Руўхқа шерик болғанларды,
5. Кудайдың сѳзиниң жақсы екенин ҳєм келешектиң қүдиретли ислерин ѳмирлеринде кѳрип болып,
6. исенимнен қайтқанларды дүзетип тєўбе қылдырыў мүмкин емес. Себеби олар Кудайдың Улын ѳзлери қайтадан атанақ ағашқа шегелеп, масқара қылған болады.
7. Үстине жийи-жийи жаўған жаўынды ишкен ҳєм ѳзинде ислегенлерге пайдалы зүрєєт берген жерди Кудай жарылқайды.
8. Бирақ, шеңгел ҳєм жантақ ѳсирген жер жарамсыз болып, кѳп күтпей ғарғысқа ушырайды ҳєм ақыры жандырылып жибериледи.
9. Сизлерге келсек, сүйикли туўысқанларым, бизлер усылай десек те, сизлердиң қутқарылыўға байланыслы еле де кѳбирек жарылқаўларға ийе екениңизге исенимимиз кємил.
10. Ѳйткени Кудай єдалатсыз емес: Ол сизлердиң мийнетиңизди ҳєм исениўшилерге қылған ҳєм қылып атырған хызметиңиз арқалы Ѳзине кѳрсеткен сүйиспеншилигиңизди умытпайды.
11. Ҳєр бириңиздиң үмитиңизди ақырына дейин беккем сақлаўыңыз ушын, усылай ғайрат салыўыңызды єрман етемиз.
12. Жєне де ериншек болмай, Кудай тєрепинен ўєде етилгенлерди исеним ҳєм сабырлылық пенен алғанлардан ѳрнек алыўыңызды қєлеймиз.
13. Кудай Ибрайымға ўєде бергенде, Ѳзинен уллырақ ҳеш ким болмағанлықтан, Ѳзиниң аты менен ант ишип,
14. былай деген еди: «Сени үсти-үстине жарылқайман, Урпақларыңды сансыз қылып кѳбейтемен».
15. Солай етип, Ибрайым сабырлылық пенен күтип, ўєде етилгенди алды.
16. Адамлар ѳзлеринен уллырақ болған менен ант ишеди. Олар ушын ант айтылған сѳзлерди тастыйықлап, ҳєр бир тартысты тоқтатады.
17. Сол сыяқлы, Кудай да Ѳз еркиниң ѳзгермейтуғынын ўєдени алғанларға ашық кѳрсетпекши болып, ўєдесин ант пенен тастыйықлады.
18. Солай етип, усы еки нєрсе, яғный ўєде ҳєм ант ѳзгермейди. Себеби Кудай оларды айтқанда ѳтирик сѳйлеўи мүмкин емес. Сонлықтан ѳзлеримизге берилген үмитти беккем сақлаўымыз ушын, Кудайдан пана тапқан бизлер олар арқалы үлкен жубанышқа ийе боламыз.
19. Бизлердиң бул үмитимиз жанларымыз ушын кемениң кѳшкиси сыяқлы исенимли ҳєм беккем. Усы үмит бизлерди аспандағы Мухаддес шатырдың пердесиниң арғы тєрепине ѳткизеди.
20. Ийса бизлер ушын сол жерге бизлерден алдын кирип, Мелхиседек сыяқлы мєңгиге бас руўханий болды.
1. Бул Мелхиседек Сєлем патшасы ҳєм Күдиретли Кудайдың руўханийи еди. Ол патшаларды жеңилиске ушыратып қайтып киятырған Ибрайымды қарсы алып, оған пєтиясын берген еди.
2. Ал Ибрайым оған ҳємме нєрсениң оннан бирин берген еди. Оның еки аты бар, бириншиси Мелхиседек болып, бул аттың мєниси «єдиллик патшасы», ал екиншиси Сєлем патшасы болып, бул аттың мєниси «тынышлық патшасы» дегенди аңлатады.
3. Оның єкеси, анасы ҳєм шежиреси белгисиз. Ѳмириниң басы, я соңы жоқ. Ол сол жағынан Кудайдың Улына уқсайды ҳєм мєңгиге руўханий болып қалады.
4. Караңлар, ол қаншелли уллы! Ҳєтте, түп бабамыз Ибрайым да түскен олжаларының оннан бирин оған берген еди.
5. Лебий урыўынан шыққан руўханийлер Мухаддес Нызамдағы буйрық бойынша ѳз туўысқанларынан, яғный халықтан, ҳєммеси де Ибрайымның урпақлары болса да, оннан бирин алыўы тийис еди.
6. Мелхиседек Лебий урыўынан болмаса да, Ибрайымнан оннан бирин алып, Кудайдың ўєдесине ийе болған оған пєтиясын берген еди.
7. Пєтия берген адам пєтия алған адамнан уллы екени сѳзсиз.
8. Оннан бирин алатуғын руўханийлердиң басында ѳлим бар. Бирақ, Ибрайымнан оннан бирин алған Мелхиседектиң тири екени ҳаққында гүўалық бар.
9. Демек, оннан бирин алатуғын Лебийдиң ѳзи де Ибрайым арқалы оннан бирин берди, деп айтыўға болады.
10. Ѳйткени Мелхиседек Ибрайымды қарсы алғанда, Лебий еле бабасы Ибрайымның белинде еди.
11. Израил халқы Мухаддес Нызамды лебийлилердиң руўханийлик хызмети тийкарында алған еди. Бирақ егер Харон єўладынан болған лебийлилердиң руўханийлик хызмети арқалы минсизликке ерисиў мүмкин болғанда, онда Мелхиседек сыяқлы басқа бир руўханийдиң келиўине ҳєжет бар ма еди?
12. Себеби руўханийлик хызмети ѳзгертилсе, Мухаддес Нызам да ѳзгертилиўи тийис.
