Инжил Каракалпак

Яқыптың хаты

1. Мен, Ќудайдың ҳәм Ийемиз Ийса Масихтың қулы Яқыптан, жер жүзине тарқалып кеткен Ќудайдың халқына сәлем!
2. Ҳәй, туўысқанларым, түрли сынаўларға ушырағаныңызда оны үлкен қуўаныш пенен қабыл етиңлер.
3. Себеби исенимиңиздиң сыналыўынан сабырлық пайда болатуғынын билесизлер.
4. Ҳеш бир кемшиликсиз, жетилискен ҳәм минсиз адамлар болыўыңыз ушын толық сабырлық етиңлер.
5. Егер араңыздағы бириңиздиң даналығы кем болса, ҳәммеге сақыйлық пенен, айыпламай беретуғын Ќудайдан сорасын. Ќудай оған береди.
6. Бирақ ҳеш гүманланбастан, исеним менен сорасын. Ѳйткени гүманланған адам самал менен шайқатылып тынышсызланған теңиз толқынына уқсайды.
7. -
8. Ѳзиниң пүткил жолларында турақсыз болған, бундай еки ойлы адам Ийемизден бир нәрсе аламан, деп ойламасын.
9. Тѳмен жасайтуғын туўысқан Ќудайдың ѳзине берген мәртебеси менен мақтансын.
10. Ал бай туўысқан ѳз пәслиги менен мақтансын. Себеби бай адам даладағы гүл сыяқлы солып қалады.
11. Ќуяш шығып, жәзийрама ыссысы менен шѳпти қуўратып таслайды. Оның гүли тѳгилип, кѳркиниң гѳззаллығы жоғалады. Бай адам да усылай ѳз ислери менен солып жоқ болады.
12. Сынаўға шыдаған адам бахытлы! Ѳйткени ол сынаўдан ѳткеннен соң, Ќудайдың Ѳзин сүйетуғынларға ўәде еткен ѳмир тажын алады.
13. Азғырылыўға түскенде ҳеш ким: «Мен Ќудай тәрепинен азғырылып атырман», – демесин. Себеби Ќудай жаманлық пенен азғырыла алмайды ҳәм Оның Ѳзи де ҳеш кимди азғырмайды.
14. Бирақ ҳәр ким ѳзиниң жаман қәлеўлерине берилип, алданып азғырылады.
15. Кейин сол қәлеў ҳәмледар болып, гүнаны туўады. Ал гүна жетилисип, ѳлимди туўады.
16. Ҳәй, сүйикли туўысқанларым, алданбаңлар!
17. Ҳәр қандай жақсы ҳәм минсиз сый жоқарыдан, нурлар Єкеси болған Ќудайдан келеди. Онда ҳеш қандай ѳзгерис ямаса ѳзгериўши кѳлеңке жоқ.
18. Оның жаратқанларының арасында биринши мийўелери болыўымыз ушын, Ол Ѳз қәлеўи бойынша бизлерди ҳақыйқат сѳзи менен ѳмирге еристирди.
19. Сүйикли туўысқанларым, мынаны есте сақлаңлар: ҳәр бир адам еситиўде шаққан, сѳйлеўде ақырын, ғәзеплениўде де ақырын болсын.
20. Ѳйткени адамның ғәзеби Ќудайдың талап еткен ҳақлығын иске асыра алмайды.
21. Сонлықтан ҳәр қандай ипласлықты ҳәм ҳәмме жерди жайлап кеткен жаманлықты таслап, ѳзлериңизде егилген, жанларыңызды қутқара алатуғын Ќудайдың сѳзин кишипейиллик пенен қабыл етиңлер.
22. Сѳзди тек тыңлаўшылар болып, ѳз-ѳзиңизди алдамаңлар, оны орынлаўшылар болыңлар.
23. Егер ким де ким сѳзди тыңлап, оны орынламаса, ол ѳз тәбийғый келбетин айнада кѳрген адамға уқсайды.
24. Себеби ол ѳзин кѳрип болып, кетип қалады ҳәм қандай екенин дәрҳал умытады.
