Инжил Каракалпак

Тимофейге жазылған биринши хат

1. Кутқарыўшымыз Кудайдың ҳєм үмитимиз Масих Ийсаның буйрығы менен Масих Ийсаның елшиси болған мен, Павелден,
2. исенимдеги ҳақыйқый улым болған Тимофейге сєлем! Єкемиз Кудай ҳєм Ийемиз Масих Ийса саған мийрим, реҳим ҳєм тынышлық берсин!
3. Мен Македонияға кетип баратырғанымда саған ѳтиниш еткенимдей, Ефесте қал. Ол жердеги айырым адамларға жалған тєлийматларды үйретпеўди,
4. аңызлар ҳєм шексиз шежирелер менен бєнт болмаўды буйыр. Булар исеним арқалы билинетуғын Кудайдың ислерине пайда бериўдиң орнына, тартысларды келтирип шығарады.
5. Ал бул буйрықтың мақсети болса – пєк жүректен, таза ҳүжданнан ҳєм ҳақыйқый исенимнен сүйиспеншиликти пайда етиў.
6. Гейбир адамлар булардан жүз бурып, бос гєплерге ерип адасты.
7. Олар нызам муғаллими болыўды қєлейди, бирақ нени сѳйлеп ҳєм нени табан тиреп тастыйықлап атырғанын түсинбейди.
8. Дурыс қолланған адам ушын Мухаддес Нызам пайдалы екенин бизлер билемиз.
9. Жєне де, Мухаддес Нызам ҳақ адамлар ушын емес, ал нызамды бузыўшылар ҳєм бойсынбайтуғынлар, қудайсызлар ҳєм гүнакарлар, мухаддес емеслер ҳєм мухаддес нєрселерди сыйламайтуғынлар, ата-анасын ѳлтиретуғынлар, адам ѳлтириўшилер,
10. бузықлар, ѳз жынысындағы адам менен қосылыўшылар, адамды урлап сатыўшылар, ѳтирикшилер, жалған гүўалық бериўшилер ҳєм дурыс тєлийматқа қарсы ис қылатуғын басқа ҳємме ушын қолланылатуғынын билемиз.
11. Дурыс тєлиймат болса, алғыс-мақтаўларға ылайық Кудайдың уллы Хош Хабарына тийкарланған. Усы Хош Хабарды Кудай маған исенип тапсырды.
12. Маған күш-қуўат берип қойған Ийемиз Масих Ийсаға миннетдаршылық билдиремен. Себеби Ол мени садық деп есаплап, Ѳз хызметине тайынлады.
13. Бир ўақытлары мен Оған тил тийгизиўши, қуўдалаўшы ҳєм залым адам болсам да, Ол маған мийрим-шєпєєтин берди. Ѳйткени менде ҳақыйқый исеним болмағанлықтан, не ислеп жүргенимди билмейтуғын едим.
14. Бирақ Ийемиздиң мийрими Масих Ийсадағы исеним ҳєм сүйиспеншилик пенен бирликте мениң үстиме мол-мол болып тѳгилди.
15. «Масих Ийса бул дүньяға гүнакарларды қутқарыў ушын келди», – деген сѳзлер исенимли ҳєм ҳємме адамлар тєрепинен қабыл қылыныўға ылайықлы сѳзлер. Мен ѳзимди гүнакарлардың ишиндеги ең жаманыман деп есаплайман.
16. Бирақ, мен гүнакарлардың ишиндеги ең жаманы болсам да, Масих Ийса маған реҳим етти. Кейинирек Ѳзине исенип, мєңгилик ѳмирге ерисетуғынларға ѳрнек болыўым ушын, Ол маған шексиз сабырлығын кѳрсетти.
17. Мєңгилик Патшаға, ѳлмейтуғын ҳєм кѳринбейтуғын жалғыз Кудайға мєңгиге ҳүрмет ҳєм даңқ болсын! Аўмийин.
18. Улым Тимофей! Сен туўралы алдын айтылған пайғамбаршылық сѳзлерине тийкарланып, саған буйыраман: усы сѳзлер бойынша жақсы єскер сыяқлы ис-ҳєрекет ет.
19. Исенимиңди ҳєм ҳүжданыңды таза сақла. Айырымлар ҳүжданын сатып, исениминен айырылды.
20. Олардың арасында Гименей ҳєм Искендер де бар. Кудайға тил тийгизбеўди үйренсин деп, мен оларды жємєєттен шығарып, шайтанның қолына тапсырдым.