13. Алдын сѳз етилген адам, яғный Ийса басқа урыўдан шыққан еди. Сол урыўдан ҳеш ким қурбанлық шалынатуғын орында хызмет етпеген.
14. Ал Ийемиз Ийсаның Яҳуда урыўынан келип шыққаны анық. Муўса бул урыўға байланыслы руўханийлик ҳаққында ҳеш нєрсе айтпаған еди.
15. Мелхиседекке уқсаған басқа бир руўханий пайда болғанынан бул сѳзлеримиз еле де анығырақ болады.
16. Ийса Лебий урыўына байланыслы болған Мухаддес Нызамдағы қағыйдалар бойынша емес, ал таўсылмайтуғын ѳмир қүдирети менен руўханий болды.
17. Ѳйткени Мухаддес Жазыўда Ол ҳаққында: «Сен Мелхиседек сыяқлы, Мєңгиге руўханийсең», – деген гүўалық бар.
18. Руўханийлик ҳаққында єўелги қағыйдалар ҳєлсиз ҳєм пайдасыз болғанлықтан бийкар етилди.
19. Себеби Мухаддес Нызам ҳеш бир нєрсени минсизликке еристирмеди. Буның орнына, бизлерди Кудайға жақынластыратуғын жақсы үмит берилди.
20. Ийса Кудайдың берген анты бойынша руўханий болды. Ал лебийли руўханийлер Кудайдың анты бойынша руўханий болған жоқ.
21. Ийса Ѳзине: «Кудай Ийемиз ант ишти, Ол антынан таймайды: „Сен мєңгиге руўханийсең“», – деген Кудайдың анты бойынша руўханий болды.
22. Солай етип, Ийса еле де жақсырақ келисимниң гиреўи болды.
23. Жєне бир айырмашылығы мынадай: єпиўайы руўханийлердиң саны кѳп еди. Ѳйткени ѳлим оларға хызметлерин даўам етиўге тосқынлық қылатуғын еди.
24. Бирақ Ийса мєңги жасайтуғын болғанлықтан, Оның руўханийлиги де мєңги.
25. Сонлықтан Ол Ѳзи арқалы Кудайға келгенлерди пүткиллей қутқаратуғын күшке ийе. Себеби Ол мєңгиге тири болып, Кудайдан олар ушын ѳтинип сорайды.
26. Ийса бизлерге керек болған бас руўханийдиң анық Ѳзи болады. Ѳйткени Ол мухаддес, айыпсыз, пєк, гүнакарлардан ажыратылған ҳєм аспаннан да жоқары кѳтерилип, уллы абырайға ийе болған.
27. Басқа бас руўханийлер сыяқлы, ҳєр күни єўели Ѳз гүналары ушын, ал соңынан халықтың гүналары ушын қурбанлық бериўдиң Оған ҳєжети жоқ. Себеби Ол Ѳзин қурбан етип, бул исти бир мєртебе ҳєм биротала орынлады.
28. Муўсаның Нызамы адам болғанлықтан минсиз емес болғанларды бас руўханий қылып қояды. Бирақ Муўсаның Нызамынан соң, Кудайдың ант етип берген ўєдеси Оның мєңгиге минсиз Улын бас руўханий етип қойды.
1. Айтқанларымыздың тоқ етери мынадан ибарат: бизлердиң аспанда қүдиретли Кудайдың оң жағында отырған бас руўханийимиз Ийса бар.
2. Ол сол жерде адам тєрепинен емес, ал Кудай тєрепинен қурылған ҳақыйқый ҳєм мухаддес шатырда хызмет қылады.
3. Ҳєр бир бас руўханий садақа ҳєм қурбанлықлар бериў ушын тайынланады. Сонлықтан бизлердиң бас руўханийимиздиң де беретуғын бир нєрсеси болыўы тийис еди.
4. Егер Ийса жер жүзинде қалғанда, руўханий болмас еди. Ѳйткени єлле қашан жер жүзинде Мухаддес Нызам бойынша садақалар беретуғын руўханийлер бар.
5. Бирақ, бул руўханийлер аспандағы ҳақыйқый ҳєм мухаддес шатырдың үлгиси ҳєм кѳлеңкеси болған жердеги Мухаддес шатырда хызмет етеди. Себеби Муўса усы Мухаддес шатырды қурыўға кирискенде, Кудай тєрепинен былай деп ескертилген еди: «Абайла, ҳєр бир нєрсени таўда ѳзиңе кѳрсетилген үлги бойынша исле».
6. Ал Ийса бурынғыдан да жақсырақ ўєделерге тийкарланып дүзилген, Кудай менен адамлардың арасындағы жақсырақ келисимниң тєўеллешиси болды. Сонлықтан Ол руўханийлердиң хызметинен анағурлым жоқарырақ хызметке ийе болды.
7. Егер сол биринши келисим кемшиликсиз болғанда, оның орнына екиншисин дүзиўдиң кереги болмас еди.
8. Ал, халқын айыплы деп тапқан Кудайдың сѳзлери мынадай: «Жаратқан Ийемиз былай дейди: „Мен Израил халқы ҳєм Яҳудия халқы менен, Жаңа келисим дүзетуғын күнлер жақынлады.
9. Бул келисим Мен олардың ата-бабаларының қолынан услап, Мысыр елинен алып шыққан ўақтымда, Олар менен дүзген келисим сыяқлы болмайды. Ѳйткени олар Мениң келисимиме садық болмады. Сонда Мен де олардан жүзимди терис бурдым.
10. Сол күнлерден соң, Израил халқы менен дүзетуғын келисимим мынаў: Нызамларымды олардың сана-сезимлерине салып, Жүреклерине ойып жазып қояман. Мен олардың Кудайы боламан, Олар Мениң халқым болады.
