Инжил Каракалпак

Салоникалыларға жазылған биринши хат

1. Єкемиз Кудайға ҳєм Ийемиз Ийса Масихқа тийисли болған Салоника исениўшилериниң жємєєтине, Павел, Сила ҳєм Тимофейден сєлем! Сизлерге Кудайдың мийрими ҳєм тынышлығы яр болсын!
2. Дуўа еткенимизде сизлерди тилге алып, бєрқулла ҳєммеңиз ушын Кудайға шүкирлик билдиремиз.
3. Кудай Єкемиздиң алдында исенимиңиздиң жемиси болған ис-ҳєрекетиңизди, сүйиспеншилигиңизге тийкарланған мийнетиңизди ҳєм Ийемиз Ийса Масихқа деген үмитиңизден пайда болған шыдамлылығыңызды үзликсиз еске аламыз.
4. Кудай сүйген туўысқанларым! Оның сизлерди таңлап алғанын бизлер билемиз.
5. Себеби сизлерге жєрияланған Хош Хабар тек сѳз бенен ғана емес, ал қүдирет, Мухаддес Руўх ҳєм толық исеним менен жеткизилди. Сизлердиң пайдаңыз ушын араңызда қалай жасағанымызды билесизлер.
6. Кѳп азап-ақыретлерге қарамай, сизлер Мухаддес Руўхтың берген қуўанышы менен Кудайдың сѳзин қабыл етип, бизлерге ҳєм Ийемизге еликлеўшилер болдыңлар.
7. Солай етип, Македония ҳєм Ахаядағы пүткил исениўшилерге сизлер үлги болдыңлар.
8. Ѳйткени Ийемиздиң сѳзи сизлерден тарқап, Кудайға деген исенимиңиз ҳаққында хабар тек Македония ҳєм Ахаяға емес, ал ҳємме жерге жетип барды. Сонлықтан бизлердиң бул ҳаққында бир нєрсе айтыўымызға ҳєжет қалмады.
9. Себеби олардың ѳзлери бизлерди қаншелли жақсы қабыл алғаныңызды ҳєм ҳақыйқый тири Кудайға хызмет етиў ушын қалай бутларды таслап, Кудайға қайтқаныңызды айтып берди.
10. Жєне бизлерди келешектеги қєҳєрли жазадан қутқаратуғын Кудайдың Ѳзи ѳлимнен тирилткен Улы Ийсаның аспаннан келиўин күтип атырғаныңызды да олар сѳз етти.
1. Туўысқанлар! Сизлерге болған сапарымыздың босқа кетпегенин ѳзлериңиз де билесиз.
2. Бирақ ѳзлериңизге мєлим, буннан алдын Филипте азап шегип, масқараланыўға дуўшар болған едик. Деген менен, күшли қарама-қарсылықларға қарамастан, Кудайдың Хош Хабарын сизлерге жєриялаў ушын, бизлер Кудайымыздан мєртлик алып туратуғын едик.
3. Ѳйткени бизлердиң ақыл-нєсиятымыз ѳтирик ямаса напєк нийет ҳєм ҳийлеге негизленбеген еди.
4. Керисинше, Кудай бизлерди минєсип кѳрип, бизлерге Хош Хабарды исенип тапсырды. Сонлықтан бизлер адамларға емес, ал кеўиллеримизди сынайтуғын Кудайға унаў ушын Хош Хабарды жєриялап жүрмиз.
5. Хабарыңыз бар, бизлер ҳеш қашан жағымпазлық сѳзлери ямаса пайдакүнемлик нықабы менен келмедик. Кудай буған гүўа.
6. Жєне бизлер ҳеш кимнен: я сизлерден, я басқалардан ҳүрмет-мақтаў излеп жүрген жоқпыз.
7. Масихтың елшилери сыпатында сизлерге аўырманлық салыўымызға болар еди. Бирақ, балаларына ғамхор болған ана сыяқлы, сизлерге мүлєйим болдық.
8. Сизлерди усылай жақсы кѳрип, сизлерге тек Кудайдың Хош Хабарын емес, ал ѳз жанларымызды бериўге де қайыл едик. Себеби сизлер бизлер ушын соншелли қєдирли едиңиз.
9. Туўысқанлар! Бизлердиң аўыр мийнетимиз ҳєм қыйыншылықларымыз ядыңызда. Ҳеш бириңизге аўырманлығымыз түспеўи ушын, күни-түни мийнет етип, сизлерге Кудайдың Хош Хабарын жєрияладық.