1. Ең алды менен исениўшилерге мынаны үйретиўиңди ѳтиниш етемен: олар Кудай алдында ҳємме адамлар ушын сорап, дуўа етип, жалбарынып, миннетдаршылық билдирсин.
2. Патшалар ҳєм басшылар ушын да дуўа етсин. Сонда бизлер Кудайдың жолы менен ҳадал жасап, парахат ҳєм тыныш ѳмир сүремиз.
3. Бул ис жақсы болып, Кутқарыўшымыз Кудайға унайды.
4. Себеби Ол ҳємме адамлардың қутқарылыўын ҳєм ҳақыйқатлықты билиўин қєлейди.
5. Кудай жалғыз ҳєм Кудай менен адамлардың арасындағы Тєўеллеши, Ѳзи адам болған Масих Ийса да жалғыз.
6. Ол Ѳзин ҳємме адамлар ушын қурбан қылды. Бул арқалы Ол Кудайдың ҳємме адамларды қутқарыўды қєлейтуғынын белгиленген ўақытта дєлилледи.
7. Мен усы ушын Масих Ийса тєрепинен хабаршы ҳєм елши болып тайынланып, басқа миллетлерге исеним ҳєм ҳақыйқатлық ҳаққында үйрететуғын муғаллим болдым. Мен алдап атырған жоқпан, ҳақыйқатын айтып турман.
8. Жємєєтдеги ер адамларға ашыўланбаўды ҳєм тартыспаўды, ал ҳємме жерде мухаддес қолларын кѳтерип дуўа етиў кереклигин үйретиўиңди қєлеймен.
9. Ҳаяллар да шашларына артықша сєн бермей, ѳзлерин алтынлар, ҳинжилер ямаса қымбат кийимлер менен емес, ал сыпайы кийим, єдеп ҳєм ийбе менен безесин.
10. Керисинше, олар Кудайдан қорқып жасайтуғын ҳаялларға ылайықлы жақсы ислер менен ѳзлерин кѳркем қылсын.
11. Ҳаял тыныш ҳєм толық бойсынған ҳалда тєлим алсын.
12. Ҳаялдың тєлим берип, ер адамды басқарыўына рухсат етпеймен. Ҳаял тыныш болсын.
13. Ѳйткени дєслеп Адам-ата, соңынан Ҳаўа-ене жаратылды.
14. Жєне де, Адам-ата емес, ал ҳаял алданып, гүна иследи.
15. Бирақ, ҳаял исеним, сүйиспеншилик ҳєм мухаддеслик пенен, єдепли болып жасаса, бала туўыўы арқалы қутқарылады.
1. «Егер ким де ким жємєєт жетекшиси болыўды аңсаса, жақсы исти арзыў еткени», – деген сѳзлер ҳақыйқат.
2. Солай етип, жємєєт жетекшиси айыпсыз, бир ҳаяллы, салмақлы, ѳзин тутып билетуғын, ҳүрметли, миймандос ҳєм тєлим бериўге қєбилетли болыўы шєрт.
3. Жєне де, ол мєскүнемликке берилген, қызба, жєнжелкеш, пайдакүнем болмай, ал мүлєйим,
4. ѳз үйин жақсы басқаратуғын, балаларына сѳзин тыңлатып, ѳзин ҳүрмет еттире алатуғын адам болыўы лазым.
5. Себеби ѳз үйин басқара алмайтуғын адам Кудайдың жємєєтине қалай ғамхорлық қыла алады?
6. Жетекши жақында исенген адам болмаўы тийис. Олай болса, ол мақтанып кетип, шайтан сыяқлы жазаға дуўшар болыўы мүмкин.
7. Жєне де, ол айыпланып, шайтанның дузағына түспеўи ушын, жємєєттиң сыртындағы адамлардың алдында жақсы атқа ийе болыўы керек.
8. Сол сыяқлы, жємєєт хызметшилери де мєскүнемликке берилген, ҳарам пайданы гѳзлейтуғын адам болмай, бир сѳзли ҳєм ҳүрметли адамлар болыўы шєрт.
9. Олар исенимниң терең ҳақыйқатлығын билип, таза ҳүждан менен ис-ҳєрекет етиўи тийис.
10. Бул хызметшилер де дєслеп сынақтан ѳтиўи лазым. Егер айыпсыз болса, хызметке қойылсын.
11. Сондай-ақ, олардың ҳаяллары да ѳсекши болмай, ҳүрметли, салмақлы ҳєм ҳємме исте исенимли болсын.
12. Жємєєт хызметшилери бир ҳаяллы, балаларын ҳєм ѳз үй-ишин жақсы басқаратуғын адамлар болсын.
