Инжил Каракалпак

Салоникалыларға жазылған екинши хат

1. Єкемиз Кудайға ҳєм Ийемиз Ийса Масихқа тийисли болған Салоника исениўшилериниң жємєєтине, Павел, Сила ҳєм Тимофейден сєлем!
2. Єкемиз Кудайдың ҳєм Ийемиз Ийса Масихтың мийрими ҳєм тынышлығы сизлерге яр болсын!
3. Туўысқанлар! Сизлер ушын ҳємме ўақытта Кудайға шүкирлик етиў парызымыз. Усылай ислеўимиз орынлы. Себеби исенимиңиз күн сайын ѳсип, ҳєр қайсысыңыздың бир-бириңизге деген сүйиспеншилигиңиз артып бармақта.
4. Сонлықтан бизлер басыңыздан кешип атырған барлық қуўдалаў ҳєм азап-ақыретлер ўақтындағы сизлердиң сабырлылығыңыз ҳєм исенимиңиз ушын Кудайдың жємєєтлеринде сизлер менен мақтанамыз.
5. Булардың ҳєммеси Кудайдың єдил жазасының белгиси. Нєтийжеде, шегип атырған азабыңыз ушын сизлер Кудайдың Патшалығына ылайықлы деп саналасызлар.
6. Кудай єдил: сизлерге азап бергенлерге Ол азап пенен жуўап қайтарады.
7. Азап шегип атырған сизлерге болса, бизлер менен бирге тынышлық береди. Булардың ҳєммеси Ийемиз Ийса Ѳзиниң қүдиретли периштелери менен жалынлаған от ишинде аспанда кѳрингенде жүз береди.
8. Сонда Ийемиз Ийса Кудайды билмейтуғынларды ҳєм Ѳзи ҳаққында Хош Хабарға бойсынбағанларды жазалайды.
9. Олар мєңги набыт болыўға ҳүким етилип, Ийемиздиң жүзинен ҳєм қүдиретли салтанатынан алыслатылады.
10. Ийемиз келген күни Ѳз мухаддеслери тєрепинен уллыланып, пүткил исениўшилер тєрепинен алғысланады. Олардың арасында сизлер де боласызлар. Ѳйткени бизлердиң Ол ҳаққында берген гүўалығымызға исендиңлер.
11. Сонлықтан сизлер ушын бєрқулла дуўа етип атырмыз: Кудайымыз сизлерди Ѳзи шақырған ѳмирге ылайықлы қылсын, ҳєр түрли жақсы арзыў-єрманыңызды ҳєм исенимге тийкарланған ҳєр бир исиңизди Ѳз қүдирети менен ємелге асырсын.
12. Солай етип, Кудайымыздың ҳєм Ийемиз Ийса Масихтың мийрими менен, Ийемиз Ийсаның аты сизлер арқалы уллылансын ҳєм сизлер де Ол тєрепинен мєртебели болыңлар.
1. Туўысқанлар! Енди Ийса Масихтың қайта келиўине ҳєм бизлердиң Оның алдына жыйналыўымызға байланыслы сизлерден мыналарды ѳтинемиз.
2. Ийемиздиң күниниң єлле қашан келгенин айтқан ҳєр қандай пайғамбаршылық, сѳз ямаса бизлер жибергендей етип кѳрсетилген хат себепли ақылдан дєрҳал азып, тєшиўишленбеңлер.
3. Ѳзлериңизди ҳеш кимге ҳеш қандай жол менен алдатпаңлар. Себеби сол күн келиўге дейин дєслеп исенимнен қайтыў басланып, нызамды бузыўшы, яғный тєғдирине набыт болыў жазылған адам пайда болады.
4. Сол адам – Кудайға ямаса адамлар «қудай» деп сыйынатуғын ҳєр бир нєрсеге қарсы шығып, ѳзин ҳєммеден жоқары қояды, ҳєтте, ол Кудайдың Ибадатханасындағы Мухаддесханада отырып, ѳзин «қудайман» деп жєриялайды.
5. Сизлер менен бирге болғанымда усыларды айтқаным еслериңизде жоқ па?
6. Сол адамның ѳз ўақтында пайда болыўына дейин ҳєзир оны не услап турғанын билесизлер.
7. Аўа, нызамсызлықтың сырлы күшлери єлле қашан ҳєрекет етпекте. Бирақ усы күшти услап турыўшы жоқ қылынбағанша, ол ѳз исин даўам ете береди.
8. Буннан соң, нызамды бузыўшы пайда болады. Бирақ Ийемиз Ийса оны аўзынан шыққан деми менен ѳлтиреди ҳєм Ѳзиниң уллы салтанаты менен келгенде жоқ қылады.
