Инжил Каракалпак

Титусқа жазылған хат

1. Кудайдың қулы ҳєм Ийса Масихтың елшиси болған мен, Павелден, Титусқа сєлем! Кудайдың таңлаған адамларының исеними беккем болыўы ушын ҳєм ѳзлерин Кудайдың жолы менен алып жүретуғын ҳақыйқатлықты олардың билиўи ушын мен тайынландым.
2. Усы исеним ҳєм ҳақыйқатлықты билиў ѳтирик сѳйлемейтуғын Кудайдың дүнья жаратылмастан бурын ўєде еткен мєңгилик ѳмирин алыў үмитине тийкарланған.
3. Ўақты келгенде, Кудай Ѳз сѳзин жєриялаў арқалы ашып берди. Ал мен усы сѳзди жєриялаў ушын Кутқарыўшымыз Кудайдың буйрығы менен тапсырма алдым.
4. Ортақ исенимимиз бойынша ҳақыйқый улым болған Титусқа Єкемиз Кудай ҳєм Кутқарыўшымыз Ийса Масих мийрим ҳєм тынышлық берсин!
5. Жуўмақланбай қалған ислерди тєртиплестирип, мениң саған буйырғанымдай, ҳєр бир қалада жємєєт ақсақалларын тайынлаўың ушын, сени Критте қалдырған едим.
6. Ақсақал болып тайынланатуғын адам айыпсыз, тек бир ҳаяллы болсын. Оның балалары да исениўши болып, єдепсиз ҳєм тєрбия кѳрмеген, деп айыпланбаўы тийис.
7. Себеби жємєєт жетекшиси Кудайдың хызметшиси сыпатында кемшиликсиз болыўы керек. Ол қайсар, қызба, мєскүнемликке берилген, жєнжелкеш, ҳарам пайданы гѳзлейтуғын болмаўы тийис.
8. Керисинше, ол миймандос, жақсылықты сүйиўши, салдамлы, ҳақ, мухаддес ҳєм ѳзин тутып билетуғын болыўы керек.
9. Жєне де, жємєєт жетекшиси басқаларды дурыс тєлиймат пенен жигерлендириўи ушын ҳєм ҳақыйқатқа қарсы шыққанларды єшкаралаўы ушын, исениўшилерге үйретилген ҳақыйқат сѳзи бойынша ис тутыўы тийис.
10. Ѳйткени ҳақыйқатқа бойсынбайтуғын, пєтиўасыз ҳєм ѳтирикши кѳп адамлар бар. Ондай адамлар єсиресе яҳудий топарлары арасында кѳп.
11. Бундай адамлардың аўзын жаўыў керек. Олар ѳз ҳарам нєпси ушын, үйретиўге болмайтуғын нєрселерди үйретип, барлық хожалықларды бузып жүр.
12. Ҳєтте, критлилердиң ѳз шайыры: «Критлилер бєрқулла ѳтирикшилер, жаўыз ҳайўанлар ҳєм жалқаў ашкѳзлер болған», – деген еди.
13. Бул гүўалық – ҳақыйқат. Сонлықтан исенимде беккем турыўы ушын, оларды қатаң ескертип қой
14. ҳєм оларды яҳудийлердиң мєниссиз аңызларына, ҳақыйқаттан адасқан адамлардың буйрықларына қулақ астырма.
15. Пєк адамлар ушын ҳємме нєрсе пєк. Бирақ, напєк адамлар менен исенбейтуғын адамлар ушын ҳеш бир нєрсе пєк емес. Себеби олардың ақыл-ойлары да, ҳүжданы да ипласланған.
16. Кудайды билемиз, десе де, ислеген ислери менен Оннан танады. Олар – жеркенишли, Кудайдың сѳзине қулақ аспайтуғын ҳєм ҳєр қандай жақсы иске жарамсыз адамлар.
1. Ал саған келсек, сен дурыс тєлиймат бойынша тєлим бер.
2. Үлкен жастағы ер адамларға салдамлы ҳєм ҳүрметке миясар болыўды, ѳзлерин тутып билиўди, исенимде, сүйиспеншиликте ҳєм сабырлылықта беккем болыўды үйрет.
3. Сол сыяқлы, үлкен жастағы ҳаялларға да ҳүрметке ылайықлы ѳмир сүриўди, ѳсекши ҳєм арақтың қулы болмаўды, ал жақсылықты үйретиўши болыўы кереклигин үйрет.
4. Сонда үлкен жастағы ҳаяллар жас ҳаялларға ақыл-нєсият бере алады.
5. Кудайдың сѳзине тил тиймеўи ушын, олар жас ҳаялларға күйеўлерин ҳєм балаларын сүйиўди, ѳзлерин тутып билиўди, пєк, хожалыққа жанкүйер, мийримли болыўды ҳєм күйеўлерине бойсыныўды үйрете алады.
6. Жас ер адамларға да ѳзлерин тыйып билиўди нєсият ет.