13. Хызметин жақсы атқарған хызметшилер жоқары мєртебеге ериседи ҳєм Масих Ийсаға деген исенимде үлкен батырлыққа ийе болады.
14. Мен жақын арада сениң жаныңа барыўдан үмит етемен. Бирақ егер кешиксем,
15. Кудайдың шаңарағында исениўшилердиң қалай ис тутыўы кереклигин билиўиң ушын, саған усы хатты жазып атырман. Кудайдың шаңарағы – ҳақыйқат тиреги ҳєм тийкары болған тири Кудайдың жємєєти.
16. Кудайдың жолының сыры уллы екени сѳзсиз. Келди Масих адам денесинде, Мухаддес Руўх тєрепинен ҳақ деп тастыйықланды Ол, Периштелерге кѳринди, Ол ҳаққында жєрияланды миллетлерге, Дүньяда Оған исенди, Ол жоқарыға алынды салтанат пенен.
1. Мухаддес Руўх анық айтпақта: соңғы ўақытларда гейбир адамлар алдаўшы руўхларға ҳєм жинлердиң тєлийматларына қулақ асып, исенимнен қайтады.
2. Бундай тєлийматлар ҳүждансыз болған еки жүзли ѳтирикшилер тєрепинен тарқалады.
3. Бул ѳтирикшилер үйлениўди ҳєм турмысқа шығыўды қадаған етеди, жєне де, айырым азық-аўқатларды жемеўди буйырады. Деген менен, ҳақыйқатты билетуғын исениўшилердиң миннетдаршылық билдирип жеўи ушын, Кудай бул нєрселерди жаратқан-ғо.
4. Кудай жаратқан ҳєр бир нєрсе жақсы ҳєм егер миннетдаршылық пенен қабыл етилсе, ҳеш нєрсеге тыйым салынбаўы керек.
5. Ѳйткени бизлер ҳєр бир нєрсени Кудайдың сѳзи бойынша ҳєм дуўа етиў арқалы мухаддес деп қабыл етемиз.
6. Егер буларды туўысқанларға нєсиятласаң, онда сен исенимниң ҳєм ѳзиң тутынған жақсы тєлийматтың сѳзлери менен азықланған, Масих Ийсаның жақсы хызметшиси боласаң.
7. Жарамас ҳєм мєниссиз гєплерден аўлақ болып, ѳзиңди Кудай жолында шынықтырып бар.
8. Денени шынықтырыўдың пайдасы аз. Ал Кудайдың жолында шынығыў ҳєр тєреплеме пайдалы. Себеби бул арқалы ҳєзир ҳєм келешекте ѳмир бериледи.
9. Бул сѳзлер исенимли ҳєм ҳєр тєреплеме қабыл етилиўге ылайықлы.
10. Соның ушын бизлер аўыр мийнет етип, азап шекпектемиз. Ѳйткени ҳємме адамлардың, єсиресе исениўшилердиң Кутқарыўшысы болған тири Кудайдан үмит етемиз.
11. Сен усыларды буйыр ҳєм үйрет.
12. Жассаң деп, ѳзиңди ҳеш кимниң кемситиўине жол қойма. Керисинше, сѳйлеген сѳзиң, жасаў тєризиң, сүйиспеншилигиң, исенимиң ҳєм пєклигиң менен исениўшилерге ѳрнек бол.
13. Мен жаныңа барғанымша, исениўшилер жємєєтине Мухаддес Жазыўларды оқыўға, үгит-нєсият етиўге ҳєм үйретиўге ѳзиңди бағышла.
14. Ақсақаллар жыйыны сениң үстиңе қол қойып дуўа еткенде, ѳзиңе пайғамбаршылық арқалы берилген руўхый сыйды пєс кѳрме.
15. Усыны ис жүзинде қоллан ҳєм табысларыңды ҳємме кѳриўи ушын, ѳзиңди буған толық бағышла.
16. Ѳзиңе ҳєм берип атырған тєлимиңе дыққат аўдар, усы ислериңди даўам ет. Усылай ислесең, ѳзиңди де, сени тыңлайтуғынларды да қутқарасаң.
1. Ѓарры адамға урыспа, ал оны єкеңдей кѳрип, нєсият бер. Жас жигитлерди иниңдей,
2. жасы үлкен ҳаялларды анаңдай, жас ҳаял-қызларды єжапаң ҳєм қарындасыңдай кѳрип, толық пєклик пенен ақыл-нєсият бер.
3. Ҳақыйқаттан қєўендерсиз болған жесир ҳаялларды ҳүрмет ет.