10. Сиз исениўшилердиң алдында қандай мухаддес, ҳақ ҳєм кемшиликсиз болып жасағанымызға сизлер де, Кудай да гүўа.
11. Хабарыңыз бар, бир єке ѳз балаларына қандай қатнас жасаса, бизлер де сизлердиң ҳєр бириңизге сондай қатнас жасадық.
12. Сизлерге ақыл-нєсият ҳєм жубаныш берип, Ѳз Патшалығына ҳєм салтанатына шақырған Кудайға ылайықлы жасаўды ѳтиниш еттик.
13. Бизлер Кудайға жєне бир нєрсе ушын үзликсиз шүкирлик етемиз. Ѳйткени сизлер Кудайдың сѳзин бизлерден еситип қабыл еткениңизде, буны адамның сѳзи сыпатында емес, ал Кудайдың сѳзи сыпатында қабыл еттиңлер. Бул сѳз ҳақыйқаттан Кудайдың сѳзи болғанлықтан, сиз исениўшилерде ҳєрекет етпекте.
14. Себеби туўысқанлар, сизлер Масих Ийсаға тийисли болған Яҳудиядағы Кудайдың жємєєтлерине еликлеўшилер болдыңлар. Олар яҳудийлерден қандай азап-ақырет кѳрген болса, сизлер де ѳз миллетиңизден сондай азап-ақырет кѳрдиңлер.
15. Ийемиз Ийсаны ҳєм пайғамбарларды ѳлтирген яҳудийлер бизлерди де қуўып шығарды ҳєм олар Кудайды нарийза қылып, пүткил адамларға душпанлық ислеп атыр.
16. Басқа миллетлердиң қутқарылыўы ушын, бизлердиң сѳйлеўимизге олар тосқынлық жасап, ҳєр қашан ѳз гүналарының мѳлшерин толтырып атыр. Бирақ олар ақырында Кудайдың ғєзебине ушырайды.
17. Туўысқанлар, сизлерден аз ўақытқа айра түсирилип, ѳзлеримиз алыста болсақ та, кеўиллеримиз сизлер менен бирге еди. Сизлерди жүдє сағынып, дийдар кѳрисиўге қатты тырыстық.
18. Сонлықтан сизлерге барғымыз келип, єсиресе мен, Павел, бир неше мєрте бармақшы болғанымда, шайтан бизлерге кесент етти.
19. Бизлердиң үмитимиз, қуўанышымыз ҳєм Ийемиз Ийса келгенде, Оның алдында кийетуғын мақтаў тажымыз не? Сизлер емессиз бе?
20. Аўа, мақтанышымыз ҳєм қуўанышымыз сизлерсиз.
1. Солай етип, бизлер артық шыдай алмай, Афинада жалғыз қалыўды уйғардық.
2. Исенимиңизди беккемлеп, сизлерди жигерлендириў ушын, Масихтың Хош Хабарын жєриялайтуғын Кудайдың хызметшиси, туўысқанымыз Тимофейди сизлерге жибердик.
3. Азап-ақыретлер себепли ҳеш ким исенимде силкинбесин деп, бизлер усылай иследик. Азап шегиў тєғдиримизге жазылғаны ѳзлериңизге мєлим.
4. Ѳйткени сизлер менен бирге болғанымызда, азап шегетуғынымызды алдын айтқан едик. Хабарыңыз бар, айтқанымыздай анық солай болды да.
5. Сонлықтан мен де артық шыдай алмай, азғырыўшы сизлерди азғырып, мийнетимиз босқа кетпесин деп, исенимиңиздиң жағдайын билиў ушын Тимофейди сизлерге жибердим.
6. Бирақ, сизлердиң жаныңыздан бизлерге жаңа ғана қайтып келген Тимофей сизлердиң исенимиңиз ҳєм сүйиспеншилигиңиз ҳаққында қуўанышлы хабар алып келди. Бизлерди бєрқулла жақсы ой менен еске алып, бизлердиң сизлерди сағынғанымыздай, сизлердиң де бизлерди сағынып атырғаныңызды айтып берди.
7. Сол себептен туўысқанлар, қыйыншылықлы ҳєм азап-ақыретли жағдайда сизлердиң исенимиңиз себепли жигерленип қалдық.
8. Себеби сизлер Ийемиз бенен беккем байланыста болсаңыз, бизлердиң жанымыз жай табады.
9. Кудайымыздың алдында сизлер себепли алған барлық қуўанышымыздың есесин Оған қанша шүкирлик айтып қайтарсақ та аз.