7. Жақсы ислер ислеп, оларға ҳєр бир нєрседе ѳрнек бол. Тєлим бергениңде ҳадал ҳєм салдамлы болып,
8. ҳеш ким айыплай алмайтуғын дурыс сѳзлерди сѳйле. Солай етип, саған қарсы шыққанлар бизлер туўралы ҳеш жаман нєрсе айта алмағанлықтан уялып қалады.
9. Кулларға хожайынларына ҳєр бир нєрседе бойсынып, олардың кеўлинен шығыўды, қайтарып сѳйлемей
10. ҳєм урлық ислемей, толық садықлық кѳрсетиўди үйрет. Сонда олар Кутқарыўшымыз Кудайдың тєлийматына ҳєр тєреплеме жақсы ат келтиреди.
11. Ѳйткени Кудайдың қутқаратуғын мийрими пүткил адамларға ашық кѳринди.
12. Бул мийрим бизлерге қудайсызлықтан ҳєм дүньяның жаман ҳєўеслеринен ўаз кешип, ҳєзирги дєўирде ѳзлеримизди тыйып билиўди, ҳақ болыўды ҳєм Кудайдың жолына ылайықлы ѳмир сүриўди үйретеди.
13. Жєне де, ол бизлерге ҳєзирше, мүбєрек үмитимиздиң, яғный уллы Кудайымыз ҳєм Кутқарыўшымыз болған Ийса Масихтың салтанат пенен келиўин күттиреди.
14. Ийса Масих ҳєр бир гүнамыздың тѳлемин ѳтеп қутқарыў ушын ҳєм бизлерди тазалап, Ѳзине тийисли ҳєм жақсылық ислеўге инталы бир халық жаратыў ушын, Ѳзин бизлер ушын қурбан етти.
15. Усыларды толық бийлик пенен үйретип, жигерлендир ҳєм кейи. Ѳзиңди ҳеш кимге кемситпе.
1. Басшыларға ҳєм ҳүкиметке бойсынып қулақ асыўды, ҳєр бир ийгиликли исти ислеўге таяр болыўды,
2. ҳеш кимди ѳсек қылмай ҳєм жєнжелкеш болмай, мүлєйим болып, ҳємме адамларға ҳєр тєреплеме жумсақ қатнаста болыўды исениўшилерге еслетип қой.
3. Себеби бир ўақытлары бизлер де ақылсыз, қулақ аспайтуғын, адасқан, ҳєр түрли жаман ҳєўеслер менен ҳєзликлердиң қулы болған, жаманлық ҳєм күншиллик пенен жасаған, басқалар бизлерди ҳєм бизлер де бир-биримизди жек кѳрген адамлар едик.
4. Бирақ, Кутқарыўшымыз Кудай Ѳз мийримин ҳєм адамға деген сүйиспеншилигин ашық кѳрсеткенде,
5. Ол бизлерди қылған ҳақ ислеримиз себепли емес, ал Ѳз мийрим-шєпєєти менен қутқарды. Бизлерди Мухаддес Руўхы арқалы гүнадан тазалап, қайтадан туўылдырды ҳєм жаңалады.
6. -
7. Оның мийрими менен ақланып, ѳзлеримиз үмит еткен мєңгилик ѳмирдиң мийрасхорлары болыўымыз ушын, Ол Мухаддес Руўхын Кутқарыўшымыз Ийса Масих арқалы мол-мол етип жаўдырды.
8. Бул сѳз – ҳақыйқат. Кудайға исенгенлердиң ѳзлерин жақсы ислерди ислеўге арнаўға тырысыўлары ушын, айтқанларымды талап етиўиңди қєлеймен. Булар – адамлар ушын жақсы ҳєм пайдалы.
9. Бирақ, ақылсыз тартыслар менен шежирелер туўралы сѳзлерден, Мухаддес Нызамға байланыслы айтыс ҳєм жєнжеллерден қаш. Ѳйткени булар пайдасыз ҳєм бийкар нєрселер.
10. Алаўызлық туўдыратуғын адамға бир-еки ескертиў жасағаннан соң, оның менен байланысты үз.
11. Бундай адамның бузылғанын ҳєм ѳз-ѳзин ҳүким етип, гүна ислеп атырғанын билесең.
12. Артемди ямаса Тихикти саған жибергенимде, дєрҳал Никополиске, мениң жаныма келиўге бар күшиңди сал. Себеби қысты сол жерде ѳткизиўге қарар еттим.
13. Нызам хызметкери Зенас пенен Аполосты жолға атландырғаныңда, олар ҳеш бир нєрсеге мүтєж болмаўы ушын ғамхорлық жаса.
14. Мүтєж адамларға жєрдем бериў ушын ҳєм жемиссиз ѳмир сүрмеў ушын, бизиң адамларымыз да жақсы ислерди ислеўге ѳзлерин бағышлаўды үйренсин.
15. Мениң жанымдағылардың ҳєммеси саған сєлем айтып атыр. Ортақ исенимдеги бизлерди сүйетуғынларға сєлем айт. Кудайдың мийрими ҳєммеңизге яр болсын!