4. Бирақ, егер бир жесир ҳаялдың балалары ямаса ақлықлары болса, олар ең алды менен Кудайдың жолы менен жүрип, ѳз үй-ишине ғамхорлық кѳрсетиўди, єке-шешеси менен кемпир апа ҳєм атасының алдында парызын ѳтеўди үйренсин. Себеби бул Кудайға унайды.
5. Ҳақыйқаттан қєўендерсиз, жалғыз қалған жесир ҳаял Кудайдан үмит қылып, күни-түни Оған жалбарынып дуўа етеди.
6. Бирақ тек кєйип-сапа менен жасайтуғын жесир ҳаял – тири ѳлик.
7. Айыпланбаўы ушын, оларға усыларды ескертип қой.
8. Егер ким де ким ѳз ағайин-туўғанларына, єсиресе үй-ишиндегилерге қарамаса, ол исенимнен жүз бурған адам болып, исенбейтуғын адамнан да бетер болғаны.
9. Жесирлер дизимине жазылатуғын жесир ҳаял тек бир мєртебе турмысқа шыққан, жасы алпыстан кем болмаған болыўы керек.
10. Сондай-ақ, ол жақсы ислери менен ат шығарған болып: балаларын жақсы тєрбиялаған, миймандос болған, исениўшилерге кишипейиллик пенен хызмет еткен, қыйыншылықта болғанларға жєрдем берген ҳєм ийгиликли ислерге ѳзин бағышлаған болыўы тийис.
11. Жас жесир ҳаяллардың атларын дизимге жазба. Ѳйткени олардың Масихқа деген садықлығынан дене қєлеўлери үстин болып, жєне турмысқа шығыўды ойлайды.
12. Солай етип, олар алдын берген ўєделерин бузып, жазаға дуўшар болады.
13. Буннан тысқары, олар үйме-үй жүрип, ўақытларын бийкар ѳткизиўди єдетке айландырады. Олар тек ериншек болып қалмай, ѳсек те айтады ҳєм керек емес нєрселерди сѳйлеп, басқалардың исине араласады.
14. Сонлықтан жас жесир ҳаяллар турмысқа шығып, бала туўыўын ҳєм хожалық жумысларын меңгерип, душпанлардың ѳсек қылыўына себеп туўдырмаўын қєлеймен.
15. Себеби олардың гейбиреўлери єлле қашан азғырылып, шайтанның изине ерип кетти.
16. Егер исениўши бир ҳаялдың жесир қалған жақынлары болса, оларға жєрдем етсин, исениўшилер жємєєтине аўырманлық салмасын. Сонда исениўшилер жємєєти ҳақыйқаттан қєўендерсиз қалған жесирлерге жєрдем ете алады.
17. Жємєєтти жақсы басқаратуғын ақсақаллар, єсиресе Кудайдың сѳзин жєриялап ҳєм үйретип, мийнет етип атырғанлар еки есе ҳүрметке ылайықлы болсын.
18. Ѳйткени Мухаддес Жазыўда: «Түйек айдаған ѳгиздиң аўзын буўма» ҳєм «Жумысшы ѳз мийнет ҳақысына ылайықлы», – делинген.
19. Еки ямаса үш гүўа болмаса, бир ақсақалға қойылған айыпламаны қабыл етпе.
20. Басқалар қорқыўы ушын, гүна ислегенлерди ҳєммениң алдында єшкара қыл.
21. Кудайдың, Масих Ийсаның ҳєм таңланған периштелердиң алдында саған ескертип атырман: ҳеш кимди айырмай, тек бир тєрепке болыспай, усы буйырғанларымды орынла.
22. Биреўди хызметке алыў ушын, оның үстине қол қойып дуўа еткениңде, асығыслық қылма. Басқалардың гүналарына шерик болма: ѳзиңди таза тут.
23. Буннан былай, тек суў ишпей, асқазаның ҳєм жийи-жийи болып туратуғын аўырыўларың ушын, аз ғана шарап та иш.
24. Айырым адамлардың гүналары белгили болып, оларды ҳүким етилиўге алып келеди. Басқалардың гүнасы болса, соңынан мєлим болады.
25. Сол сыяқлы, жақсы ислер де белгили. Ал ҳєзир белгили болмаса да, жасырын қалмайды.
1. Кудайдың атына ҳєм тєлийматына тил тиймеў ушын, қуллық мойынтырығы астында болғанлардың ҳєммеси ѳз хожайынларын толық ҳүрметке ылайықлы деп санасын.