25. Бирақ азатлық бериўши минсиз нызамға анықлап қарайтуғын ҳәм ол бойынша жасайтуғын адам умытшақ тыңлаўшы болмай, оны ис жүзинде қолланады. Бундай адам ѳз ислери менен бахытлы болады.
26. Ѳзин диншил деп есаплап, тилин тыймаған адам ѳзин ѳзи алдаған болады. Оның диншиллиги бос.
27. Єкемиз Ќудайдың алдында пәк ҳәм қәтесиз диншиллик бул – жетим-жесирлерге қыйын күнлеринде жәрдем етип, ѳзин дүньяның напәкликлеринен сақлаў.
1. Ҳәй, туўысқанларым, уллы Ийемиз Ийса Масихқа исеними бар сизлер адамларды алаламаңлар.
2. Егер сизлердиң жыйналысыңызға алтын жүзикли, сәнли кийимлер кийген бир адам менен жупыны кийим кийген бир жарлы адам келсе,
3. сизлер сәнли кийим кийген адамға ҳүрмет кѳрсетип: «Сиз бул жерге, жақсы жерге отырың», ал жарлы адамға болса: «Сен ана жерде тур» ямаса: «Аяқ бетимде отыр» десеңлер,
4. араңызда алалық жасап, жаман нийетли ҳүким шығарыўшылар болып қалмайсызлар ма?
5. Ќулақ салыңлар, сүйикли туўысқанларым: Ќудай бул дүньяда жарлы болғанларды исенимде бай болыўы ҳәм Ѳзин сүйгенлерге ўәде еткен Патшалығының мийрасхорлары болыўы ушын таңламады ма?
6. Бирақ сизлер жарлыны бийабырай қылдыңыз-ғо. Сизлерге зулымлық жасап атырған байлар емес пе? Сизлерди ҳүкимханаларға сүйреп апаратуғын да байлар емес пе?
7. Сизлерге берилген қәдирли атты мазақ қылыўшылар да олар емес пе?
8. Мухаддес Жазыўдағы: «Ѳзиңди сүйгениң сыяқлы, жаныңдағы адамды да сүй», – деген баслы нызамды ҳақыйқаттан орынласаңлар, жақсы қыласызлар.
9. Бирақ адамларды алаласаңлар, гүна ислеп атырған боласызлар ҳәм Мухаддес Нызам алдында жынаятшы сыпатында жазаланасызлар.
10. Ѳйткени ким де ким Мухаддес Нызамды толығы менен орынлап, тек бир нәрседе айыплы болса, ол пүткил Мухаддес Нызамға қарсы гүнакар болады.
11. Себеби «Неке ҳадаллығын бузба», – деген Ќудай, «Адам ѳлтирме», – де деген. Егер сен неке ҳадаллығын бузбасаң да, бирақ адам ѳлтирсең, Мухаддес Нызамға қарсы жынаятшы боласаң.
12. Азатлық бериўши нызам бойынша ҳүким етилетуғынлар сыяқлы сѳйлеңлер ҳәм ис тутыңлар.
13. Ѳйткени ҳүким – реҳимсиз адамға реҳимсиз. Ал реҳим ҳүкимнен үстин.
14. Туўысқанларым, егер ким де ким исеними барлығын айтып, жақсы ислер қылмаса, не пайдасы бар? Бундай исеним оны қутқара ала ма?
15. Бир ер ямаса ҳаял туўысқанымыз жалаңаш қалып, күнделик азығына зар болса,
16. араңыздағы бириңиз оларға: «Аман-есен барың, жылының ҳәм тойың» десе, бирақ денесине керекли затлар бермесе, буннан не пайда?
17. Сол сыяқлы, ислерсиз исеним де ѳз-ѳзинен ѳли.
18. Бирақ биреў: «Сениң исенимиң бар, мениң ислерим бар. Маған ислерсиз исенимиңди кѳрсет, ал мен саған исенимимди ислерим арқалы кѳрсетейин», – дейди.