11. Ҳеш кимниң жанындағы адамға, Я болмаса, ѳз туўысқанына, Ийемизди бил, деп үйретиўине ҳєжет жоқ. Себеби кишкенесинен үлкенине дейин, Олардың ҳєммеси Мени билетуғын болады.
12. Мен олардың наҳақ ислерин реҳимлилик пенен кеширемен, Гүналарын қайтып есиме алмайман“».
13. Кудай «жаңа келисим» деп, бурынғысының гѳнерген кѳрсетти. Гѳнерген нєрсе кѳп ѳтпей жоқ болады.
1. Биринши келисим дєўиринде сыйыныў қағыйдалары ҳєм адамның қолынан қурылған Мухаддес шатыр бар еди.
2. Курылған сол Мухаддес шатырдағы «Мухаддес бѳлме» деп аталатуғын биринши бѳлмеде шыра қойғыш, стол ҳєм столдың үстинде Кудайға усынылған нанлар болатуғын еди.
3. Мухаддес шатырдағы екинши пердениң артында «Ең мухаддес бѳлме» деп аталатуғын екинши, ишки бѳлме бар еди.
4. Бул бѳлмеде хош ийисли затлар түтетилетуғын алтыннан исленген орын ҳєм ҳємме жери алтын менен қапланған Келисим сандығы бар еди. Сандықтың ишинде манна салынған алтын гүзе, Харонның бѳрткен ҳасасы ҳєм он буйрық ойып жазылған таслар бар еди.
5. Сандықтың үстинде керуб атлы уллы периштелердиң мүсини бар еди. Олар сандықтың үстиндеги гүналар кеширилетуғын жерди қанатлары менен жаўып туратуғын еди. Бирақ, ҳєзир бул нєрселер ҳаққында бирме-бир айта алмаймыз.
6. Мухаддес шатыр усылай үскенеленген еди. Оның биринши бѳлмесине руўханийлер ҳєр қашан кирип, сыйыныў хызметин орынлайтуғын еди.
7. Ал екинши, ишки бѳлмеге болса, бир жылда бир мєртебе тек бас руўханий ғана кире алатуғын еди. Ол ѳзи менен бирге сол жерге ѳзиниң гүналарының ҳєм халықтың билмей ислеген гүналарының кеширилиўи ушын шалынған қурбанлықтың қанын алып кириўи тийис еди.
8. Бул арқалы Мухаддес Руўх бизлерге мынаны билдиреди: Мухаддес шатырдың биринши бѳлмеси еле бар екен, Ең мухаддес бѳлмеге баратуғын жол жабық болады.
9. Бул ҳєзирги заман ушын тымсал болып, берилген садақалар ҳєм қурбанлықлардың Кудайға сыйынатуғын адамның ҳүжданын пєклей алмайтуғынын кѳрсетеди.
10. Булар тек жеўге, ишиўге ҳєм ҳєр қыйлы диний тазаланыў үрдислерине байланыслы нєрселер болып, жаңа дүзим пайда болғанға дейин күшке ийе болған сыртқы қағыйдалар ғана.
11. Бирақ Масих пайда болған жақсы нєрселердиң бас руўханийи болып келип, қолдан соғылмаған, яғный бул дүньядағы жаратылыстан болмаған уллырақ ҳєм минсиз Мухаддес шатырға кирди.
12. Масих теке ҳєм баспақлардың қаны менен емес, ал Ѳз қаны менен Ең мухаддес бѳлмеге биринши ҳєм соңғы мєртебе кирип, бизлерге мєңгилик қутқарылыў алып келди.
13. Бурын ҳарамланып қалғанлардың денесиниң пєк болыўы ушын, олардың үстилерине теке менен ѳгизлердиң қаны ҳєм қашарлардың күли себилип, оларды мухаддес қылатуғын еди.
14. Ал енди болса, мєңгилик Мухаддес Руўх арқалы Ѳзин минсиз қурбанлық қылып Кудайға бағышлаған Масихтың қаны бизлердиң тири Кудайға хызмет ете алыўымыз ушын, ҳүжданымызды ѳлимге жетелеўши ислерден тазалаўы сѳзсиз.
15. Солай етип, Кудай тєрепинен шақырылғанлардың ўєде етилген мєңгилик мийрасты алыўы ушын, Масих Кудай менен адамлардың арасында дүзилген жаңа келисимниң тєўеллешиси болды. Ѳйткени Ол адамларды биринши келисимниң ўақтында ислеген гүналарынан қутқарыў ушын, Ѳзин қурбан етти.
16. Ўєсият бар жерде ўєсият еткен адамның ѳлимин тастыйықлаў да керек болады.
17. Ўєсият тек адамның ѳлиминен соң ғана күшке ийе болады. Ўєсият еткен адам тири болса, ол ҳеш қандай күшке ийе емес.
18. Сонлықтан биринши келисим де қан тѳгилгеннен кейин күшке енди.
19. Муўса Мухаддес Нызамның ҳєр бир буйрығын халыққа жєриялағаннан соң, баспақ ҳєм текелердиң суў қосылған қанына қызыл жүн ҳєм иссоп шѳбин малып алып, келисим китабының да, пүткил халықтың да үстине септи де:
20. «Бул – Кудайдың сизлер менен дүзген келисимин бекитетуғын қан», – деди.
21. Сондай-ақ, ол Мухаддес шатырдың ҳєм сыйынғанда қолланылатуғын барлық затлардың үстине де қан септи.
22. Ҳақыйқаттан да, Мухаддес Нызам бойынша дерлик ҳємме нєрсе қан менен тазаланады. Кан тѳгилмесе, гүна кеширилмейди.
23. Солай етип, аспандағы ҳақыйқый нєрселердиң үлгиси болған бул нєрселер усылай тазаланыўы керек еди. Бирақ аспандағы нєрселер болса, оннан да жақсырақ қурбанлықлар менен тазаланыўы тийис.