2. Хожайынлары исениўши болған қуллар болса, туўысқанбыз-ғо деп, ҳүрметсизлик қылмай, керисинше, оларға жєне де жақсырақ хызмет етсин. Себеби олардың бул жақсы хызметинен пайда кѳретуғын хожайынлар – сүйикли исениўшилер-ғо. Усыларды үйретип, нєсиятла.
3. Ким де ким ѳзге тєлийматты үйретип, Ийемиз Ийса Масихтың ҳақыйқат сѳзлерин ҳєм Кудайдың жолына тийкарланған тєлийматты мақулламаса,
4. ол менмен ҳєм ҳеш нєрсени билмейтуғын адам болғаны. Айтысыў ҳєм тартысыў кеселине жолыққан бундай адамның гєплери күншиллик, алаўызлық, ѳсек ҳєм жаман гүманларды келтирип шығарады.
5. Ақыл-ойлары уўланған, ҳақыйқатлықты жойтқан, Кудайға хызмет етиў арқалы байыўға болады, деп ойлайтуғын бул адамлар арасында бєрқулла тартыслар болады.
6. Ѳзиңде барға қанаат етип, Кудайдың жолы менен жүриў – үлкен жетискенлик.
7. Ѳйткени бизлер бул дүньяға ҳеш нєрсе алып келмедик ҳєм оннан ҳеш нєрсе де алып кете алмаймыз.
8. Жейтуғын ҳєм кийетуғын нєрселеримиз болса, усыларға қанаат етейик.
9. Ал байымақшы болғанлар азғырылыўға ушырайды. Олар адамларды бєлеге жолықтырып набыт қылатуғын кѳп мєниссиз ҳєм зыянлы ҳєўеслердиң дузағына илинеди.
10. Себеби ҳєр түрли жаманлықтың негизи – ақшаны сүйиў. Айырымлар ақшаның изине түсип, исенимнен қайтты ҳєм ѳзлерин кѳп азапларға дуўшар етти.
11. Ҳєй, Кудайдың адамы, сен бул нєрселерден аўлақ бол. Ал ҳақлыққа, Кудайдың жолы менен жүриўге, исенимге, сүйиспеншиликке, сабырлыққа ҳєм мүлєйимликке умтылып жаса.
12. Исеним ушын болатуғын жақсы гүресте жан-тєниң менен ҳєрекет етип, мєңгилик ѳмирди жеңип ал. Ѳйткени Кудай сени усы мєңгилик ѳмир ушын шақырған ҳєм сен кѳплеген гүўалар алдында исенимиңди ашық тєн алғансаң.
13. Ҳєммеге ѳмир беретуғын Кудайдың ҳєм Понтий Пилат тергегенде турақлылық пенен гүўалық берген Масих Ийсаның алдында саған мынаны буйыраман:
14. Ийемиз Ийса Масих келгенше, ѳзиңе берилген буйрықларды орынлап, минсиз ҳєм айыпсыз бол.
15. Кудай Ѳзи белгилеген ўақытта Ийса Масихтың қайта келиўин кѳрсетеди. Кудай – алғыс-мақтаўларға ылайықлы жалғыз Ҳєким, патшалар Патшасы, ҳүкимдарлар Ҳүкимдары.
16. Жалғыз Кудайдың ғана басында ѳлим жоқ. Ол ҳеш ким жақынлай алмайтуғын нурда жасайды, Оны ҳеш ким кѳрмеген ҳєм кѳриўи де мүмкин емес. Ҳүрмет ҳєм мєңгилик күш-қүдирет Оныки болсын! Аўмийин.
17. Бул дүньядағы бай адамларға менмен болмаўды ҳєм ѳткинши байлықтан үмит етпеўди буйыр. Ал олар рєҳєт кѳриўимиз ушын бизлерге ҳємме нєрсени мол-мол етип беретуғын Кудайдан үмит етсин.
18. Оларға жақсылық ислеўди, жақсы ислер менен бай болыўды ҳєм ѳзинде барын басқалар менен бѳлисип, сақый болыўды да тапсыр.
19. Сонда олар ҳақыйқый ѳмирге ийе болыўы ушын, ѳзлерине келешекте беккем таяныш болатуғын ғєзийне топлайды.
20. Ҳєй Тимофей, саған исенип тапсырылғанды сақла. Жарамас сѳзлерден, ѳтириктен «билим» деп аталып, ҳақыйқатқа қарсы туратуғын тєлийматлардан аўлақ бол.
21. Себеби айырым адамлар бул жалған билимге берилип, исенимнен қайтты. Кудайдың мийрими сизлерге яр болсын!