9. Сол адам шайтанның күши менен келип, ҳєр түрли қүдирет, жалған белгилер менен таң қаларлық нєрселерди
10. ҳєм набыт болатуғынларды алдаўшы ҳєр түрли жаманлықларды кѳрсетеди. Ѳйткени олар ѳзлериниң қутқарылыўы ушын ҳақыйқатлықты сүйиўден бас тартқанлықтан, набыт болады.
11. Сонлықтан жалғанға исенсин деп, Кудай оларға алдаўшы бир күш жибереди.
12. Солай етип, ҳақыйқатқа исенбей, жаманлықтан рєҳєтленетуғынлардың ҳєммеси ҳүким етиледи.
13. Бирақ бизлер Ийемиз сүйген туўысқанларымыз болған сизлер ушын ҳємме ўақыт Кудайға шүкирлик етиўге парызлымыз. Себеби Кудай Мухаддес Руўх тєрепинен мухаддес қылыныўыңыз арқалы ҳєм ҳақыйқатқа исениўиңиз арқалы қутқарылыўыңыз ушын, сизлерди єўел бастан таңлап алған еди.
14. Ийемиз Ийса Масихтың уллылығына ерисиўиңиз ушын, бизлер жєриялаған Хош Хабар арқалы Кудай сизлерди усы қутқарылыўға шақырды.
15. Сол себепли, туўысқанларым, беккем турыңлар! Бизлердиң сѳз ямаса хат арқалы сизлерге үйреткен тєлийматымыз бойынша ис тутыңлар.
16. Ийемиз Ийса Масихтың Ѳзи ҳєм бизлерди сүйип, мийрим-шєпєєти менен бизлерге шексиз жубаныш ҳєм жақсы үмит берген Єкемиз Кудай
17. сизлердиң кеўиллериңизди жигерлендирип, ҳєр қандай жақсы исте де, сѳзде де күш-қуўат берсин.
1. Кулласы, туўысқанлар, Ийемиздиң сѳзи сизлердиң араңызда қалай жайылған болса, еле де солай тезлик пенен жайылып, ҳүрметке бѳлене берсин деп, бизлер ушын дуўа етиңлер.
2. Жаман ҳєм жаўыз адамлардан қутылыўымыз ушын да дуўа етиңлер. Ѳйткени адамлардың ҳєммеси исениўши емес.
3. Бирақ, Ийемиз садық. Ол сизлерге күш-қуўат берип, шайтаннан сақлайды.
4. Ийемиз сизлер менен қарым-қатнаста болғанлықтан, буйырғанларымызды ислеп атырғаныңызға ҳєм ислейтуғыныңызға исенемиз.
5. Ийемиз жүреклериңизди Кудайдың сүйиспеншилигине ҳєм Масихтың сабырлылығына қарай жетелесин.
6. Туўысқанлар! Ийемиз Ийса Масихтың аты менен буйырамыз: бизлерден алған тєлийматты тыңламай, исжақпаслық етип жүрген барлық туўысқанлардан аўлақ жүриңлер!
7. Бизлерден қалай ѳрнек алыўыңыз керек екенлигин ѳзлериңиз билесизлер. Себеби бизлер араңызда болғанымызда, талапсыз жүрген жоқпыз.
8. Ҳеш кимниң нанын бийпул жемедик. Керисинше, ҳеш бириңизге аўырманлығымыз түспесин деп, күни-түни аўыр мийнет еттик.
9. Жєрдемиңизди қабыл етиўге ҳақымыз болмағаны себепли емес, ал сизлер бизлерге еликлесин деп, ѳрнек болыўымыз ушын усылай иследик.
10. Ҳєтте, бизлер сизлер менен бирге болғанымызда: «Ким де ким мийнет етиўди қєлемесе, аўқат та жемесин», – деген буйрықты берген еди.
11. Ѳйткени араңыздағы айырымлардың талапсыз болып, ҳеш жумыс ислемей, басқалардың исине араласып жүргенин еситип атырмыз.
12. Бундай адамларға Ийемиз Ийса Масихтың аты менен жалбарынамыз ҳєм мынаны буйырамыз: тыныш мийнет етип, ѳз нанын ѳзи таўып жесин.
13. Ал сизлер, туўысқанлар, жақсы ис ислеўден жалықпаңлар.
14. Егер бул хаттағы сѳзлеримизге қулақ аспағанлар болса, оны айырып қойыңлар. Оны уялтыў ушын, байланысты үзиңлер.
15. Бирақ, оны душпан деп санамай, туўысқан сыпатында ескертиңлер.
16. Тынышлық бериўши Ийемиздиң Ѳзи сизлерге ҳємме ўақытта, ҳєр қандай жағдайда тынышлық берсин. Ийемиз ҳєммеңизге яр болсын!
17. Мен, Павел, бул сєлемди ѳз қолым менен жазып атырман. Мениң ҳєр бир хатымда бул белги бар. Мен усылай жазаман.
18. Ийемиз Ийса Масихтың мийрими ҳєммеңизге яр болсын!