24. Себеби Масих аспандағы ҳақыйқый ҳєм мухаддес шатырдың үлгиси болған, қолдан қурылған Мухаддес шатырға емес, ал туўры аспанға кирип, ҳєзир бизлер ушын Кудайдың алдында тур.
25. Малдың қаны менен Ең мухаддес бѳлмеге жыл сайын киретуғын бас руўханий сыяқлы, аспанға кирген Масихқа Ѳзин қайта-қайта қурбан етиўдиң кереги жоқ.
26. Егер олай болмағанда, дүнья жаратылғаннан баслап Масихтың қайта-қайта азап шегиўи тийис болар еди. Бирақ Масих Ѳзин қурбан етип, гүнаны жоқ қылыў ушын, заманның ақырында тек бир мєртебе жерге келди.
27. Бир мєртебе ѳлип, оннан соң ҳүким етилиў адамлардың тєғдирине жазылған.
28. Сол сыяқлы, Масих та кѳплердиң гүналарын жуўыў ушын, биринши ҳєм соңғы мєртебе қурбан болды. Екинши мєртебе болса, Ол гүналарды жуўыў ушын емес, ал Ѳзин интизарлық пенен күтип атырғанларды толық қутқарыў ушын келеди.
1. Мухаддес Нызам келешектеги жақсы нєрселердиң ҳақыйқый келбети емес, ал кѳлеңкеси ғана. Сонлықтан усы Мухаддес Нызам бойынша ҳєр жылы үзликсиз берилетуғын бирдей қурбанлықлар Кудайға сыйынатуғынларды ҳеш қашан толық пєклей алмайды.
2. Егер толық пєклей алса, қурбанлық берилиў тоқтатылмас па еди? Ѳйткени сыйыныўшылар бир мєртебе гүналарынан тазаланғанынан соң, оларда қайтып гүнакарлық сезими қалмаған болар еди.
3. Бирақ усы қурбанлықлар адамларға жыл сайын гүналарын есине түсиреди.
4. Себеби ѳгизлер менен текелердиң қаны гүналарды жоқ қыла алмайды.
5. Сол себептен Масих дүньяға келип, Кудайға былай деген еди: «Курбанлық пенен садақаны Сен қєлемедиң, Бирақ, Мен ушын бир дене таярладың.
6. Жағылған садақаларды ҳєм гүна ушын берилген қурбанлықларды Сен хош кѳрмедиң.
7. Сонда Мен былай дедим: „Оралған китапта Мен туўралы жазылғандай, О Кудай, Сениң қєлеўиңди орынлаў ушын, Мине, Мен келдим“».
8. Тѳмендегилердиң Мухаддес Нызам бойынша берилетуғынына қарамастан, Масих алдын: «Курбанлықларды, садақаларды, жағылған садақаларды ҳєм гүна ушын берилген қурбанлықларды Сен қєлемедиң ҳєм оларды хош кѳрмедиң», – деген еди.
9. Соңынан Масих: «Сениң қєлеўиңди орынлаў ушын, Мен келдим», – деди. Яғный, Ол екинши келисимди орнатыў ушын, биринши келисимди бийкар етти.
10. Кудайдың усы қєлеўи бойынша, Ийса Масих Ѳз денесин биринши ҳєм соңғы мєртебе қурбан етиўи арқалы бизлер мухаддес қылындық.
11. Ҳєр бир руўханий ҳєр күни хызметте турып, бирдей қурбанлықларды қайта-қайта береди. Бирақ бул қурбанлықлар гүналарды ҳеш қашан жоқ қыла алмайды.
12. Ал бизлердиң бас руўханийимиз Масих гүналар ушын мєңгиликке татырлы тек бир қурбанлық берип, Кудайдың оң тєрепине отырды.
13. Ол сол ўақытлардан бери, Ѳз душпанларының аяқларының астына басылыўын күтпекте.
14. Ѳйткени Ол мухаддес қылынғанларды тек бир қурбанлық пенен мєңгиликке минсиз қылды.
15. Мухаддес Руўх та бул ҳаққында бизлерге гүўалық береди. Єўели Ол былай деген:
16. «Жаратқан Ийемиз былай дейди: „Сол күнлерден соң, Олар менен дүзетуғын келисимим мынаў: Нызамларымды олардың жүреклерине салып, Сана-сезимлерине ойып жазып қояман“».
17. Соңынан Ол қосымша қылып, былай дейди: «Олардың гүналарын ҳєм нызамсыз ислерин қайтып есиме алмайман».
18. Демек, гүналар кеширилген болса, енди олар ушын қурбанлық бериўдиң де кереги жоқ.
19. Сонлықтан ҳєй туўысқанларым, Ийсаның қаны себепли аспандағы Ең мухаддес бѳлмеге кириўге бизлерде батыллық бар.
20. Ол бизлерге Мухаддес шатырдағы перде арқалы, яғный Ѳз денеси арқалы сол Ең мухаддес бѳлмеге кириўге жаңа ҳєм тири жол ашып берди.
21. Усы Ийса – Кудайдың шаңарағын басқаратуғын бизлердиң уллы руўханийимиз.
22. Сол себептен Оның қаны менен ҳүжданымыз айыплаған ислерден жанымызды тазалап ҳєм денемизди таза суў менен жуўып, толық исеним менен шын жүректен Кудайға жақынлайық.
23. Ѳзлеримиз ашық мойынлаған үмитимизди екиленбей беккем сақлайық. Себеби ўєде берген Кудай садық.
24. Бир-биримизге ғамхор болып, бир-биримизди сүйиспеншиликке ҳєм жақсы ислер ислеўге руўхландырайық.