10. Сизлер менен жүзбе-жүз кѳрисиў ушын ҳєм исенимиңиздеги жетиспеген нєрселерди толықтырыў ушын, күни-түни бар күшимиз бенен дуўа етип атырмыз.
11. Єкемиз Кудайдың Ѳзи ҳєм Ийемиз Ийса сизлерге барыўға жолымызды ашсын!
12. Ийемиз бир-бириңизге ҳєм пүткил адамларға деген сүйиспеншилигиңизди бизлердиң сизлерге деген сүйиспеншилигимиз сыяқлы кѳбейтип арттырсын!
13. Солай етип, Ийемиз Ийса Ѳзиниң пүткил мухаддеслери менен келгенде, Єкемиз Кудайдың алдында мухаддесликте кемшиликсиз болыўыңыз ушын, жүреклериңизди беккемлесин.
1. Енди болса, туўысқанлар, Кудайға унаў ушын қалай жасаў кереклигин сизлер бизлерден үйрендиңиз. Ҳєзир усылай жасап атырсыз да. Бул исте жєне де алға илгерилеўиңизди Ийемиз Ийсаның аты менен сизлерден ѳтиниш етип сораймыз.
2. Ѳйткени Ийемиз Ийсаның бийлиги менен сизлерге қандай жол-жорықларды бергенимизди ѳзлериңиз билесизлер.
3. Кудайдың ерки – сизлердиң мухаддес болыўыңыздан ибарат. Яғный, Ол сизлердиң жынысый бузықшылықтан аўлақ жүриўиңизди,
4. ҳєр бириңиздиң ѳз денесин қєдирлеп, мухаддес қылып сақлаўын
5. ҳєм Кудайды билмейтуғын бутқа табыныўшылар сыяқлы бузық қєлеўлерге берилмеўин қєлейди.
6. Ҳеш ким усындай исте туўысқанына қыянет етип, ҳарамылық ислемесин. Бурын сизлерге айтқанымыз ҳєм ескерткенимиздей, Ийемиз бундай барлық ислер ушын адамларды жазалайды.
7. Себеби Кудай бизлерди ҳарам болып жасаў ушын емес, ал мухаддес болып жасаў ушын шақырды.
8. Солай етип, бул жол-жорықты қабыл алмаған адам адамды емес, ал Мухаддес Руўхын сизлерге берген Кудайды қабыл алмаған болады.
9. Бирақ туўысқанлық сүйиспеншилик ҳаққында биреўдиң сизлерге бир нєрсе жазыўына ҳєжет жоқ. Ѳйткени бир-бириңизди сүйиўди сизлер Кудайдан үйрендиңлер.
10. Сизлер ҳақыйқаттан да пүткил Македониядағы туўысқанлардың ҳєммесин сүйесизлер. Туўысқанлар, бул исте жєне де алға илгерилеўиңизди сизлерден ѳтиниш етемиз.
11. Жєне де, сизлерге жол-жорық бергенимиздей, тыныш ѳмир сүриўди, ѳз исиңизге кеўил бѳлиўди ҳєм қолларыңыз бенен мийнет етиўди мақсет етип қойыңлар.
12. Солай етип, сизлер жємєєттен тыс адамлардың алдында ҳүрмет-иззетли ѳмир сүресизлер ҳєм ҳеш кимнен ғєрезли болмайсызлар.
13. Туўысқанлар! Үмитсиз жасайтуғын басқа адамлар сыяқлы қайғырмаўыңыз ушын, бул дүньядан кѳз жумғанлар ҳаққында сизлердиң хабарсыз қалыўыңызды қєлемеймиз.
14. Себеби бизлер Ийсаның ѳлип, қайта тирилгенине исенемиз. Сол сыяқлы, Ийсаға исенип, бул дүньядан кѳз жумғанларды Кудай Оның менен бирге қайта алып келетуғынына да исенемиз.
15. Ийемиздиң сѳзине тийкарланып, сизлерге мынаны билдиремиз: ҳєзир тири болып жасап атырған бизлер, яғный Ийемиз келемен дегенше тири жүретуғынлар бул дүньядан кѳз жумғанлардан ҳеш артық емеспиз.
16. Ѳйткени Ийемиздиң Ѳзи буйырған бєлент даўыс, бас периштениң сести ҳєм Кудайдың кєрнайы менен аспаннан келгенде, дєслеп Масихқа исенген ѳлилер тириледи.