19. Сен Ќудайдың жалғыз екенине исенесең бе? Жақсы қыласаң. Жинлер де буған исенип, қалтырасады.
20. Ҳәй, ақылсыз адам, ислерсиз исенимиңниң пайдасыз екенин билиўди қәлейсең бе?
21. Бабамыз Ибрайым улы Ысақты қурбанлық шалынатуғын орынға бағышлап, ислери менен ақланбады ма?
22. Кѳрип турғаныңдай, исеними оның ислери менен ҳәрекет етти. Исеними ислери менен кәмал тапты.
23. Солай етип, «Ибрайым Ќудайға исенди ҳәм сол себепли ақланды», – деп жазылған Мухаддес Жазыў орынланып, ол Ќудайдың досты деп аталды.
24. Кѳрип турсызлар, адам тек исеними менен емес, ислери менен ақланады.
25. Сол сыяқлы, жансызларды қабыл етип, оларды басқа жолдан жиберген бузық ҳаял Раҳаб та ѳз ислери менен ақланбады ма?
26. Руўхсыз дене ѳли болғаны сыяқлы, ислерсиз исеним де ѳли.
1. Ҳәй, туўысқанларым! Кѳплериңиз муғаллим бола бермеңлер. Себеби бизлердиң, муғаллимлердиң аўырырақ ҳүким алатуғынымызды билесизлер.
2. Ҳәммемиз кѳп қәте ислеймиз. Егер ким де ким сѳйлегенде қәте қылмаса, ол пүткил денесин бойсындыра алатуғын минсиз адам болғаны.
3. Бизлерге бойсыныўы ушын, атлардың аўызларына суўлық салып, олардың пүткил денесин басқара аламыз.
4. Кемелер де соншелли үлкен болып, күшли самаллар менен жүрсе де, кемешиниң қәлеген жерине жүдә кишкене руль менен бурылады.
5. Сол сыяқлы, тил де денениң кишкене бир мүшеси болса да, кѳп мақтанады. Кишкене бир ушқын соншелли үлкен тоғайды жандырып жибере алады.
6. Тил – бул от, денемиздиң мүшелери арасында бир жаманлық дүньясы. Ол пүткил денемизди ипласлайды ҳәм ѳмиримизди жандырады. Оның ѳзи де дозақ отында жанады.
7. Ҳәр түрли ҳайўанлар, қуслар, жер баўырлаўшылар ҳәм теңиз жаныўарлары адам тәрепинен қолға үйретилген ҳәм қолға үйретилмекте.
8. Бирақ тилди ҳеш бир адам бойсындыра алмайды. Ол тоқтатып болмайтуғын жаманлық болып, ѳлтириўши зәҳәрге толы.
9. Тилимиз бенен Ийемизди, Єкемизди алғыслаймыз. Сол тилимиз бенен Ќудайға уқсатып жаратылған адамларды ғарғаймыз да.
10. Бир аўыздан ҳәм мақтаў, ҳәм ғарғыс шығады. Туўысқанларым, бундай болмаўы керек.
11. Бир булақтан ҳәм душшы, ҳәм ашшы суў шыға ма?
12. Туўысқанларым! Єнжир ағашы зәйтүн ямаса жүзим ағашы әнжир бере ала ма? Ашшы булақ та душшы суў бере алмайды.
13. Араңызда дана ҳәм түсимпаз адам ким? Бундай адам ѳз даналығын жақсы жүрис-турысы арқалы кѳрсетип, кишипейиллик пенен жақсы ислер ислеўи тийис.
14. Бирақ егер жүрегиңизде ашшы күншиллик ҳәм менменлик бар болса, онда мақтанбаңлар, ҳақыйқатқа қарсы жалған сѳйлемеңлер.
15. Бундай «даналық» жоқарыдан түспеген. Бундай «даналық» дүньядан, адам тәбиятынан, шайтаннан.
16. Ѳйткени қай жерде күншиллик ҳәм менменлик бар болса, сол жерде тәртипсизлик ҳәм ҳәр түрли жаманлық болады.