25. Айырым адамлардың єдетке айландырғанындай, жыйналысларымызды қалдырмайық. Керисинше, Ийемиз келетуғын сол күнниң жақынлағанын билип, бир-биримизди еле де кѳбирек жигерлендирип барайық.
26. Ѳйткени егер бизлер ҳақыйқатты билгенимизден соң да, биле тура гүна ислеўди даўам етсек, онда енди гүналар ушын берилетуғын басқа қурбанлық жоқ.
27. Тек ҳүкимди ҳєм Кудайға қарсы болғанларды жандырып жоқ қылатуғын лаўлаған отты қорқыныш пенен күтиў ғана қалады.
28. Муўсаның Нызамын тєн алмай бузған адам еки ямаса үш гүўаның гүўалығы менен аяўсыз түрде ѳлтирилетуғын еди.
29. Енди бир ойланып кѳриңлер, Кудайдың Улын аяқ асты етип, ѳзин мухаддес қылған қанды, яғный келисимди бекиткен қанды қєдирсиз кѳрген ҳєм Кудайдың мийиримли Руўхын масқаралаған адам буннан да аўырырақ жазаға ылайықлы болмай ма?
30. Себеби бизлер «Ѳш алыў Мениң қолымда, сазайын Ѳзим беремен» ҳєм жєне де «Жаратқан Ийемиз Ѳз халқын ҳүким етеди», – деген Кудайды билемиз.
31. Тири Кудайдың қолына түсиў қаншелли қорқынышлы!
32. Ал сизлер ѳзлериңизге ҳақыйқатлық нуры түскеннен соң, азап-ақыретлерге толы гүреске шыдаған дєслепки күнлериңизди еске түсириңлер.
33. Гейбир ўақытлары ѳзлериңиз ел-журт алдында масқара етилип, жєбир шегетуғын едиңлер. Ал айырым ўақытлары усындай аўҳалға түскенлердиң ҳєсиретин бѳлисетуғын едиңлер.
34. Сизлер исеним себепли қамақта болғанлардың да дєртлерине шерик болдыңлар. Ѳзлериңизди еле де жақсырақ ҳєм мєңгиге бар болатуғын мал-мүлик күтип турғанын билип, мал-мүлкиңиздиң талан-тараж қылыныўын қуўаныш пенен қабыл еттиңлер.
35. Солай етип, усы беккем исенимиңизди жойтпаңлар. Ѳйткени ол ушын алатуғын сыйыңыз үлкен.
36. Кудайдың қєлеўин орынлап, ўєде етилгенди алыўыңыз ушын, сизлерге сабырлылық керек болады.
37. Себеби Кудай бир пайғамбары арқалы былай деген: «Енди аз-маз ўақыттан кейин, Келетуғын тез арада келеди, Ол кешикпейди.
38. Маған тийисли ақланған адам исеними менен жасайды, Егер ол арқаға шегинсе, оған кеўлим толмайды».
39. Бизлер арқаға шегинип набыт болатуғынлардан емеспиз. Ал, исенип қутқарылатуғынларданбыз.
1. Исеним – бул үмит етилген нєрселердиң ємелге асатуғынына ҳєм кѳринбейтуғын затлардың бар екенине гүмансыз исениў.
2. Ата-бабаларымыз усындай исеними себепли, Кудай тєрепинен хошаметленди.
3. Бизлер исенимимиз себепли, дүньяның Кудайдың сѳзи менен жаратылғанын түсинемиз. Солай етип, кѳринбейтуғын нєрселерден кѳринетуғын нєрселер пайда болған.
4. Исеними себепли, Абыл Кудайға Каиннан гѳре жақсырақ қурбанлық берди. Ол исеними себепли ақланған адам деп саналып, Кудай тєрепинен хошаметленди. Ѳйткени Кудай оның берген садақаларын қабыл етти. Абыл ѳлген болса да, оның исеним менен ислеген иси еле үлги болып келмекте.
5. Исеними себепли, Енок ѳлим кѳрмей-ақ жоқарыға алынды. Оны ҳеш ким таба алмады, себеби Кудай оны жоқарыға алған еди. Ол жоқарыға алыныўға дейин оның Кудайға унаған адам екени ҳаққында гүўалық берилди.
6. Исеним болмаса, Кудайға унаў мүмкин емес. Ѳйткени ким де ким Кудайға жақынламақшы болса, Оның бар екенине ҳєм Оның Ѳзин излегенлерди сыйлықлайтуғынына исениўи тийис.
7. Исеними себепли, Нух еле болмаған нєрселер туўралы Кудай тєрепинен ескертилгенде, Кудайдан қорқып, шаңарағының қутқарылыўы ушын, кеме соқты. Ол бул арқалы дүньяны ҳүким етти ҳєм исеними себепли ақланыўға еристи.
8. Исеними себепли, Ибрайым ўєде етилген елге кетиў ушын шақырылғанда, Кудайдың сѳзине бойсынып, қай жерге кетип баратырғанын билмесе де, жолға шықты.
9. Ибрайым ўєде етилген елге орналасқанда, исеними себепли жат жерли адамдай болып жасады. Ѳзи менен бирдей ўєдеге шерик болған Ысақ ҳєм Яқып пенен, ол шатырларда ѳмир кеширди.
10. Себеби ол дѳретиўшиси де, қурыўшысы да Кудай болған, беккем тийкарға ийе қаланы күтетуғын еди.
11. Исеними себепли, Сараның нєсилсиз болыўына ҳєм ѳзиниң жасы ѳткенине қарамай, Ибрайым єке болыў мүмкиншилигине еристи. Ѳйткени ол ўєде еткен Кудайдың садық екенине исенди.
12. Солай етип, бир адамнан, яғный қартайып нєсилсизленип қалған Ибрайымнан аспандағы жулдызлар сыяқлы, теңиз жағасындағы қум сыяқлы есап-сансыз єўладлар пайда болды.