17. Оннан соң, жасап атырған бизлер, яғный тири қалғанлар олар менен бирликте Ийемизди ҳаўада күтип алыў ушын, бултлар ишине алынып кѳтерилемиз. Солай етип, ҳємме ўақыт Ийемиз бенен бирге боламыз.
18. Мине, усы сѳзлер менен бир-бириңизди жубатыңлар.
1. Туўысқанлар! Бул ўақыялардың ўақыт ҳєм мєўсимлери ҳаққында сизлерге жазыўдың кереги жоқ.
2. Себеби Ийемиздиң күни түнде урының келиўи сыяқлы келетуғынын сизлер анық билесизлер.
3. Адамлар: «Ҳєммеси тыныш ҳєм қєўипсиз», – дегенде, жүкли ҳаялды бирден толғақ тутқандай, олар тосаттан апатқа ушырап, қашып қутыла алмайды.
4. Бирақ туўысқанлар, сизлер қараңғылықта болмағанлықтан, сол күн сизлерди уры түскендей ғапылда қалдырмайды.
5. Сизлердиң ҳєммеңиз нурдың ҳєм күндиздиң балаларысыз. Бизлер түнге ямаса қараңғылыққа тийисли емеспиз.
6. Сонлықтан басқалар сыяқлы уйықламайық, ояў ҳєм сергек болайық.
7. Ѳйткени уйықлайтуғынлар түнде уйықлайды, мєс болатуғынлар да түнде мєс болады.
8. Ал күндизге тийисли болған бизлер сергек болайық, исеним ҳєм сүйиспеншиликти саўыт қылып, қутқарылыўға деген үмитти басымызға дуўлыға қылып кийейик.
9. Себеби Кудай бизлерди Ѳзиниң ғєзебине ушыраўымыз ушын емес, ал Ийемиз Ийса Масих арқалы қутқарылыўымыз ушын тайынлады.
10. Тири болсақ та, ѳли болсақ та, бизлерди Ѳзи менен бирге жасасын деп, Ийса Масих бизлер ушын ѳлди.
11. Сонлықтан ҳєзир ислеп атырғаныңыздай, бир-бириңизди жигерлендирип, бир-бириңиздиң исенимиңизди беккемлей бериңлер.
12. Туўысқанлар! Араңызда мийнет еткенлердиң, яғный Ийемиздиң жолында сизлерге жолбасшылық қылып, ақыл-нєсият бергенлердиң қєдирин билиўиңизди сизлерден ѳтиниш етемиз.
13. Ислеген ислери ушын оларды сүйип, шексиз ҳүрмет етиңлер. Ѳз ара татыў жасаңлар.
14. Сизлерге жалбарынамыз, туўысқанлар, ис жақпасларға ескертиў жасап, жүрексизлерди жигерлендириңлер, күшсизлерге жєрдем берип, ҳєммеге сабырлы болыңлар.
15. Абайлы болыңлар, ҳеш ким жаманлыққа жаманлық пенен жуўап қайтармасын. Керисинше, ҳємме ўақытта бир-бириңизге ҳєм пүткил адамларға жақсылық ислеўге умтылыңлар.
16. Бєрқулла қуўаныңлар.
17. Тынбай дуўа етиңлер.
18. Кандай аўҳал болса да, Кудайға шүкирлик билдириңлер. Ѳйткени Масих Ийсаға тийисли болған сизлерге деген Кудайдың ерки усылар.
19. Мухаддес Руўхтың исин тоқтатпаңлар.
20. Пайғамбаршылық сѳзлерин кемситпеңлер.
21. Бирақ, ҳємме нєрсени сынап кѳриңлер. Жақсылыққа жабысып алыңлар.
22. Ҳєр қандай жаманлықтан қашыңлар.
23. Тынышлық бериўши Кудайдың Ѳзи сизлерди толық мухаддес қылсын: пүткил руўхыңыз, жаныңыз ҳєм денеңизди Ийемиз Ийса Масихтың келиўине кемшиликсиз қылып сақласын.
24. Сизлерди шақырған Кудай садық, Ол усыны ємелге асырады.
25. Туўысқанлар, бизлер ушын дуўа етиңлер.
26. Барлық туўысқанларды мухаддес поса менен сүйип, сєлем айтыңлар.
27. Бул хаттың ҳємме туўысқанларға оқып берилиўин Ийемиздиң аты менен сизлерге қатаң түрде тапсыраман.
28. Ийемиз Ийса Масихтың мийрими сизлерге яр болсын!