17. Бирақ жоқарыдан түскен даналық бириншиден пәк, соңынан татыў, мүләйим, бойсыныўшы, мийрим-шәпәәтке ҳәм жақсы жемислерге толы. Ол әдалатсыз ҳәм еки жүзли емес.
18. Тынышлық пенен туқым сеўип, тынышлық орнатыўшылар ҳақлық жемисин жыйнап алады.
1. Араңыздағы урыс ҳәм жәнжеллер қаяқтан келип шығады? Денелериңиздиң мүшелеринде урысып атырған қәлеўлериңизден емес пе?
2. Бир нәрсени қәлейсизлер, бирақ ерисе алмайсызлар. Сонлықтан адам ѳлтиресизлер. Күншиллик етесизлер, бирақ қәлегениңизге ерисе алмағанлықтан, жәнжеллесип урысасызлар. Сизлер Ќудайдан сорамағаныңыз ушын, алмай атырсызлар.
3. Сорасаңыз да алмай атырсызлар. Себеби жаман нийет пенен, ѳз нәпсиңизге пайдаланыў ушын сорап атырсызлар.
4. Ҳәй, опасызлар! Дүнья менен дос болыўдың Ќудайға душпанлық екенин билмейсизлер ме? Дүньяның досты болыўды қәлеген адам ѳзин Ќудайға душпан қылады.
5. Мухаддес Жазыўда: «Ќудайдың бизлерге салған Мухаддес Руўхы бизлердиң Ќудайға садық болыўымызды қатты қәлейди», – деп босқа айтылған деп ойлайсызлар ма?
6. Деген менен, Ќудайдың бизлерге беретуғын мийрими және де уллырақ. Сонлықтан Мухаддес Жазыўда: «Ќудай менменлерге қарсы турады, бирақ кишипейиллилерге Ѳз мийримин береди», – делинген.
7. Солай етип, Ќудайға бойсыныңлар! Шайтанға қарсы турыңлар, сонда ол сизлерден қашып кетеди.
8. Ќудайға жақынласыңлар, сонда Ол да сизлерге жақынласады. Ҳәй, гүнакарлар, қолларыңызды гүнадан тазалаңлар! Ҳәй, еки ойлылар, жүреклериңизди пәклеңлер!
9. Ќайғырыңлар, аза тутып, жылаңлар! Күлкиңиз азаға, қуўанышыңыз қайғыға айлансын.
10. Ийемиздиң алдында ѳзлериңизди пәс тутыңлар, Ол сизлерди мәртебели қылады.
11. Туўысқанларым, бир-бириңизди жаманламаңлар! Ѳз туўысқанын жаманлайтуғын ямаса ҳүким ететуғын адам Мухаддес Нызамға қарсы сѳйлеп, оны ҳүким еткен болады. Егер сен Мухаддес Нызамды ҳүким етсең, онда Мухаддес Нызамды орынлаўшы емес, ал оны ҳүким етиўши боласаң.
12. Нызам шығарыўшы ҳәм ҳүким етиўши – жалғыз Ќудай. Тек ғана Ол қутқарыўға ҳәм набыт қылыўға қүдиретли. Ал туўысқаныңды ҳүким ететуғындай, сен ким болыпсаң?
13. Енди «Бүгин ямаса ертең пәлен қалаға кетемиз, ол жерде бир жыл қалып, саўда-сатық ислеп, пайда кѳремиз», – дейтуғынлар, тыңлаңлар!
14. Сизлер ертең не болатуғынын билмейсизлер-ғо. Ѳмириңиздиң ѳзи не? Ол аз ўақыт кѳринип, кейин жоқ болатуғын пуў.
15. Оның орнына: «Егер Ийемиз қәлесе, жасаймыз ҳәм мынаны я ананы ислеймиз», – деп айтыўыңыз тийис.
16. Бирақ сизлер менменсип мақтанасызлар. Ҳәр қандай мақтаншақлық – жаўызлық.