13. Алдын айтылған бул адамлардың ҳєммеси де ѳмирлериниң ақырына дейин исенимин сақлап қалды. Ўєде етилгенлерди алмаса да, оларды узақтан кѳрип қуўанды. Олар ѳзлериниң жер жүзинде жат ҳєм қонақ адамлар екенин ашық мойынлады.
14. Усылай сѳйлеген адамлар ѳз ўатанын излеп жүргенин кѳрсетеди.
15. Егер олар ѳзлери таслап кеткен елди ўатаным деп ойлай бергенде, сол жерге қайтып барыўға жол табар еди.
16. Бирақ, олар жердеги ўатаннан да жақсырағын, яғный аспандағы ўатанды єрман ететуғын еди. Сол себептен Кудай олардың Кудайы болыўға арланбайды. Себеби Ол олар ушын бир қала таярлап қойыпты.
17. -
18. Ибрайым сыналғанда, исеними себепли улы Ысақты қурбанлыққа берди. Кудай Ибрайымға: «Сениң урпағың Ысақ арқалы даўам етеди», – деген ўєдени берген болса да, ол жалғыз улын қурбан етпекши болды.
19. Ѳйткени Ибрайым Кудай ѳлилерди де тирилте алады, деп исенди. Астарлап айтқанда, ол Ысақты ѳлимнен қайтарып алды.
20. Исеними себепли, Ысақ келешекте болатуғын нєрселерди болжап, уллары Яқып ҳєм Исабқа пєтиясын берди.
21. Яқып ѳлеринен алдын исеними себепли, Юсуптың еки улына бирме-бир пєтиясын берди ҳєм ҳасасының ушына сүйенип, Кудайға сыйынды.
22. Юсуп ѳлеринен алдын исеними себепли, Израил балаларының Мысырдан шығатуғынын болжап айтты ҳєм оларға кетеринде ѳзиниң сүйегин алып кетиўди буйырды.
23. Муўса туўылғанда, ата-анасы исеними себепли, оны үш ай жасырып қойды. Себеби баланың айрықша екенин кѳрди ҳєм патшаның пєрманынан қорқпады.
24. Муўса ержеткенде, исеними себепли, Фараонның қызының баласы деп аталыўдан ўаз кешти.
25. Ол ўақытша гүнакар ѳмирдиң кєйип-сапасын сүриўдиң орнына, Кудайдың халқы менен бирге жєбир шегиўди таңлады.
26. Масих себепли хорланыўды Мысырдың ғєзийнелеринен де уллырақ байлық деп санады. Ѳйткени ол алажақ сыйын күтетуғын еди.
27. Исеними себепли, ол патшаның қєҳєринен қорқпай, Мысырды таслап кетти. Кѳринбейтуғын Кудайды кѳргендей, ол мєрт еди.
28. Туңғышларды набыт қылған периште израиллыларға қол тийгизбесин деп, Муўса исеними себепли, Кутқарылыў байрамының қурбанлығының шалыныўын ҳєм оның қанының қапыларға себилиўин буйырды.
29. Исеними себепли, израиллылар Кызыл теңизди қурғақ жерден ѳткендей кешип ѳтти. Мысырлылар да усылай ислемекши болып ҳєрекет еткенде, суўға батып кетти.
30. Исеними себепли, израиллылар Ерихо қаласының єтирапын жети күн айланғанда, қала дийўаллары қулады.
31. Сонда исеними себепли, бузық ҳаял Раҳаб та Кудайға бойсынбайтуғын адамлар менен бирге ѳлтирилмеди. Себеби ол жансызларды жыллы жүзлик пенен қабыл алған еди.
32. Жєне не айтайын? Гедеон, Барак, Самсон, Еффа, Даўыт, Самуел ҳєм барлық пайғамбарлар ҳаққында айтып отырыў ушын ўақтым жетпейди.
33. Исеними себепли, олар патшалықларды жеңди, єдиллик орнатты, ўєде етилген нєрселерди алды ҳєм арысланлардың аўызларын тосып қойды.
34. Лаўлаған отты сѳндирди, қылыш жүзинен қашып қутылды. Ҳєлсирегенде Кудайдан күш алды, саўашта қүдиретли болды ҳєм жаў єскерлерин қыйратты.
35. Исеними себепли, ҳаяллар ѳз марҳумларын тирилген ҳалда қайтарып алды. Ал айырымлары еле де жақсырақ тирилиўге ерисиў ушын, азатлықтан ўаз кешти ҳєм азапланып ѳлтирилди.
36. Жєне гейбиреўлери масқараланып, қамшы жеди, ҳєтте, шынжырлар менен байланып, қамаққа салынды.
37. Исеними себепли, олар тас пенен урылды, пышқы менен кесилип екиге бѳлинди, қылыштан ѳткерилип ѳлтирилди. Кой ҳєм ешкиниң терилерин жамылып, сергиздан болып жүрди, жоқшылықта жасады, қыйыншылықларға ушырады ҳєм хорлық кѳрди.
38. Дүнья бул адамларға ылайық емес еди! Олар шѳллерди, таўларды, үңгирлерди ҳєм тѳлелерди гезип себил болды.
39. Олардың ҳєммеси де исеними себепли Кудай тєрепинен хошаметленген болса да, ўєде етилгенди алмады.
40. Ѳйткени Кудай бизлер ушын буннан да жақсырақ нєрсени таярлап қойғанлықтан, олар бизлерсиз минсизликке ериспеди.
1. Минекей, бизлерди қоршаған усындай кѳп санлы гүўалар топары бар екен. Сонлықтан бизлер де кесент беретуғын ҳєр бир жүкти ҳєм ѳзлеримизге тез жабысатуғын гүнаны таслап, Кудай алдымызға қойған жарыста шыдамлылық пенен жуўырайық.
