Инжил Каракалпак

Юханның екинши хаты

1. Мен, Юхан ақсақалдан, Кудай тєрепинен таңланған ханымға ҳєм оның балаларына сєлем! Мен сизлерди шын жүректен сүйемен. Тек мен емес, ал ҳақыйқатты билгенлердиң ҳєммеси де сизлерди сүйеди.
2. Себеби бизлерде ҳақыйқат бар ҳєм ол бизлер менен мєңги бирге болады.
3. Єкемиз Кудайдан ҳєм Єкениң Улы Ийса Масихтан келген мийрим, реҳим ҳєм тынышлық, бизлерде ҳақыйқатлық ҳєм сүйиспеншилик арқалы бирге болсын.
4. Сениң балаларыңның арасындағы гейбиреўлериниң Єкемизден алған буйрық бойынша ҳақыйқат жолы менен жүргенин билип, қатты қуўандым.
5. Енди сеннен ѳтинемен, қымбатлы ханым, ҳєммемиз бир-биримизди сүйейик. Мен саған жаңа буйрықты емес, бизлер єўел бастан қабыл еткен буйрықты жазып атырман.
6. Сүйиспеншилик – бул Кудайдың буйрықлары бойынша жасаў. Єўел бастан еситкениңиз сыяқлы, Оның буйрығы – сүйиспеншилик пенен жасаўдан ибарат.
7. Дүнья жүзинде Ийса Масихтың адам денесинде келгенин тєн алмайтуғын кѳплеген алдаўшылар пайда болды. Бундай адам – алдаўшы ҳєм Масихқа қарсы турыўшы.
8. Мийнетимиздиң жемисин жойтпай, ылайықлы сыйлық алыўыңыз ушын ѳзлериңизге сақ болыңлар.
9. Масихтың тєлийматы менен жасамай, шектен шығып кеткен адамда Кудай жоқ. Оның тєлийматы менен жасайтуғын адамда ҳєм Єке, ҳєм Ул бар.
10. Егер ким де ким сизлерге келип, бул тєлийматты єкелмесе, оны үйлериңизге қабыл алмаңлар, оған сєлем де бермеңлер.
11. Ѳйткени оған сєлем берген адам оның жаман ислерине шерик болған болады.
12. Сизлерге жазатуғын кѳп нєрселерим бар, бирақ оларды қағаз бетине сыя менен жазыўды қєлемеймен. Куўанышымыз толы болыўы ушын жаныңызға келип, жүзбе-жүз сѳйлесемен деген үмиттемен.
13. Кудай таңлаған сиңлиңниң балалары саған сєлем айтып атыр.