17. Солай етип, ким де ким жақсылық ислеўди билсе де, оны ислемесе, гүна қылған болады.
1. Тыңлаңлар енди, ҳәй байлар, басыңызға түсетуғын бахытсызлықлар себепли ѳкирип жылаңлар!
2. Байлығыңыз ширип, кийимлериңизди күйе жеген.
3. Алтын ҳәм гүмислериңиз тат басқан. Олардың таты сизлерге қарсы гүўалық берип, денеңизди от сыяқлы жейди. Сизлер бул ақырғы күнлерде де байлық үстине байлық жыйнадыңлар.
4. Сизлер егинлериңизди орған жумысшылардың ис ҳақысын жеп қойдыңлар. Мине, сол орақшылардың дады Ќүдиретли Ийемиздиң қулағына жетти.
5. Сизлер жер жүзинде молшылықта жасап, кәйип-сапа шектиңлер. Баўызланатуғын күнде ѳзлериңизди семирттиңлер.
6. Сизлер ѳзлериңизге қарсы турмаған ҳақ адамларды ҳүким етип ѳлтирдиңлер.
7. Солай етип, туўысқанларым, Ийемиз келгенше, сабырлы болыңлар! Єне, дийхан сабырлық етип, биринши ҳәм соңғы жаўынлар жаўғанша, жердиң қымбатлы зүрәәтин күтип атыр.
8. Сизлер де сабырлы болып, беккем турыңлар! Ѳйткени Ийемиздиң келетуғын ўақты жақын.
9. Туўысқанлар, ҳүким етилмеўиңиз ушын бир-бириңизге қарсы наразылық билдирмеңлер. Мине, ҳүким етиўши Ийемиз қапы алдында тур.
10. Ҳәй, туўысқанлар, Ќудайдың атынан сѳйлеген пайғамбарлардың қыйыншылықларда сабырлық еткенинен ѳрнек алыңлар.
11. Сабырлық еткенлерди бизлер бахытлы деп есаплаймыз. Сизлер Аюптың сабырлығы ҳаққында еситтиңлер. Соңында Ийемиздиң ол ушын нелер ислегенин де билесизлер. Ийемиз жүдә мийрим-шәпәәтли ҳәм реҳимли.
12. Ҳәй, туўысқанларым! Ең баслысы, ант ишпеңлер. Я аспан менен, я жер менен, я басқа нәрсе менен ант ишпеңлер. Тек «аўа» ңыз аўа, «яғ» ыңыз яқ болсын. Сонда ҳүким етилмейсизлер.
13. Араңызда азап шегип атырған бар ма? Ол дуўа етсин. Руўхы кѳтериңки адам бар ма? Ол Ќудайға алғыс-мақтаў қосығын айтсын.
14. Араңызда аўырыў адам бар ма? Ол исениўшилер жәмәәтиниң ақсақалларын шақырсын. Олар Ийемиз Ийсаның аты менен оны май менен сылап, ол ушын дуўа етсин.
15. Исеним менен етилген дуўа аўырыўға шыпа береди ҳәм Ийемиз оны аяққа турғызады. Егер ол гүна ислеген болса, гүнасы кешириледи.
16. Солай етип, шыпа табыўыңыз ушын, бир-бириңиздиң алдыңызда гүналарыңызды мойынлаңлар ҳәм бир-бириңиз ушын дуўа етиңлер. Ҳақ адамның дуўасы жүдә күшли тәсирге ийе.
17. Илияс та бизлер сыяқлы бир адам еди. Жаўын жаўмасын деп, ол күшли дуўа еткенде, жерге үш жыл, алты ай жаўын жаўмады.
18. Ол және дуўа етти. Сонда аспаннан жаўын жаўып, жер ѳним берди.
19. Ҳәй, туўысқанларым! Араңызда бир адам ҳақыйқат жолынан адасса, бириңиз оны ҳақыйқатқа қайтарса,
20. билсин, бир гүнакарды надурыс жолдан қайтарған адам бир жанды ѳлимнен қутқарған ҳәм кѳп гүналарды жуўған болады.