2. Исенимимиздиң тийкарын салыўшы ҳєм оны минсизликке еристириўши Ийсаға кѳз тигейик. Ол Ѳзин күтип турған қуўаныш ушын, атанақ ағашта шегелениўдиң шермендешилигин писент етпей ѳлимге барып, Кудайдың тахтының оң тєрепине отырды.
3. Гүнакарлардың усындай қарсылықларына шыдаған Ийсаны ойлаңлар. Сонда ҳалдан тайып, руўхый түскинликке түспейсизлер.
4. Сизлер гүнаға қарсы гүресте қаныңыз тѳгилгенше гүрескен жоқсыз-ғо.
5. Кудайдың Ѳз улларына сѳйлегендей қылып, сизлерге айтқан мына ақыл-нєсиятын умыттыңыз: «Улым! Жаратқан Ийемиздиң тєрбиясына итибарсыз қарама, Ол сени єшкаралағанда, руўхыңды түсирме.
6. Себеби Ол сүйген адамын тєрбиялайды, Улы қылып қабыл еткен ҳєр бир адамын жазалайды».
7. Тєрбияланыў ушын шегип атырған азапларыңызға шыдаңлар. Кудай сизлерге Ѳз балаларындай қатнас жасап атыр-ғо. Єкеси тєрепинен тєрбияланбайтуғын ул бола ма?
8. Ҳєр бир адам алатуғын тєрбияны алмай атырған болсаңыз, онда сизлер ҳақыйқый уллар емес, ал некесиз туўылған балаларсыз.
9. Сондай-ақ, бизлерди тєрбиялаған дүньядағы єкелеримизди бизлер ҳүрмет ететуғын едик. Ондай болса, руўхый Єкемиз болған Кудайға еле де кѳбирек бойсынып жасаўымыз керек емес пе?
10. Єкелеримиз бизлерди ѳзлери дурыс деп ойлаған жол бойынша қысқа ўақыт ишинде тєрбиялады. Бирақ Кудай Оның мухаддеслигине шерик болыўымыз ушын, бизлердиң пайдамызды ойлап тєрбиялайды.
11. Тєрбиялаў ушын берилген ҳєр бир жаза ўақтында қуўаныш емес, ал қапагершилик алып келеди. Бирақ кейин ала ол усылай тєрбияланған адамларға тынышлық бериўши ҳақлық алып келеди.
12. Солай етип, түскен еңсеңизди кѳтерип, аяқларыңызда тик турыңлар.
13. Араңызда исеними ақсағанлар жаман жолға түспей туўрыланыўы ушын, дүзиў жол менен жүриңлер.
14. Ҳємме менен татыў болып жасаўға ҳєм мухаддес болыўға тырысыңлар. Мухаддесликке ийе болмай турып, ҳеш ким де Ийемизди кѳрмейди.
15. Араңыздағы ҳеш бириңиз Кудайдың мийриминен айырылып қалмаўы ушын ҳєм араңызда сизлерге зыян тийгизип, кѳплерди зєҳєрлейтуғын ашшы тамыр кѳгерип шықпаўы ушын, бир-бириңизге жақсылап қараңлар.
16. Ишиңизде ҳеш ким бузықшылық ислемесин ямаса туңғышлық ҳуқықын бир аўқат ушын сатқан Исаб сыяқлы қудайсыз болмасын.
17. Хабарыңыз бар, Исаб соңынан єкесиниң пєтиясын алыўды қєлегенде, тилеги қабыл етилмеди. Ол кѳз жасларын тѳгип жалбарынса да, ѳзи ислеп қойған исти ѳзгерте алмады.
18. Сизлер жақынлаған таў – кѳзге кѳринетуғын, лаўлап жанған, қараңғылық пенен түнекке шѳккен, даўыл басқан,
19. кєрнай сести ҳєм Кудайдың сѳзи жаңлаған Синай таўы емес. Кудайдың сол даўысын еситкенлер бизлерге қайтып айтылмасын, деп жалбарынған еди.
20. Ѳйткени олар: «Егер таўға, ҳєтте, малдың туяғы тийсе де, тас пенен урып ѳлтирилсин», – деген буйрықтан қорқып, шыдай алмады.
21. Бул кѳринис соншелли қорқынышлы болғанлықтан, Муўса да: «Жүдє қорқып, дирилдеп баратырман», – деген еди.
22. Бирақ сизлер Сион таўына, яғный тири Кудайдың қаласы – аспандағы Ерусалимге, ондағы мың-мыңлаған периштелердиң қуўанышлы жыйынына
23. ҳєм атлары аспанда жазылған, Кудайдың туңғыш балалары сыяқлы болған биринши исениўшилер жыйнағына жақынладыңлар. Сизлер жєне де ҳємме адамды ҳүким етиўши Кудайға, минсизликке ерискен ҳақ адамлардың руўхларына,
24. жаңа келисимниң тєўеллешиси Ийсаға ҳєм Абылдың қанынан да артық болған Ийсаның кеширим беретуғын себилген қанына жақынладыңлар.
25. Абайлы болыңлар, сѳйлеп турған Кудайға қулақ аспай кетпеңлер. Оның тапсырмасы менен жер бетинде ескертип сѳйлеген Муўсаға қулақ аспаған Израил халқы жазадан қашып қутыла алмаған еди. Егер бизлер де аспаннан ѳзлеримизге ескертип сѳйлеп турған Кудайға қулақ аспасақ, буннан да аўырырақ жазадан қалай қашып қутыла аламыз?
26. Кудай Синай таўында сѳйлегенде, Оның даўысы жерди силкиндирип жиберген еди. Ол тағы да: «Жєне бир мєртебе тек жерди емес, ал аспанды да силкиндиремен», – деп ўєде берген еди.
27. «Жєне бир мєртебе» деген сѳзлер силкинбейтуғын нєрселердиң мєңгиге қалыўы ушын, силкинетуғын нєрселердиң, яғный жаратылған нєрселердиң жоқ болатуғынын аңлатады.
28. Солай етип, бизлер силкинбес патшалыққа ерискенимиз ушын шүкирлик билдирип, Кудайға унамлы түрде, Оған ҳүрмет ҳєм қорқыныш пенен сыйынайық.
29. Себеби бизиң Кудайымыз – жандырып жоқ қылатуғын от.
1. Бир-бириңизди туўысқанларша сүйиўди даўам етиңлер.
2. Миймандослықты умытпаңлар. Ѳйткени айырымлар усылай ислеп, ѳзлери билмей, периштелерди қонақ қылған.
3. Камақта болғанларды ѳзлериңиз олар менен бирге тутқын болғандай есте тутыңлар. Жєне де, азап шегип атырғанларды да ѳзлериңиз азап шегип атырғандай ядыңыздан шығармаңлар.
4. Ҳєммеңиз некеге ҳүрмет пенен қараңлар. Некеңиздиң тѳсеги гүна менен былғанбасын. Себеби Кудай бузықшылық ислегенлерди ҳєм неке ҳадаллығын бузғанларды ҳүким етеди.
5. Ақшаны сүйиўден аўлақ болып жасаңлар. Ѳзлериңизде барға қанаат етиңлер. Ѳйткени Кудай былай деген: «Сени ҳеш қашан таслап кетпеймен, Ҳеш қашан қалдырмайман».
6. Сонлықтан бизлер батырлық пенен былай деймиз: «Жаратқан Ийем маған жєрдем береди, мен қорқпайман, Адам маған не ислей алады?»
7. Сизлерге Кудайдың сѳзин айтқан жетекшилериңизди еске түсириңлер. Олардың қалай жасағанына ҳєм ѳмириниң ақыры қандай болғанына қарап, олардың исениминен ѳрнек алыңлар.
8. Ийса Масих кеше, бүгин ҳєм мєңгиликке бирдей.
9. Ҳєр түрли жат тєлийматларға берилип, азғырылмаңлар. Кеўилдиң аўқатқа байланыслы қағыйдаларды орынлаў менен емес, ал Кудайдың мийрими менен беккемленгени жақсы. Бундай қағыйдаларды орынлаўшылар ҳеш қандай пайда кѳрмеди.
10. Бизлердиң қурбанлық шалынатуғын орнымыз бар. Оның үстинде Ийса Масих бизлер ушын қурбан болды. Мухаддес шатырда хызмет ететуғын яҳудий руўханийлериниң сол қурбанлықтан пайда кѳриўге ҳақысы жоқ.
11. Яҳудий бас руўханийи гүна ушын қурбанлыққа берилген маллардың қанын Ең мухаддес бѳлмеге апарады. Ал шалынған маллардың денеси елаттың сыртында ѳртеп жибериледи.
12. Сол сыяқлы Ийса да Ѳз қаны менен адамларды мухаддес қылыў ушын, қала дєрўазасының сыртында азап шекти.
13. Олай болса, бизлер де Оның кѳрген хорлығын бѳлисиўимиз ушын, елаттың сыртына шығып, Оған барайық.
14. Себеби бул жерде бизлердиң мєңгилик қаламыз жоқ. Бизлер келешекте аспаннан түсетуғын қаланы єрман етемиз.
15. Сонлықтан Ийса арқалы Кудайға үзликсиз мақтаўларымызды қурбанлық сыпатында усынайық. Яғный, Оның атына деген алғысларымыз аўзымыздан түспесин.
16. Жақсылық ислеўди ҳєм ѳзлериңизде болған нєрсени басқалар менен бѳлисиўди умытпаңлар. Ѳйткени бундай қурбанлықлар Кудайға унайды.
17. Жетекшилериңиздиң сѳзлерин тыңлаңлар ҳєм оларға бойсыныңлар. Себеби олар сизлер ушын Кудайға есап беретуғын адамлар болғанлықтан, жанларыңызды қараўыллайды. Олар бул хызметин қуўаныш пенен, налымай атқарыў ушын, оларға қулақ асыңлар. Болмаса, ѳзлериңиз зыян кѳресизлер.
18. Бизлер ушын дуўа етиңлер. Бизлер ѳзлеримиздиң пєк ҳүжданға ийе екенимизге ҳєм ҳєр тєреплеме ҳадал ѳмир сүриўди қєлейтуғынымызға исенемиз.
19. Єсиресе жаныңызға тез қайтып барыўым ушын дуўа етиўиңизди ѳтиниш етемен.
20. Ѳз қанын тѳгип, мєңгилик келисимди бекитиўи арқалы қойлардың уллы Шопаны болған Ийемиз Ийсаны тынышлық бериўши Кудай ѳлимнен тирилтти.
21. Усы Кудай Оның еркин орынлаўыңыз ушын, сизлерге ҳєр бир жақсы нєрсени жеткизсин. Ѳзине унайтуғын нєрсени Ол Ийса Масих арқалы бизлерде ємелге асырсын. Масихқа мєңгиге даңқ болсын! Аўмийин.
22. Туўысқанларым, сизлерге ѳтиниш етемен, усы нєсият сѳзлеримди қабыл етиңлер. Ѳйткени мен сизлерге қысқаша жаздым.
23. Туўысқанымыз Тимофейдиң азат етилгенин билиўиңизди қєлеймен. Ол жақын арада жаныма келсе, оның менен бирликте сизлерди кѳриўге бараман.
24. Жетекшилериңиздиң ҳєммесине ҳєм пүткил исениўшилерге сєлем айтыңлар. Италиядан келгенлер сизлерге сєлем айтып атыр.
25. Кудайдың мийрими ҳєммеңизге яр болсын!